Бул ҳаққында "Дунё" МА хабар бермекте.
Сәўбетлесиўлер даўамында бул орайлардағы ўатанласларымызды сақлаў шараяты, денсаўлығы ҳәм улыўма жағдайы, аўқатланыўы ҳәм басқа да турмыслық мәселелери үйренилди. Өзбекстан пуқараларына консуллық-ҳуқықый мәселелер бойынша тийисли түсиниклер берилди.
Өзбекстанлылар АҚШқа нызамсыз кирип келгенлиги себепли оларға байланыслы ҳәзирги ўақытта мәмлекеттен шығарып жибериў бойынша суд процеси алып барылып атырғанлығын мәлим етти. Усы мүнәсибет пенен оларды тез ўақыт ишинде елимизге қайтарыўға жәрдем бериўди сорап мүрәжат еткен.
Дипломатлар өз ўәкилликлери шеңберинде пуқараларды Өзбекстанға қайтарыў мәселелери бойынша Америка тәрепи менен тийисли сөйлесиўлер өткериўге, сондай-ақ, зәрүр консуллық ҳүжжетлерин таярлаўда әмелий жәрдем бериўге таяр екенлигин билдирди.
Соның менен бирге, АҚШтың кейинги жыллардағы иммиграция сиясатындағы өзгерислерди есапқа алған ҳалда, сырт елдеги Өзбекстан пуқараларына бул мәмлекетте нызамлы болыў, жергиликли нызамларға қатаң әмел етиў ҳәм нызамсыз ҳәрекетлерден тыйылыў және бир мәрте усыныс етилмекте.
Зәрүр жағдайларда Өзбекстанның Вашингтондағы елшиханасының консуллық бөлими менен төмендеги байланыс каналлары арқалы байланысыў мүмкин:
• Телефон: +1 (202) 887-5300;
Электрон почта: consul.washington@mfa.uz