Дәслепки нәтийжелер

Бүгин республикамыздың 11 жазаны орынлаў мәкемесинде 18-30 жас аралығындағы 300 ден аслам судланыўшы инглис тили ҳәм заманагөй кәсип-өнерлерди үйренбекте. Қысқа мүддет — бес ай даўамында қолға киргизилген дәслепки нәтийжелердиң өзи-ақ жойбардың қаншелли нәтийжели екенин көрсетпекте.

Жойбар шеңбериндеги шынығыўлар 2026-жыл 1-июньнен Ташкент, Наўайы ҳәм Қашқадәрья ўәлаятларында басланған еди. Тест сынақлары ҳәм аўызеки сәўбетлесиў арқалы таңлап алынған 311 қамақтағылар өткен дәўир даўамында шет тили ҳәм компьютер саўатлылығы курслары бойынша интенсив билим алды.

Инглис тилиниң "А1" дәрежеси ҳәм "Компьютер саўатлылығы" курслары бойынша жуўмақлаўшы қадағалаў өткерилди. Нәтийжелер тыңлаўшылардың 88,6 проценти инглис тили, 79,5 проценти компьютер саўатлылығы бойынша басланғыш билимлерди табыслы өзлестиргенлигин көрсетпекте.

Ең жоқары нәтийжелер Қашқадәрья ҳәм Наўайы ўәлаятларында атап өтилди: Соның ишинде, Қашқадәрьяда инглис тилиниң "А1" дәрежесин өзлестириў 96,6 процентти, компьютер саўатлылығы бойынша болса 98,3 процентти қурады. Наўайыда бул көрсеткиш сәйкес түрде 98,9 ҳәм 87,5 процентке тең болды.

Қамақтағылардың билим дәрежеси оларға сабақ берген қәнигелер тәрепинен анықланбайды. Қалыслық ҳәм ашық-айдынлықты тәмийинлеў мақсетинде процесске айрықша экспертлер тартылып, қадағалаў сынақлары арнаўлы платформада ҳәр айда өткерилип келинбекте. Жазаны орынлаў мәкемелери арасында 100 процентлик нәтийжеге ерисилгенлери де бар. Атап айтқанда, Қызылтепадағы 5 ҳәм Қаршыдағы 3-колонияларда еки курс бойынша өзлестириў 100 процентти қурады. Бул көрсеткишлер тыңлаўшылардың билимлендириўге қаншелли дыққат пенен қарап атырғанын ҳәм бул жойбарды келешегин өзгертиў жолындағы ҳақыйқый имканият сыпатында қабыл етип атырғанын көрсетеди.

Президент басламасы менен басланған ийгиликли ис

Президентимиз 2026-жыл 24-февраль күни "Көксарай" резиденциясында жаслар менен өткерилген сөйлесиўде жаза мүддетин өтеп атырған жаслардың жәмийетке тез бейимлесиўи әҳмийетли екенлигин атап өтип, "Екинши имканият" улыўма миллий жойбарының басланатуғынын жәриялаған еди. Усы жылдың 27-март күни болса бул бойынша Президентимиздиң қарары қабыл етилди. Қарар еки мақсетке: азатлыққа шыққан инсан жумыссыз ҳәм таянышсыз қалмаўы, сондай-ақ, қайтадан жынаят ислеўдиң алдын алыўға қаратылған. Бул жойбар бир ғана қәте себепли инсан келешегине ноқат қойылмаўы керек, деген ийгиликли идеяға тийкарланған. Себеби ҳақыйқый әдиллик тек ғана жазалаўда емес, ал инсанға дурыс жолға қайтыўы ушын имканият бериўде көринеди.

"Екинши имканият" жойбары дәслеп пилот тәризинде үш аймақта басланған болса, 2027-жылдан республикамыздағы барлық жазаны орынлаў мәкемелерин толық қамтып алады.

Ең әҳмийетлиси, мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатланатуғын, адасып жынаят көшесине кирген инсанларды жәмийетке толық қайтарыўға, бул арқалы олардың келешегин жақсылаўға қаратылған бундай комплексли реабилитация системасы тек ғана елимизде емес, ал пүткил Орайлық Азия регионында улыўма бирден-бир баслама болып есапланады.

Негизинде еркинен айырылған шахсларға ИТ ҳәм санлы тараўларды үйретиў халықаралық тәжирийбеде жүдә аз ушырасады. 2014-жылы Калифорниядағы Сан-Квентин қамақханасында басланған “The Last Mile / Code.7370” жойбары қамақтағыларға программаластырыўды үйретиў бойынша дүньядағы ең белгили мәмлекетлик емес бағдарлама болып есапланады. АҚШ тәжирийбеси тийкарында Уллы Британияда "Code4000" жойбары жүзеге келген ҳәм Австралия, Франция, Чили ҳәм Жаңа Зеландия сыяқлы мәмлекетлерде де айырым мәкемелерде сынақ түринде қолланылған.

Сырт елде бундай бағдарламалар әдетте мәмлекетлик емес шөлкемлер тәрепинен шекленген тәризде өткерилсе, Өзбекстанда "Екинши имканият" жойбары Президентимиздиң қарары тийкарында миллий дәрежеде, республикадағы жазаны орынлаў мәкемелерин толық қамтып алған ҳалда өткерилмекте. Жойбарда қатнасып, билим ҳәм көнликпелерди табыслы өзлестирген питкериўшилерди кепилликли жумыс пенен тәмийинлеў мәмлекетимизде алып барылып атырған күшли социаллық сиясаттың және бир айқын көриниси болып есапланады. Әйне усы тәреплерине бола, "Екинши имканият" жойбарын дүнья көлеминде уқсасы жоқ деп биймәлел айтыў мүмкин.

Ең әҳмийетли мағлыўматлар

"Екинши имканият" жойбары 18-30 жастағы қамақтағыларға мөлшерленген болып, оған оғада аўыр жынаятларды ислемеген, социаллық қәўипи үлкен болмаған жынаятларды ислеген, биринши мәрте қамаққа алынған қамақтағылар тартылады. Мәлимлеме технологияларынан пайдаланған ҳалда жынаят ислеген шахслардың жойбарда қатнасыўына қатаң руқсат берилмейди.

Оқыў сабақлары 8-12 айлық интенсив бағдарламалар тийкарында шөлкемлестирилип, курсларды табыслы тамамлаған тыңлаўшыларға ийелеген кәсиби бойынша республика көлеминде тән алынатуғын электрон тәриздеги тийисли маманлық сертификатлары тапсырылады.

Бағдарлама шеңберинде қамақтағыларға 12 ай даўамында инглис тили (А1-В2) пуқта үйретиледи. Буннан тысқары, оқыў режесинен "Компьютер саўатлылығы", "Компьютер хызмети ҳәм тармақ технологиялары", “Soft skills”, мағлыўматлар аналитикасы, маркетплейслерде исбилерменлик көнликпесин қәлиплестириў бойынша курслар орын алған.

Мәмлекетлик ҳәм жеке сектор бирге ислесиўи

"Екинши имканият" жойбары толық “UNICON-SOFT” ЖШЖ қаржылары есабынан қаржыландырылады ҳәм мәмлекетлик бюджеттен қаржы талап етилмейди. Оқытыўшылардың мийнет ҳақысы, оқыў ханаларын үскенелеў (компьютер топламы, электрон доскалар, оқыў мебели ҳәм басқалар) ҳәм методикалық әдебиятлар менен тәмийинлеўден баслап, қамақтағыларға керекли әпиўайы дәптер ҳәм ручкаға шекем — барлық шөлкемлестириў ҳәм материаллық қәрежетлерди компания өз мойнына алған.

2026-жылдың 29-август күни ИИМ Жазаны орынлаў департаменти, “UNICON-SOFT” ЖШЖ, Ватан университети, “MAAB Innovation” ҳәм “SZS Trucking” компаниясы арасында қол қойылған меморандумлар шеңберинде Ватан университети ҳәр жылы жойбардың ең табыслы питкериўшисин 100 процентлик грант тийкарында 4 жыл бийпул оқытыў басламасын алға қойды.

"Microsoft" компаниясының Өзбекстандағы биринши рәсмий шериги болған “MAAB Innovation” компаниясы компьютер саўатлылығы ҳәм инглис тилин жақсы өзлестиргенлер ушын мағлыўматларды таллаў бойынша арнаўлы бағдарлама бойынша бийпул оқытыў тилегин билдирди. “SZS Trucking” компаниясы болса ҳәр жылы инглис тилин жақсы өзлестирген питкериўшилерди қысқа курсларда оқытып, өзине жумысқа қабыл етиў усынысы менен шықты.

Булардың барлығы "Екинши имканият" улыўма миллий реабилитация жойбары әмелде ҳәр бир судланыўшының келешегин жақсы тәрепке өзгертиўге қаратылғанын көрсетеди.

Ең әҳмийетлиси, жазаны өтеп азатлыққа шыққан жигит-қызлар енди көшеде қалмайды, жумыс излеп сергиздан болмайды — олар жойбар шеңберинде ийелеген заманагөй билим ҳәм кәсиплериниң жәрдеминде дәраматлы кәсип ийесине айланады ҳәм мүнәсип турмыс кешириў имканиятына ийе болады. Бул болса олардың жәмийетке бейимлесиўине, қайтадан жынаятлардың азайыўына хызмет етеди.

Дилёр Ғаниев,

"Екинши имканият" жойбары менеджери