Демек, жасалма интеллект раўажланған сайын оған итибар да күшейип бармақта. Оны тәртипке салыў, глобал муўапықластырыў зәрүрлиги барған сайын айқынласып бармақта. Сол себепли Президентимиз денсаўлықты сақлаў, билимлендириў, мәденият тараўларында жасалма интеллекттен пайдаланыўға байланыслы әмелий шешимлер ҳәм моделлерди бийғәрез алмасыўға қаратылған халықаралық бирге ислесиў механизмин жаратыўды усыныс етти.
Заманагөй технологиялар қаншелли зәрүр екенин бүгинги раўажланыў дәўири айқын көрсетпекте. Бул тәреп жақында Президентимиздиң елимизде жасалма интеллект технологияларын раўажландырыў ҳәм оларды экономика және социаллық тараўларға кеңнен енгизиў бойынша презентация менен танысыў ўақтында да айрықша атап өтилди. Дүньяда жасалма интеллект технологиялары экономика, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, қәўипсизлик ҳәм басқа да әҳмийетли бағдарларда тийкарғы қуралға айланып атырғаны атап өтилди.
Жасалма интеллект машқалаларды шешиў ҳәм дөретиўшилик пикирлеў қәбилети арқалы инновациялық шешимлерди усынады. Бул жетискенликлер глобал раўажланыў жолындағы әҳмийетли қәдем болып есапланады. Соның ишинде, мәмлекетимизде жасалма интеллектти раўажландырыў бойынша әҳмийетли илажлар көрилмекте. Соның ишинде, Жасалма интеллект технологияларын 2030-жылға шекем раўажландырыў стратегиясы қабыл етилди, тараў ҳәм тармақларда 86 дан аслам жойбарларға старт берилди. Сондай-ақ, ҳәзир жасалма интеллект жойбарлары ушын зәрүр “GPU” кластерлерин иске қосыў илажлары көрилмекте.
Жасалма интеллект технологияларын 2030-жылға шекем раўажландырыў стратегиясында денсаўлықты сақлаў ең әҳмийетли тараўлардан бири сыпатында атап өтилген.
- Ҳәзирги ўақытта бул бағдарда әмелий жумыслар басланған, - дейди Санлы технологиялар министрлигиниң бас қәнигеси Жамила Бердиева. - Атап айтқанда, медициналық диагностикада жасалма интеллект тийкарында ислейтуғын программалар жәрдеминде компьютер томографиясы ҳәм рентген сүўретлери талланып, өкпе, жүрек кеселликлери, онкологиялық процесслер ерте басқышта анықланбақта. Бул шыпакерлердиң тез ҳәм анық қарар қабыл етиўинде қолайлы болады. Фармацевтика тараўында болса дәри-дәрмақ сынағы ҳәм жаңа препаратлар ислеп шығыўда қолланылмақта.
Глобал санлы бәсеки шараятында медицина тараўында жасалма интеллекттен пайдаланыў диагностика ҳәм емлеў процесин жеделлестириў менен бирге, халықтың саламатлығын толық қадағалаўға алыў, қәўип факторларын алдыннан прогнозлаў ҳәм миллий денсаўлықты сақлаў сиясатын стратегиялық басқарыў имканиятын береди. Айтайық, инсульт ең көп ушырасатуғын ҳәм аўыр ақыбетлерге алып келетуғын кеселликлерден есапланады. Соңғы жыллары бул кеселликтиң алдын алыў ҳәм емлеўде де жасалма интеллект технологияларынан нәтийжели пайдаланылмақта.
- Инсульт ҳәр бир наўқаста ҳәр қыйлы өтеди. Сол себепли, оның ақыбетлери де өзине тән болады, - дейди профессор Ёқутхон Мажидова. - Жасалма интеллекттиң ең үлкен абзаллығы сонда, ол наўқастың жағдайын терең таллап, тиклениў тезлигин болжайды ҳәм сол тийкарда индивидуал реабилитация бағдарламасын ислеп шығады. Бул бир тәрептен ўақыт ҳәм ресурсларды үнемлейди, екиншиден, нәтийжелиликти арттырады.
Реабилитация процеси көп ўақыт талап етеди. Бунда наўқастың руўхый жағдайы үлкен әҳмийетке ийе. Жасалма интеллект технологиялары наўқастың қәтелерин бақлап, оларды дәрҳал дурыслайды, шынығыўлардың қызықлылығын арттырады. Усы тәризде наўқастың емлениў тәртибине қатаң әмел етиўин тәмийинлейди. Бул болса шыпакер ушын үлкен жәрдем.
Әлбетте, жасалма интеллект шыпакердиң орнын баса алмайды. Ол тек ғана жәрдемши қурал. Себеби наўқас пенен байланысыў, руўхын көтериў, исеним оятыў ўазыйпасын ҳеш қандай технология орынлай алмайды. Бирақ жасалма интеллект қайта-қайта тәкирарланатуғын ўазыйпаларды орынлаў арқалы шыпакердиң жумысын жеңиллестиреди, инсанға толық итибар қаратыў имканиятын береди.
Инсульт ҳәм инфарктке алып келиўши гипертония, жүрек-ишемик кеселлиги ҳәм де қантлы диабет көпшилик наўқасларды майип етпекте. Басланғыш буўында жасалма интеллектти қолланыў болса усы кеселликлердиң алдын алыўға хызмет етеди. Оның жәрдеминде инсульт белгилерин ерте анықлаў ҳәм кеселликтен кейинги реабилитация неврологияда жаңа дәўирди баслап бермекте. Усы тәризде жасалма интеллект инсульттан кейинги өмирди жеңиллетиў, наўқасларды жәмийетке қайтарыўда шексиз жәрдемшиге айланбақта.
Ең тийкарғысы, инсан саламатлығы ҳәм өмирин сақлап қалыўда жаңа имканиятлар есигин ашпақта. Келешек медицинасы дәстүрий усыллар ҳәм жаңа технологиялардың үйлесимлилигинде жаратылады.
Бүгин радиологияда, рентген ямаса МРТ сүўретлерин таллаўда да жасалма интеллект қолланылмақта. Бул сүўретлердиң анықлығын арттырыў ямаса тез диагноз қойыўға имканият бермекте. Қалаберди, ҳәзирги ўақытта шаңарақлық ҳәм көп тармақлы орайлық поликлиникаларға қәдем қойыўыңыз бенен жасалма интеллектке дусласасыз. Мысал ушын, диагнозыңыз ямаса шағымыңызды санлы системаға киргизиў арқалы сизге қайсы шыпакер керек екенин жасалма интеллект болжап, керекли усыныслар береди.
Буннан тысқары, UNICON.UZ жаңа санлы технологияларды оқытыў орайының қәнигелери тәрепинен жаңа қурылма ислеп шығылған. Жасалма интеллект модели жазылған бул технология аралықтан турып дене температурасы, қан басымы, организмде алкоголь затының бар-жоқлығы ҳәм стресс жағдайын анықлайды.
Келешекте жасалма интеллект тек ғана диагноз ҳәм емлеў қуралы емес, ал мәмлекеттиң денсаўлықты сақлаў сиясатында да әҳмийетли қарар қабыл етиў механизми сыпатында хызмет етеди.
Жасалма интеллекттиң билимлендириўдеги орны да итибарға ылайық. Соңғы жыллары билимлендириў платформаларына жасалма интеллекттиң интеграцияланыўы себепли интерактив сабақлықлар, автоматластырылған тест системалары, билимлендириў процесин реал ўақыт режиминде мониторинг етиў имканияты пайда болды.
Елимизде кейинги оқыў жылынан жоқары классларға жасалма интеллект бойынша сабақлар киргизиледи. Буның ушын 2000 класс ханасы компьютер ҳәм интерактив доскалар менен тәмийинленеди.
Жасалма интеллект жоқары билимлендириўди модернизациялаўда да әҳмийетли орын ийелейди. Ол билимлендириў процесин таллаў, кемшиликлерди анықлаў ҳәм дүзетиў бойынша усыныслар береди. Оқыўшылардың билимин анализлеп, индивидуал сабақ жобалары ҳәм усынысларын усыныс ете алады. Муғаллим жүгин жеңиллестиреди.
Мәмлекетимизде заманагөй билим ҳәм санлы көнликпелерге ийе қәбилетлилерди қәлиплестиретуғын мәлимлеме технологиялары билимлендириў экосистема жаратылмақта. Ҳәзир базарда 120 мыңнан аслам заманагөй пикирлейтуғын, шет тиллерди билетуғын креатив қәнигелер бар. Келешекте бундай қәнигелерди 300 мыңға шекем жеткериў нәзерде тутылған.
Буның ушын жасларды мектеп басқышында-ақ халықаралық мәлимлеме технологиялары мийнет базарына таярлаўға қаратылған "Ал-Хорезмий мийрасхорлары" жойбары жолға қойылып, алыс аймақларда IТ қалашалар шөлкемлестирилмекте.
- Бундай қалашаларда жаслар шет тили ҳәм заманагөй технологиялар бойынша билимин бийпул арттырып келмекте, - дейди Санлы билимлендириў ресурслары орайының директоры Азамат Эшонқулов. - Усы жылдан олардың оқыў бағдарламасына пүткиллей жаңа бағдар - жасалма интеллект сабақлары киргизиледи. Мысал ушын, ChatGPT, DeepSeek, Gemini ҳәм басқа да платформалардан дурыс пайдаланыў бойынша көнликпелер, видео сүўрет, ҳәр қыйлы презентацияларды қәлиплестиретуғын платформалар бар. Олардан пайдаланып фрилансерлик пенен шуғылланыў, өзин-өзи бәнт етип, пул табыў имканиятына ийе болыў ушын жасалма интеллект бойынша билим алыў әҳмийетли.
Жасалма интеллект жәмийетлик турмыстың ажыралмас бөлеги болып хызмет етип атырған бир ўақытта оннан ақылға уғрас пайдаланып, мәмлекеттиң раўажланыўына үлес қосатуғын, креатив идеяларды алға қоятуғын, қәбилетли қәнигелерге талап жоқары болып қалмақта. Халық, әсиресе, жаслардың жасалма интеллект тараўындағы билим ҳәм көнликпелерин арттырыў мақсетинде БАӘ менен биргеликте "Бир миллион жасалма интеллект жетекшилери" бағдарламасы иске қосылды. Бул жойбар платформасында бес бағдар бойынша сабақлықлар жайластырылған. Мақсет - үш жылда бир миллион жастың жасалма интеллекттен пайдаланыў бойынша көнликпелерин арттырыў.
Рисолат МАДИЕВА,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы








