Қурылып атырған жай қаншелли дәбдебели, қаншелли бийик ҳәм жасаўға қолайлы болмасын, экологиялық машқалалар алдында ҳәммеси жоққа шығады. Буны ҳәзирги күнлерде Ташкент ҳаўасының патасланыўы мысалында, қалаберди, өз күнделикли турмысымызда көрип, денемизде сезип атырмыз.

Негизинде климат өзгериўи, глобал ысыў, жаўын-шашынның кескин азайыўы, мәңги музлықлардың ериўи, тоғай ҳәм жасыл аймақлардың қысқарыўы, шөлистанлықтың кеңейиўи ҳәм инсанияттың тәбиятқа аяўсыз мүнәсибети бүгинги экологиялық машқалалар мысалында өз сөзин айтпақта.

Соңғы он күнликте дүньяның көплеген ири қалаларында ҳаўа сапасы кескин төменлеп, адамлардың денсаўлығы ушын қәўипли дәрежеге шыққаны атап өтилмекте. Соның ишинде, пайтахтымыздың ҳаўасында да зыянлы майда бөлекшелер муғдары кескин артқан.

Регион ушын мәўсимлик жағдай

"Өзгидромет" басшысы Шерзодхожа Ҳабибуллахожаның түсиндириўинше, бул жағдай бир ўақыттың өзинде күшейип көринген бир неше тәбийғый факторға байланыслы. Атап айтқанда, биринши фактор - кескин температура алмасыўы ҳәм инверсия. Ноябрьдиң соңғы он күнлигинде ҳаўа температурасы тез өзгерди. Ыссы күнлерден суўық күнлерге өтиў дәўиринде инверсия деп аталыўшы тәбийий процесс жүзеге келеди. Инверсия ўақтында суўық ҳаўа төменде, ыссы ҳаўа жоқарыда қалады ҳәм ҳаўа қабатлары араласпайды. Сол себепли, майда бөлекшелер төменги ҳаўа қатламында топланып, қысқа ўақытта концентрация кескин артады. Бул процесс Ташкент, Алмата, Бишкек, Душанбе сыяқлы қалаларда ҳәр жылы ноябрь-февраль айларында бақланады.

Екинши фактор - жаўын-шашын жоқ екенлиги. Ноябрь айының басынан берли Ташкентте дерлик жаўын жаўған жоқ. Үшинши фактор - арид процесслердиң күшейиўи ҳәм тәбийғый шаңланыў. Өзбекстан тәбийий тәрептен қурғақ ҳәм ярым қурғақ климат аймағында жайласқан. БМШ экспертлери бул регионды дүньяда қурғақшылық процесслери ең тез өтип атырған мәканлардан бири сыпатында атап өткен. Сонлықтан, регион ушын майда бөлекшелердиң белгили дәрежеде сақланып турыўы тәбийғый ҳәм мәўсимлик жағдай болып есапланады.

Себеп ҳәм ақыбетлер

Экология ҳәм климат өзгериўи миллий комитети қәнигелери де Ташкент қаласында ҳаўа патасланыўының себеплерин ҳәм тәсир етип атырған факторларды үйренди. Таллаў нәтийжелеринен келип шығып, комитет пайтахтымызда ҳаўа патасланыўының себеплери ҳәм қурамы, сондай-ақ, жағдайды жақсылаў режелери ҳаққында мағлыўматларды усынды.

Комитет ўәкиллери ҳаўа сапасына тәбийғый ҳәм антропоген (инсанның тәбиятқа тәсири менен байланыслы) факторлардың биргеликтеги тәсирин тән алып, инсан саламатлығына тәсир етиўши ең қәўипли түрдеги патасландырыўшы затлар - РМ2,5 (диаметри 2,5 микрометрге шекем) майда дисперс бөлекшелер пайда болыўының тийкарғы дереклерин санап өтти.

Соңғы күнлерде Өзбекстан аймағы температура инверциясы тәсиринде болды.

Комитет ўәкилиниң айтыўынша, соңғы бес жыл даўамында жағдай және де аўырласқан. Климат өзгериўи себепли алдын бундай ҳәдийселер жылына еки-үш мәрте жүз берген ҳәм узақ даўам етпеген.

Комитет мағлыўматларына бола, 2021-жыл ноябрь айында пайтахтты метеобақлаўлар тарийхында биринши мәрте қум-шаң думаны қаплаған. Сонда ол бир неше күн сақланып турған еди. Соннан кейин климат өзгериўи себепли жүзеге келген унамсыз ҳәдийселер тез-тез көзге таслана баслады.

Гидрометеорология илимий-изертлеў институтының директоры Дониёр Турғуновтың айтыўынша, Өзбекстан планетамыздың ең шаңлы аймақларынан биринде жайласқан: мәмлекеттиң 80−85 проценти шөл ҳәм ярым шөллерден ибарат.

- Климат өзгериўи процесслери бурын да ҳаўа қурамына тәсир көрсеткен. Бирақ ҳәзир тәбийий факторлардың күшейиўи антропоген тәсирдиң өсиўи менен бир ўақытқа туўра келди. Буннан тысқары, быйыл күшли қурғақшылық бақланбақта. Өзимиз көрип турмыз: гүзде тек бир мәрте жаўын жаўды. Ноябрь айында жаўын жаўмады. Бул болса атмосфераның тәбийий "жуўылыўы" тоқтаўына алып келди. Нәтийжеде антропоген факторлар тәсириндеги атмосфера процесслери тәбийғый жуўылыў болмағаны ушын үлкен муғдарда турақлылығын сақлап тур, - дейди ол.

Д.Турғуновтың атап өтиўинше, регион кескин континентал аймақта жайласқан болып, бул жерде ҳаўа кескин суўытады ҳәм кескин ысыйды. Өзбекстанда ҳаўа PМ2,5 бөлекшелери менен патасланыўының 36 процентине шекем тәбийғый шаң менен байланыслы ҳәм айырым күнлерде бул үлес 80 процентке жетиўи мүмкин. Шаң қурғақшыл аймақлардан самаллар арқалы келеди.

Изертлеў нәтийжелери

Қәнигелер өткерген изертлеў нәтийжелерине бола, ҳәзир тәбийғый фактор оғада күшейген ҳәм оны ҳаўа сапасын таллаўда есапқа алыў керек. Жаўын-шашын жоқлығы ҳәм ҳаўа температурасының жоқарылығы себепли тәбийғый фон күшейеди, бул болса шөллениў процесслерин кескин тезлестиреди. Өзбекстан, Тәжикстан ҳәм Қырғызстанда музлықлар 30−40 процентке қысқарған, бул болса суў ресурсларының азайыўына алып келмекте. Суўдың азайыўы болса шөллениў процесслерин күшейтпекте. Атап айтқанда, Орайлық Азия мәмлекетлеринде ҳәр минутта 9 квадрат метр майдан шөлге айланбақта.

Климат өзгериўи бойынша миллий орай директоры Фаррух Сатторовтың сөзлерине бола, Ташкент қаласы ҳаўасының патасланыўында тәбийғый шаңның үлеси 36 процент әтирапында. Сондай-ақ, басқа тараўлар - ысытыў (28 процент), транспорт (16 процент), жеңил санаат (7 процент), аўыр санаат (6 процент), қала шаңы (6 процент), шығындылар (1 процент) да оған үлес қоспақта.

Мағлыўматларға қарағанда, Ташкент қаласы әтирапында 6517 ыссыхана болып, олардан 2925 и ислемей тур. 1800 ден аслам ыссыхана фильтрсиз, 100 и фильтр орнатқан. 3592 ыссыхана көмир (айырымлары майдаланған шиналардан пайдаланады), 53 и газ бенен ысытылады. 2822 ыссыхана ушын жанылғы талап етилмейди.

Гүз-қыс мәўсиминде (бес ай) 1 гектар ыссыхананы ысытыў ушын 175 мың куб метр газ талап етиледи. Ыссыханаларға ийе физикалық ҳәм юридикалық тәреплер ушын жәми 104,4 миллион куб метр газ талап етиледи.

Ҳәр күни Ташкент бойлап 1 миллионға шамалас транспорт қуралы ҳәрекетленеди. 650−700 мың автомобиль дизимге алынған ҳәм және 300−350 мыңы ўәлаятлардан кирип келеди. Бес жыл алдын бул сан еки есеге аз болған.

Фаррух Сатторовтың айтыўынша, көп жыллар даўамында ҳаўа патасланыўына ески автомобиллер ҳәм жүк машиналары үлес қосқан. Олардың 34 проценти ямаса 264 мыңы 2010-жылға шекем, 9,6 проценти ямаса 75 мыңы 2000-жылға шекем ислеп шығарылған. Соңғы жыллары электр ҳәм гибрид автомобиллер барған сайын көбейип бармақта, сондай-ақ, көплеген автомобиллер газде ҳәрекетленеди. Жәмийетлик транспорттың үлкен бөлеги экологиялық талапларға жуўап беретуғын транспортқа алмастырылды.

"Шамал гүли" өзгерген

Қәнигелердиң мағлыўматларына бола, қалада "самал гүли" өзгерген. Алдын Ташкентте самал бағыты салыстырмалы турақлы еди. Бирақ бул факторды есапқа алмай бәлент имаратларды ғалаба қурыў ҳаўа айланысын бузды. Ҳаўа ағымлары тосылып қала баслаған.

Самал режиминиң өзгериўине таў жынысларының қурылыс ушын қазып алыныўы себепли дәрьяларда суў қәдди төменлеўи де тәсир көрсетти. Шыршық дәрьясы ҳәм басқа да суў ағымларының қәдди төменлеп, ҳаўа ағымларының суў бети менен өз-ара тәсири төменлеген. Температура өзгериўи ҳәм ҳаўа ҳәрекети бир-бирине байланыслы. Дәрьялардың суўының азайыўы да буған өз үлесин қосты.

Тез илажлар ҳәм анық ўазыйпалар

Мәмлекетимиз басшысы усы қыйын жағдайдан келип шығып елимизде жүзеге келген экологиялық жағдайды жақсылаўға қаратылған "Өзбекстан Республикасы Экология ҳәм климат өзгериўи миллий комитетиниң жумысын шөлкемлестириў илажлары ҳаққында"ғы қарар ҳәм "Ташкент қаласында экологиялық жағдайды жақсылаў бойынша кешиктирип болмайтуғын илажлар ҳаққында"ғы пәрманға қол қойды.

Бул ҳүжжетлерде экологиялық жағдайға жуўап беретуғын структураның басқарыў системасы жетилистирилиўи менен бирге, ўәкилликлери де кеңейтилди. Соның менен бирге, кешиктирип болмайтуғын бир қатар илажлар белгиленди. Атап айтқанда, қарарға муўапық, енди халықты сапалы ҳәм экологиялық таза жанылғы менен тәмийинлеген ҳалда АИ-80 бензинин АЖҚШларда сатыўдың алдын алыў бойынша қатаң қадағалаў орнатылады.

Сондай-ақ, республикада 18 дендрология ҳәм 15 ботаника бағын шөлкемлестириўди нәзерде тутатуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбары ислеп шығылады. Қурылыс ушын ажыратылған объектлерде қурылыс басланыўынан алдын қурылысшы шөлкемлер тәрепинен фон мониторинг станциялары ҳәм онлайн камералар орнатылады. Ташкент қаласы тоғай хожалығы шөлкемлестириледи. Пайтахт ҳәм оның әтирапындағы ыссыханаларды тәбийғый газ бенен турақлы тәмийинлеў бойынша усыныслар ислеп шығылады. Тығыз ўақытларда қалада жүк машиналарының ҳәрекети шекленеди. Имаратларды жойбарлаўда самал бағыты ҳәм тезлигин есапқа алыў талабы қойылады. Терек ҳәм путаларды санитариялық мақсетлерде кесиў ямаса кеспеў ҳаққындағы қарарлар коллегиал даўыс бериў арқалы қабыл етиледи.

Пәрманға муўапық, Ташкент қаласында экологиялық жағдайды жақсылаў бойынша кешиктирип болмайтуғын илажларды әмелге асырыў бойынша арнаўлы комиссия дүзилди. Енди Ташкентте қурылыс майданлары қадағалаўы күшейтиледи. Бир ҳәпте ишинде 500 м² ҳәм оннан үлкен қурылыс майданларында комплексли тексериўлер өткерилип, кеминде 25 проценти көклемзарластырылғаны, суў бүркегишлер орнатылғаны, кириў-шығыў жолларында автотранспорт дөңгелеклери жуўылатуғын ҳәўизлердиң бар екенлиги ҳәм материаллар брезент ямаса ПВХ қапламасы менен жабылған ҳалда тасылып атырғанлығы тексериледи. Шаң ҳәм қумның ҳаўаға көтерилиўине жол қоймаў талаплары қатаң қадағалаўға алынады.

Үлкен қурылыс майданларында мониторинг станциялары мәжбүрий болады. Майданы 1 000 м² дан артық объектлерде мониторинг үскенелерин орнатыў ҳәм Экология комитети системасына жалғаў қурылысты даўам еттириўдиң тийкарғы шәрти етип белгиленди. Сондай-ақ, жол бойларында терек ҳәм путаларды турақлы жуўыў, көп квартиралы турақ жайларда суўғарыў ушын резервуарлар орнатыў илажлары көриледи.

Пайтахтта микроиқлым турақлылығын тәмийинлеў бойынша ири жойбарлар басланады. Үш ай мүддетте қаланың төрт бағдары бойлап кеминде үшеўден жасалма көл ҳәм суў бассейни қурылады. Соның менен бирге, еки ҳәпте ишинде Ташкенттеги фонтанлардың санын кеминде еки есеге көбейтиў бойынша өз алдына бағдарлама ислеп шығылады ҳәм усынылады.

Ыссыханалар бойынша қадағалаў кескин күшейтиледи. Бир ҳәпте ишинде ыссыханаларды тәбийғый газ бенен тәмийинлеў бойынша шәртнамалар дүзиледи. Сондай-ақ, 200 м² дан артық ыссыханаларда шаң тарқатыў ҳәм экологиялық талапларды бузыў менен байланыслы нызамбузыўшылықлар ушын жәриймалар арттырылады, жанылғы жағыў жағдайларында болса объектлерди мәмлекет пайдасына конфискациялаўды нәзерде тутатуғын жынайый жуўапкершилик тәртиби енгизиледи.

2025-жылдың ақырына шекем атмосфера қадағалаўы толық модернизацияланады. 347 автоматластырылған станция сатып алынып, “Air Monitoring Tashkent” системасы Экология комитетиниң басқарыўына өткериледи ҳәм улыўма миллий “Air Monitoring Uzbekistan” платформасына интеграцияланады. Гидрометеорология хызмети станциялары ҳәм "Замин" қоры орнатқан постлар да бирден-бир мониторинг системасына жалғанады.

Көрилип атырған оператив илажлар соңғы бир-еки күнде өз нәтийжесин бермекте. Рәсмий дереклерден жәрияланып атырған мағлыўматларда да атмосферадағы зыянлы майда бөлекшелер муғдары күннен-күнге сезилерли дәрежеде азайып баратырғаны көринбекте. Енди бул бағдарда исленип атырған жумыслардың пәти ҳәм исенимлилиги төменлемеўи әҳмийетли. Сонда ғана ҳаўамыз таза болып, өмиримиз ушын қәўип туўдыратуғын экологиялық машқалалар шегинеди.

Юнус БОРАНОВ,

"Янги Ўзбекистон" хабаршысы