Ушырасыўда пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаў тараўындағы бирге ислесиўди беккемлеў мәселелери додаланды. Атап айтқанда, тәреплер пенсия тайынлаўда мийнет стажы ҳәм мийнет ҳақыны тастыйықлаў, инсан ҳуқықларын тәмийинлеў тараўындағы өз-ара бирге ислесиўдиң басқа да әҳмийетли бағдарлары бойынша пикир алысты.

Атап өтилгениндей, 2025-жылы Өзбекстан ҳәм Россия Омбудсманлары тәрепинен 2025-2026-жылларға мөлшерленген "Жол картасы" имзаланды. Бул ҳүжжет шеңберинде еки мәмлекет аймақларында жасап атырған пуқаралардың мүрәжатларын биргеликте үйрениў, оларды көрип шығыў ҳәм шешиў бойынша әмелий илажлар көриў нәзерде тутылған.

Тәреплер бул механизм пуқаралардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаўда үлкен әмелий әҳмийетке ийе екенин атап өтип, трансшегаралық әҳмийетке ийе социаллық-ҳуқықый мәселелер бойынша мәлимлеме алмасыўды буннан былай да күшейтиўге таяр екенин билдирди.