Қарарға муўапық, 2026-жыл 1-апрельден баслап Нөкис қаласы қурамына киретуғын "Қаратаў" ҳәм "Бестөбе" мәкан пуқаралар жыйынлары турғынлары ушын балаларды мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде сақлағаны ушын ата-аналар төлемине 50 процент муғдарында төменлеўши коэффициент қолланылыўы нәзерде тутылған.
Сондай-ақ, 2027-жыл 1-январьдан 2040-жыл 1-январьға шекем усы аймақта майданы 5 мың квадрат метрден артық болған мийманхана (жайластырыў қураллары) ҳәм саўда комплекслери хызметлерин көрсететуғын исбилерменлер ушын жер ҳәм мүлк салығының 90 процентке азайтылған ставкаларын қолланыў нәзерде тутылған.
2028-жыл 1-январьға шекем:
Қарақалпақстан Республикасындағы коммерциялық банклердиң балансындағы мүлк объектлерин 10 жыл мүддетке (қайта баҳалаў өткерилгеннен кейин) тиккелей сатыў ҳәм процентсиз бөлип-бөлип төлеў шәрти менен базар баҳасында сатыў;
сатылған мүлк объекти ушын 6 ай даўамында толық төлем әмелге асырылғанда алды-сатты шәртнамасы баҳасының 25 проценти муғдарында шегирме бериў.