Бул ҳаққында Экология министрлиги хабар берди.
Илаж Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм ықлым өзгериўи министрлиги ҳәм Ишки ислер министрлиги менен биргеликте өткериледи ҳәм 10-майға шекем даўам етеди.
Илаж "Экологиялық қадағалаў ҳаққында"ғы нызамлардың орынланыўын тәмийинлеў, пайдаланыўда болған автотранспорт қуралларының экологиялық жағдайын қадағалаў мақсетинде еки басқышта болып өтеди. Биринши басқыш 10-апрельден 10-майға шекем, екинши басқыш болса 10-августтан 10-сентябрьге шекем (Ташкент қаласында 10-сентябрьден 10-октябрьге шекем) шөлкемлестириледи.
"Таза ҳаўа" айлығы даўамында турақлы түрде ЖПХ пунктлеринде, мәжбүрий техникалық көриктен өткериўде ҳәм көшелерде ҳәрекетленип атырған автотранспорт қураллары тексериледи.
Атап өтилиўинше, экологиялық насаз деп табылған автотранспорт қуралларының айдаўшыларына Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы Кодекстиң 87 ҳәм 125-статьяларына муўапық шара көриледи. Сондай-ақ, "Атмосфера ҳаўасын қорғаў ҳаққында"ғы нызамның 13-статьясына тийкарланып, автотранспорт қуралларынан насазлығы сапластырылғанға шекем пайдаланыў қадаған етиледи.