Бул ҳаққында бүгин МҒКАда өткерилген брифингте "Өзсанаатқурылысматериаллары" ассоциациясы мәлимлеме хызметиниң баслығы Жамшид Шерметов мәлим етти.
Онда атап өтилгениндей, ассоциация қурылыс материалларын ислеп шығарыў ҳәм экспортты арттырыў ушын исбилерменлерге жәрдем бермекте. Илажлар арқалы исбилерменлерге халықаралық стандартларға сәйкес сертификатлаў системаларын енгизиў, қамсызландырыў қәрежетлерин қаплаў, сырт ел уйымларында миллий өнимлерди дизимнен өткериў имканиятлары берилмекте.
Жергиликли өнимлердиң санлы рекламасы сырт ел интернет платформаларында, социаллық тармақларда жайластырылыўына жәрдем бериледи. Исбилерменлер ушын өнимлердиң үлгилерин сырт ел қарыйдарларына жибериў ҳәм Өзбекстан Республикасының сырт елдеги ўәкилханалары арқалы жәрдем алыў имканияты да бар. Буннан тысқары, абырайлы халықаралық брендлерди тартыў ҳәм олар менен бирге ислесиў қәрежетлери қапланады.
Жамшид Шерметовтың сөзлерине бола, исбилерменлер ушын өз алдына Факторинг шөлкеми ашылып, 100 миллион доллар ажыратылыўы ҳәм кәрханалардың халықаралық сертификат талапларына бейимлесиўи ушын 20 мың долларға шекемги қәрежетлер қапланыўы нәзерде тутылған. Лаборатория үскенелерин бажыхана бажыларынан азат етиў ҳәм халықаралық маркетплейслерде жергиликли өнимлерди алға қойыў ушын 2 миллион доллар қаратылады.
Мағлыўмат орнында, 2024-жылы қурылыс материалларын ислеп шығарыў бойынша 40 триллион сумлық өним таярланды. Тараўдың мәмлекет санаатындағы үлеси 4,8 процентти қурады. Өткен жылы 2,2 миллиард доллар инвестиция алынды, соннан 1,4 миллиард доллары сырт ел инвестициялары ҳәм кредитлерине туўра келди. Экспорт көлеми болса 840 миллион долларды қураған. Локализациялаў бағдарламасы шеңберинде 3,5 триллион сумлық өним ислеп шығарылды ҳәм реже 104,5 процентке орынланды.