"Өзгидромет"тиң мәлим етиўинше, 9-11-март күнлери Өзбекстан бойынша ўақты-ўақты менен жаўын-шашын (жаўын, айырым жерлерде қарға айланады). Республикамыздың таў алды ҳәм таўлы аймақларында жаўын-шашын (жаўын, қар), айрым жерлерде күшли болады.
Республика бойынша айырым жерлерде самалдың тезлиги 15-20 м/с қа шекем күшейиўи күтиледи, айырым жерлерде самалдың тезлиги 22-25 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин.
10-12-март күнлери республиканың арқа аймақларында түнде 7-10 градус суўық, күндиз 0-3 градус суўық, қалған аймақларда 11-12-март күнлери түнде 0-3 градус суўық, күндиз 2-5 градус жыллы болыўы күтиледи.