Бүгин аўыр салмақ категорияларында жеңимпазлар анықланды.
-90 кг салмақтағы беллесиўлердиң финалына еки жерлесимиз жетип барды. Шаҳзодхожа Шарипов ҳәм Нурбек Муртазоев арасындағы беллесиў Шариповтың жеңиси менен жуўмақланды. Сондай-ақ, Маржона Кучимова -78 кг да минберден орын алды.
Алтын медаль:
-90 кг: Шаҳзодхўжа Шарипов;
Гүмис медаль:
-90 кг: Нурбек Муртазоев
Бронза медаль:
-78 кг: Маржона Кучимова
Усы тәризде, дзюдошыларымыз жеке беллесиўлерде 2 алтын, 2 гүмис ҳәм 3 бронза, жәми 7 медаль менен улыўма командалық есапта Япониядан кейин екинши орынды ийеледи.
Ертең аралас командалық бағдарламада беллесиўлер өткериледи.