Дослық, аўызбиршилик сөз ҳәм әмел бирлиги менен беккем болады

    Бүгинги глобалласыў процесинде ҳәр бир мәмлекет өзиниң сиясий, социаллық-экономикалық ҳәм мәдений раўажланыўын турақлы тийкарда тәмийинлеўди тийкарғы ўазыйпа деп биледи.

    Атап айтқанда, көп миллетли жәмиетлерде миллетлераралық татыўлық, диний кеңпейиллик ҳәм социаллық турақлылық - раўажланыўдың ең әҳмийетли бағдарларынан бири болып есапланады. Усы мәнисте, Президентимиз Шавкат Мирзиёев тәрепинен алға қойылған "Өзбекстан - көп миллетли татыў шаңарақ" идеясы бүгинги күнде тек идеологиялық емес, ал әмелий турмыслық норма дәрежесине көтерилди.

    Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети жәмәәти де бул ийгиликли идеяны өз жумысының тийкары сыпатында қабыл етип, елимизде жасап атырған барлық миллет ҳәм халық ўәкиллери арасында дослық, тынышлық, татыўлық ҳәм өз-ара ҳүрмет орталығын беккемлеўге үлкен үлес қосып келмекте. Бүгинги күнде университетимизде он алтыдан аслам миллет ҳәм халық ўәкиллери билим алмақта. Онда қарақалпақ, өзбек, рус, қазақ, тәжик, татар, корейс ҳәм басқа миллет ўәкиллери биргеликте илим, билимлендириў, спорт ҳәм мәденият тараўларында жумыс алып бармақта. Университетимизде жаратылған мәдениятлараралық қарым-қатнас орталығының унамлы нәтийжесин студентлердиң еркин пикирлеўи, ашық-айдын пикирлесиўи ҳәм дослық қатнасықларында да айқын көриў мүмкин. Университетте барлық миллет ўәкиллери ушын теңдей шараят жаратылған болып, билимлендириў қарақалпақ, өзбек, қазақ, түркмен, рус ҳәм инглис тиллеринде алып барылады. Бул болса түрли миллет ўәкиллери арасында билим алыўда теңлик ҳәм қолайлылықты тәмийинлеп, улыўма мақсетке биргеликте ҳәрекет етиўге тийкар жаратпақта.

    Университетимизде миллетлераралық татыўлықты тәмийинлеў мақсетинде "Миллетлераралық татыўлық, аўызбиршилик ҳәм халықлар дослығы", "Өзбекстан - улыўма үйимиз", "Биз бир шаңарақ перзентлеримиз", "Өзбекстан - көп миллетли татыў шаңарақ", "Дослық күни" сыяқлы илажлар турақлы өткериледи. Усы арқалы түрли миллетлердиң мәдений мийрасын өз-ара таныстырыў ҳәм үгит-нәсиятлаў дәстүри жолға қойылған. Сондай-ақ, университеттеги студентлер театры студиялары, "Ҳурлиман" халық ансамбли ҳәм дөретиўшилик топарлардың жумысында түрли миллетлердиң аяқ ойын, қосық ҳәм дәстүрлерин сәўлелендирген сахналық көринислер көрсетиледи.

    Буннан тысқары университетимизде ҳәр жылы дәстүрий тәризде өткерилип атырған "Халықлар дослығы" фестивалы барлық миллет ҳәм халық ўәкиллериниң өзине тән мәдениятын бир сахнада жәмлеп, студент-жаслар арасында ҳақыйқый дослық ҳәм кеңпейиллик руўхын беккемлемекте. Быйыл "Өзбекстан - көп миллетли татыў шаңарақ" сүрени астында өткерилген халықлар дослығы фестивалында республикамыздағы миллий-мәдений орайлар, университеттиң профессор-оқытыўшылары, студент-жаслар менен бирге, Наманган мәмлекетлик техника университети ҳәм Үргенш мәмлекетлик университетиниң делегациялары да қатнасып, илаждың көлеминиң кеңлигин көрсетти. Бул жағдай елимиз бойлап жаслар ҳәм зыялылар арасында миллетлераралық дослық байланыслары барған сайын беккемленип атырғанынан дәрек береди. Илажда шығып сөйлегенлер Өзбекстан раўажланыўының тийкары - бул турақлылық, тынышлық ҳәм халықлар арасындағы дослық екенин атап өтти. Бундай орталықта жасап атырған ҳәр бир инсан өз потенциалын толық көрсетип, жәмийетте белсене қатнасады, ертеңги күнге исеним менен қарайды. Фестивалдың ең жарқын ҳәм есте қаларлық бөлеги, әлбетте, жаслардың қатнасыўында болып өтти. Университет студентлери тәрепинен таярланған сахналық көринислер, театр шығармалары, миллий қосықлар ҳәм аяқ ойынлар арқалы олар дослық, тынышлық ҳәм аўызбиршилик сыяқлы улыўма инсаныйлық қәдириятларды жоқары шеберлик пенен сәўлелендирди. Қарақалпақ, өзбек, қазақ, рус, түркмен ҳәм басқа миллет ўәкиллеринен ибарат студент-жаслар бир шаңарақтай бирлесип, өз мәденияты, тили ҳәм үрп-әдетлерин көрсетип берди. Бул сахналар арқалы олар тек ғана көркем өнер үлгилерин көрсетип қоймастан, ал ғәрезсиз Өзбекстанның тийкарғы байлығы - миллетлераралық татыўлық екенин әмелде дәлилледи. Фестиваль студент-жаслар қәлбинде ўатансүйиўшилик, инсаныйлық, өз-ара ҳүрмет ҳәм аўызбиршилик сезимлерин күшейтиў, түрли миллет ўәкиллериниң бир-бирине болған исенимин беккемлеўдей үлкен мақсетти гөзлеген еди.

    Биз де июнь айында Наманган мәмлекетлик техника университетиниң мирәт етиўине бола 64-Халықаралық гүллер фестивалында қатнастық. Мәмлекетимизде ҳәм сырт елде жасап атырған түрли миллет ўәкиллериниң мәдений бирге ислесиўи ҳәм дослық байланысларын және де беккемлеў мақсетинде шөлкемлестирилген абырайлы илаж қатнасыўшылары арасында Қарақалпақ мәмлекетлик университети жәмәәтиниң орны да айрықша әҳмийетке ийе болды.

    Фестиваль даўамында университетимиздиң қәбилетли студентлери, атап айтқанда, "Ҳурлиман" халық ансамблиниң ағзалары түрли миллетлердиң халық қосықларын, аяқ ойын көркем өнери үлгилерин атқарды. Миллий липасларды көрсетип алғысларға еристи. Илаж мийманлары ушын умытылмас мәўритлерди усынған бул шығыўлар миллетлераралық татыўлық ҳәм аўызбиршилик идеясының әмелий көриниси болды.

    Соның менен бирге, бул сапар етиў мәдений-дөретиўшилик бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеўге хызмет етти. Бул бағдарда еки университет арасында студентлер алмасыўы, қоспа концертлер, илимий-ағартыўшылық ушырасыў ҳәм жойбарлар шөлкемлестириў режелестирилди.

    Бундай илажлар арқалы Өзбекстанның халықаралық майдандағы унамлы имиджи де қәлиплесип барады. Өйткени, Ўатанымызда 130 дан аслам миллет ҳәм халық ўәкиллери бир мақсет жолында жасап мийнет етпекте. Ҳәр бир миллеттиң мәдений мийрасы, дәстүр ҳәм қәдириятларына ҳүрмет пенен қараў, оларды қәстерлеп сақлаў мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарына айланған. Фестиваль шеңберинде мийман делегациялар менен бирге ислесиў байланыслары да беккемленди. "Өзбекстан - көп миллетли татыў шаңарақ" фестивалы жасларды жақсы идеяларға жетеклеўши, ўатанласларымыз арасындағы исеним, мийрим-шәпәәт ҳәм аўызбиршиликти беккемлеўши әҳмийетли фактор болып есапланады. Соның ушын ҳәр бир ўатанласымыз өзин мәмлекетимиздиң тең ҳуқықлы ҳәм ҳүрметке ылайық ағзасы екенин жүректен сезинип жасамақта. Сондай елде жасаў - бахыт, сондай жерде билим алыў - мақтаныш.

    Университет басшылары студентлердиң жасаў шараяты, билим алыўы ҳәм социаллық қорғалыўын турақлы қадағалайды. Түрли миллет ўәкиллери болған студентлердиң аўызбиршилигин және де беккемлеў ушын университет жатақханаларында "Биз бир шаңарақ перзентлеримиз" сүрени астында руўхый илажлар шөлкемлестириледи. Соның менен бирге, университетимизде жумыс алып барып атырған жүзден аслам тюторлар тәрепинен ҳәр бир топарда миллетлераралық татыўлық, ўатансүйиўшилик, ўатанға садықлық руўхында руўхый-ағартыўшылық жумыслар алып барылмақта. Ҳәптениң жума күнлери болса "Руўхыйлық сааты" шеңберинде сөйлесиўлер шөлкемлестириледи. Бул сөйлесиўлер арқалы студентлерде социаллық белсендилик, миллетлераралық кеңпейиллик, мәдений ҳәр түрлиликке ҳүрмет сезими қәлиплеспекте. Ҳақыйқатында да, "Өзбекстан - көп миллетли татыў шаңарақ" идеясы бүгин тек ғана сүрен емес, ал ҳәр бир ўатанласымыздың турмыс тәризине айланған. Университетимизде алып барылып атырған жумыслар бул идеяның қаншелли турмыслық ҳәм заманагөй екенлигин тастыйықлайды.

    Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети жәмәәти бул идеяның турмыслық ҳәм әмелий көринисин беккемлеўде, жасларды миллетлераралық татыўлық руўхында тәрбиялаўда, кеңпейиллик мәдениятын раўажландырыўда бәрқулла алдынғы қатарда болыўға умтылады.

    Ҳәр бир ўатанласымыз, ҳәр бир студент-жас бул елди өзиниң бирден-бир Ўатаны деп билип, миллети ҳәм динине қарамастан, ана Өзбекстан раўажланыўы ушын бар күш-ғайратын жумсайтуғынына исенемиз. Себеби биз көп миллетли, беккем, татыў ҳәм пидайы Өзбекстан шаңарағымыз.

    Ахмед РЕЙМОВ,

    Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекети

    университети ректоры, академик

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates