Ҳәзир сырт елдеги ўатанласларымыз арасында логистика компанияларында ислеп атырғанлар көбейген. Ҳәттеки өзбек исбилерменлериниң өзи шет елде әне усындай компанияларды ашып, жүк тасыў хызметлерин көрсетип келмекте. Ҳәр еки шараятта да дәрамат жақсы екени айтылмақта. Себеби, көпшилик мәмлекетлерде жүк машинасын айдаў қара жумыс емес, керисинше, ең дәраматлы жөнелислерден бири. Заманагөй логистика хызметлери кейинги жыллары елимиз әмелиятына да жедел кирип келди.

Мәмлекетимизде барлық тараўлар, атап айтқанда, экспорттың кеңнен раўажланыўы, сырт ел менен ашық-айдын сиясат ҳәм байланыслардың кеңейип атырғаны, Өзбекстан өнимлериниң дәстүрий базарлардан тысқары, Европа мәмлекетлерине кирип атырғаны логистика хызметлерине талапты арттырмақта.

Логистика дегенде, әдетте, өним ҳәм хизметлерди бир ноқаттан екинши ноқатқа жеткерип бериў түсиниледи. Сақлаў, тарқатыў, бөлистириў процеслери де усыған киреди.

Көбинесе экспортёр кәрхана өним яки хызметти шет елге жеткерип бериўге таяр ҳалатқа келтиреди, бирақ оны мәнзилге жеткериў ушын логистика компаниясына мүрәжәәт етип, транспорт хизметлеринен пайдаланыўына туўра келеди. Елимизде бундай хызмет көрсететуғын компаниялар 2016-жылға шекем санаўлы еди. Барлары да ески маркадағы, көп қолайлықларға ийе болмаған жүк машиналарынан пайдаланған. Өнимлер болса тийкарынан қоңсы мәмлекетлерге жиберилген. Гейде жүк машиналары сақлаў талапларына жуўап бермегени ҳәм өним сапасы бузылғаны себепли, буйыртпашы тәрепинен қайтарып жиберилген. Яғный узақ мәмлекетлерге экспорт аз болғаны, өнимлер тийкарынан жергиликли базарларға шығарылғаны себепли логистика компанияларына талап жоқары болмаған.

Ҳәзир бул базарды ири ҳәм заманагөй кәрханалар, ҳәттеки, сырт ел компаниялары ийелемекте. Экспортёр исбилерменлерде таңлаў имканияты кеңейген. Өнимлерин ең тез, сапалы ҳәм халықаралық стандартлар талапларына сәйкес жеткерип беретуғын логистика орайлары менен шәртнамаларға қол қойылмақта. Бундай компаниялар тек ғана транспорт хызметлерин көрсетип қоймастан, ал исбилерменлерди сырт елдеги импортёрлар менен байланыстырып, өз-ара шәртнамаларға қол қойыўына да жәрдем бермекте.

Тийкарғы талап - сапа

Беҳруз Мамажанов үш жылдан берли усы бағдарда жумыс алып бармақта. Ол ислейтуғын “All Time Group” компаниясы тийкарынан литвалы инвесторға тийисли. Кәрхананың елимиздеги филиалы 2021-жылы ашылған. Компанияда транспорт хызметлери көрсетиледи. Дәслеп, тийкарынан, Европа мәмлекетлери ҳәм басқа да мәмлекетлерден өним импорт етилген болса, ҳәзир Өзбекстаннан Европа базарларына жүк жеткерип бериў жеделлескен. Ҳәр айда кеминде 100 жүк машинасында өним экспорт етиледи.

Беҳруз өзбек, рус, инглис ҳәм немис тиллеринде еркин сөйлесе алады. Сол себепли, тийкарынан, қарыйдарлар менен байланысады. Оның айтыўынша, Европа базарында жергиликли өнимлеримизге талап жоқары, тек ғана товар қарыйдарға сапалы жеткерип берилиўи керек. Бул ўазыйпаны логистика компаниясы өз мойнына алады. Яғный, өнимди ислеп шығарыўшыдан қарыйдарға шекем керекли температурада, сапасын сақлаған ҳалда жеткерип бериўге жуўапкер.

- Айырым ири компаниялардың өз жүк машинасы болады ҳәм сыртқы дәрекке мүтәжлик сезбейди. Бирақ көплеген орта ҳәм киши кәрханаларда бундай имканият жоқ. Олар өнимин экспорт етиўде бизики сыяқлы логистика компанияларының хызметинен пайдаланады, - дейди Беҳруз Мамажанов. - Кейинги жыллары елимизде бул түрдеги компаниялардың көбейиўи артынан бәсеки артқаны рас. Бирақ соған жараса талап та артып атырғаны да қарыйдарларымыздың санын көбейтпекте. Ҳәзир Өзбекстанда экспортёр кәрханалар көп ҳәм олардың үлкен бөлеги Европа базарына шығыўға умтылмақта. Компаниямыз Европаның барлық мәмлекетлери менен бирге ислеседи. Елимиздиң түрли аймақларында ислеп шығарылатуғын өнимлерди Италия, Германия, Нидерландия, Бельгия, Уллы Британияға жеткерип беремиз. Көбирек минерал төгин, кабель, текстиль өнимлери, мийўе-овош, кептирилген мийўе экспорт етемиз. Анығырағы, усы бағдарда ислейтуғын жергиликли кәрханалар арасында шериклеримиз көп. Европа базарында да усы түрдеги өнимлерге талап жоқары.

Европа - оғада үлкен базар. Оған кирип барыў бир мәселе болса, турақлы орын ийелеў және де қыйын. Себеби бәсеки күшли, сапа бағдарындағы талап та жүдә жоқары ҳәм өзгериўшең. Мине, усы талапқа жуўап бере алатуғын жергиликли исбилерменлер турақлы қарыйдарға ийе болмақта. Онда оларға логистика кәрханалары да жәрдем бермекте. Себеби мәмлекетимизде экспорт қаншелли көп болса, жеткерип бериў ҳәм транспорт хызметлерине талап сонша артады.

Беҳруздың айтыўынша, ҳәзир Европа мәмлекетлерине күнине 10 жүк машинасында өним экспорт етип атырған кәрханалар бар. Ҳәр бир фураға 22 тоннадан өним сыятуғынын есапқа алсақ, баҳаны шамалаў аңсатласады. Әсиресе, минерал төгинлер, мыс ҳәм кабель өнимлерине талап артып бармақта. Бул процесс дүньядағы геосиясий жағдай, айырым мәмлекетлерге қолланылып атырған шеклеўлер, қалаберсе, аўыл хожалығы, электротехника санааты сыяқлы тараўлар жедел раўажланып атырғаны менен байланыслы. Бул талапты тәмийинлеў ушын бизде шараят бар, барлық тараўда өндирис қуўатлылығы артып, экспортқа кең жол ашылды. Тек ғана исбилерменлер халықаралық стандартлар талаплары ҳәм сапаға айрықша итибар қаратыўы керек.

- Логистика компаниясының ўәкили сыпатында елимизден Европа базарына экспорт көлеми кескин артқаны, исбилерменлеримиз жаңа базарларға шығып атырғанына гүўамыз, - дейди Беҳруз Мамажонов. - Бирақ мәмлекетимиз басшысы видеоселектор мәжилислеринде атап өткениндей, бул еле жетерли көрсеткиш емес. Зәрүр шараятлар жаратылғанына қарамастан, Европаға экспорт көлеми күтилгенинен аз. Ал, бул не менен байланыслы? Әмелияттан келип шығып айтсам, буған көплеген факторлар себеп. Ең тийкарғысы, әлбетте, сапа мәселеси ҳәм бизде өним жетистириўде үзликсизлик, яғный мәўсимлик қәлиплесип қалғанында. Мәселен, европалы қарыйдар бизден жүзим сатып алыўды баслайды. Бирақ, мәўсим жуўмақланғаннан соң, бул мийўени оған жеткерип бериў тоқтап қалады. Тәбийий, ол басқа мәмлекеттен жетистириўши излей баслайды. Басқа тәрептен, бар өнимди экспорт етиўде де сапа ҳәм қадақлаўда көп машқалалар бақланады. Тилекке қарсы, исбилерменлеримиз арасында елеге шекем сырт елге жиберилип атырған өнимлер арасына сапасызларын жайластырып жибериў жағдайлары ушыраспақта. Сол себепли қарыйдарлардың өнимди артқа қайтарып жиберип атырған жағдайларына көп дус келемиз. Бул, бәринен бурын, исбилерменниң қалтасына үлкен зыян. Себеби транспорт қәрежети киши сумма емес. Қалаберди, бундай жағдайлар мәмлекетимиз имиджине, миллий брендимизге унамсыз тәсир етеди.

Соның ушын, Европа базарына ҳәзир көбирек кийим-кеншек, минерал төгинлер, мыс сыяқлы мәўсим таңламайтуғын, сапасы өзгермейтуғын өнимлер экспорт етилмекте. Соның менен бирге, елимизде таярланған қурғақ мийўеге де талап үлкен. Қуяшлы үлкемизде жетистирилген мийўе-овошлардың дәмин европалылар тән алып атырғаны, үлкен көлемдеги экспортқа буйыртпа берип атырғаны ҳаққында еситип атырмыз. Дурыс, бунда да өним қарыйдарға жетип барғаннан соң, сапаға жуўап бермеў жағдайы бақланады. Бул мәселе өз-ара дүзилген шәртнамалар тийкарында шешиледи. Бирақ көпшилик жағдайларда европалылар қурғақ мийўемиздиң сапасынан қанаатланады. Себеби, исбилерменлеримиздиң де экспорт бойынша билими артып, тәртип-қағыйдалар ҳәм жол-жобаларды пуқта ийелемекте.

"Өзбекстан өнимлериниң дәми өз алдына тема"

Бүгин мәмлекетимизде өндирислик қуўатлылықты арттырыў менен бирге өнимлерге мүнәсип қарыйдар ҳәм базар табыўға да үлкен итибар қаратылмақта. Анығырағы, бул ҳәрекетлер сегиз жыл бурын пүткиллей жаңадан басланды, деп айтыў мүмкин. Бүгинги нәтийжелер болса сол ўақыттағыдан бир неше есе жоқары. Атап айтқанда, өткен дәўирде елимиздиң жалпы ишки өними 2 есеге артып, өткен жылы экспорттың баҳасы 26 миллиард долларға жетти.

Онда сырт ел инвестициясының да үлеси үлкен. Оның есабынан мәмлекетимизде жүзлеген өндирис кәрханасы ашылып, барлық тараўларға заманагөй технологиялар енгизилмекте. Жаңаша, халықаралық стандартлар тийкарында ислеў тәжирийбеси раўажланбақта. Қуўатлықлардың артыўы экспорт көлеми, экономиканың раўажланыўына тиккелей тәсир етпекте. Бир ғана мысал: өткен сегиз жылда елимизге дерлик 130 миллиард доллар муғдарында сырт ел инвестициясы кирип келди.

“All Time Group” логистика компаниясы да сырт ел кәрханасы болып, бас офиси Литвада жайласқан. 2010-жылы шөлкемлестирилген бул компания мәмлекетимиз базарына 2016-жылы кирип келди. Жумысты Европадан Өзбекстанға өним импорт етиўден баслаған. Кейин ала елимизде инвесторларға берилип атырған имканияттан пайдаланып, усы жерде филиалын ашқан ҳәм 2021-жылдан баслап рәсмий кәрхана сыпатында жумыс алып бармақта. Буннан тысқары, Швеция, Германия ҳәм Қазақстанда филиаллары бар.

- Өзбекстан жүдә тез раўажланып атырған ҳәм үлкен экономикалық потенциалға ийе мәмлекет. Базары да өсиўши, - дейди “All Time Group” Литва компаниясының директоры Эдгар Янкелайтес. - Дерлик он жылдан берли усы жерде болып, тараўдағы жаңаланыўларға тиккелей гүўа болмақтамыз. Жақын жылларда Өзбекстан Орайлық Азияның тийкарғы ноқатына айланады. Мәмлекетте экспорт қуўатлылығы да артып бармақта. Мәмлекеттиң бул тармақты ҳәм экспортёрларды белсене қоллап-қуўатлаўы себепли бизики сыяқлы логистика компанияларына да талап артпақта. Усы ўақытқа шекем экспортёрлар ушын қандай да бир үлкен машқала ямаса тосқынлық болғанын көрмедик. Сырт ел инвесторларына мүнәсибет болса пүткиллей унамлы. Жумысымыз даўамында ҳеш қандай қыйыншылыққа дус келмедик. Керисинше барлық бағдарда мәмлекет қоллап-қуўатлайды. Бундай шараятта ҳәр қандай кәрхана және де раўажланады. Өзим де Өзбекстанға ҳәр 2-3 айда келип тураман. Мәмлекет экономикасы жедел раўажланбақта. Бул базар жақын жылларда және де өсип барады. Бул дегени экспорт та өседи. Азық-аўқат өнимлериниң дәми болса өз алдына тема.

Жаңа логистика майданы

Елимиздеги логистика компанияларына бир қатар жеңилликлер берилген. Экспортқа шығарыўда исбилерменлердиң қәрежети мәмлекет тәрепинен қаплап берилмекте. Мақсет - экспортшы кәрханаларды қоллап-қуўатлаў, өнимлеримизге дүнья базарында турақлы қарыйдарлар табыў, миллий брендимиздиң жәҳән базарында кеңнен ғалаба ен жайыўын тәмийинлеў.

Дүнья әмелиятына бола, жүклерди тасыў ҳәм жеткерип бериўдеги ең арзан қурал жол - теңиз жолы. Бирақ бизде теңизге шығыўдың имканияты жоқ. Сол себепли, ҳаўа жоллары ҳәм темир жол транспорты және жүк машиналарынан пайдаланылады. Олардың ҳәр бири жеткерип бериў мүддети, баҳасы ҳәм басқа факторларға бола өзгешеленеди. Экспортёрлар талапқа қарап, олардан бирин таңлайды.

Ўатанласымыз жумыс алып барып атырған сырт ел компаниясы қарыйдарларға жүк жеткерип бериўдиң барлық усылларын усынады. Өнимлер Өзбекстаннан тийкарынан жүк машиналарында шығып кетеди. Бул авиатранспортқа салыстырғанда әдеўир арзан, темир жолға салыстырғанда тезирек ҳәрекетленеди. Компанияның өзине тийисли ең заманагөй жүк машиналары бар, бирақ Өзбекстанда жүк машиналарын ижараға алыўда жергиликли транспорт кәрханалары менен бирге ислеседи. Жүк машиналары өнимди Литваның Вильнюс қаласындағы қоймаханаға шекем жеткерип береди. Компания ол жерден өнимлерди өзине тийисли жүк машиналарына өткерип, белгиленген Европа мәмлекетине жеткереди.

- Литваның Клайпеда деген порт қаласында жүдә үлкен қоймахана ашылмақта, - дейди Беҳруз Мамажанов. - Мәмлекетимиз басшысының тапсырмасы менен енди Өзбекстаннан да өнимлер алып барылып, сол қоймаханаға жайластырылады ҳәм сақланады. Бул қоймаханадан қәлеген экспортшы тийисли тәртипте пайдалана алады. Ҳәзир өнимлерди көргизбе майданына жайластырыў жумыслары орынланбақта. Европа мәмлекетлериндеги қарыйдарлар болса сол жердиң өзинде өнимлеримиз бенен танысып, буйыртпа бериўи мүмкин. Бул жергиликли исбилерменлердиң өним үлгилерин сырт елге жибериўге байланыслы транспорт қәрежетин үнемлейди.

Басқа тәрептен, логистика компанияларының көбейиўи себепли жүк машинасы айдаўшыларына да талап артпақта. Әсиресе, Европа мәмлекетлеринде жаслар қатламының азлығы себепли, өзбекстанлыларға көплеген бос жумыс орынлары усыныс етилмекте. Мәселен, мағлыўматларға бола, тек ғана Германияда 1 миллионға шамалас үлкен жүк машинасы айдаўшысы жетиспейди.

Қалаберди, ўатанласларымыз бул бағдардың тәжирийбесин алып, сырт елде логистика компанияларын ашпақта. Дәраматлы тараў артынан Өзбекстан ҳәм Европа мәмлекетлерин байланыстырып, экспорт көлеминиң өсиўине үлес қоспақта. Бундай кәрханалардың саны артып, бәсекиниң өсиўи болса логистика хызметлериниң сапасы артыўына хызмет етпекте.

Ирода ТАШМАТОВА,

"Янги Ўзбекистон" хабаршысы