Усы жылдың 30-май сәнесинен баслап, жәрдемге мүтәж шаңарақлардағы 2 мың ҳаял-қызларға жоқары билимлендириў мәкемелерине қосымша қабыллаў көрсеткишлери шеңберинде усыныс етиў ушын арзалар қабыллаў басланды.
Усыныс хатлар кем тәмийинленген шаңарақлардағы ҳаял-қызларға, толық емес шаңарақта тәрбияланып атырған, яғный әкеси ямаса анасы ямаса олардың екеўи де қайтыс болған социаллық қорғаўға мүтәж қызларға, өмирлик жолдасы қайтыс болған, ер жетпеген перзентин жалғыз тәрбиялап атырған социаллық қорғаўға мүтәж ҳаял-қызларға, майып перзенти бар жәрдемге мүтәж шаңарақлардағы ҳаял-қызларға, 2 ҳәм оннан артық перзентин тәрбиялап атырған, туўысқанларынан бөлек жасап атырған жалғыз ҳаяллардың қыз перзентлерине ҳәм ата-аналарынан бири ямаса екеўи де биринши ямаса екинши топар майыбы болған жәрдемге мүтәж шаңарақлардағы ҳаял-қызларға бериледи.
Талапкерлердиң арзалары 10-июньға шекем район (қала) лық Жумысшы топарлар тәрепинен белгиленген тәртипте көрип шығылады. Усыныслар электрон түрде 15-июньға шекем өз ийелерине жеткериледи.
Мағлыўмат ушын, бул усыныслар ЖООна кириўде ҳеш қандай балл қосып бермейди, усыныс алыў абитуриенттиң 100 процент оқыўға кириўин кепиллемейди. Өткен жылы усыныс берилген, бирақ оқыўға кире алмаған ҳаял-қызлар усы жылы және қайта мүрәжат етиўи мүмкин.
