"Дослық" посты арқалы жүклер электрон гезек пенен өткериледи

    24 маусым 2025 1084

    Қырғызстан менен шегарадағы "Дослық" қадағалаў-өткериў пунктинде июль айынан электрон нәўбет системасы енгизиледи.

    Қырғызстан Бажыхана хызмети баслығының мәлим етиўинше, енди шегараны кесип өтиў ушын айдаўшылар өзине қолайлы ўақытты таңлап, мобил телефон арқалы электрон гезекке турыўы мүмкин.

    Бундай система дәслеп Қызыл-Қиядағы қадағалаў-өткериў пунктинде сынақ тәризинде енгизилген болып, жойбар жақсы нәтийжелерди көрсеткен, қадағалаў-өткериў пунктиниң өткериў қәбилети бир неше есеге артқан.

    Қырғызстан Бажыхана хызмети баслығының қосымша етиўинше, кейин ала бул жойбар барлық қадағалаў-өткериў пунктлеринде кеңейтиледи. Ҳәзирги ўақытта қырғыз-қазақ шегарасында электрон нәўбетти енгизиў мәселеси ислеп шығылмақта.

    Мағлыўмат ушын, "Дослық" қадағалаў-өткериў пункти ең тығызлардан бири есапланып, ол Ош ўәлаятында, Қырғызстан ҳәм Өзбекстан шегарасында жайласқан.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates