Илажда, сондай-ақ, 2026-жылға мөлшерленген биргеликтеги
илажлардың "жол картасы" тастыйықланды.
Бул ҳүжжет халықаралық тәжирийбе, заманагөй технологиялар
ҳәм уйымлараралық бирге ислесиўге сүйенип, ҳуқықты қорғаў тараўында жаңа әўлад
кадрларын системалы таярлаў ушын институционаллық тийкар жаратады.
Тәреплер ҳуқық қорғаў ҳәм күш структураларының перспективалы
хызметкерлерин таңлап алыў ҳәм таярлаўдың комплексли механизмлерин иске қосыўға
келисип алды.
Абырайлы сырт ел университетлери ҳәм илимий орайларда
мақсетли әмелиятларды шөлкемлестириў бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарларынан
бири болады. Онда киберқәўипсизлик, жасалма интеллект, робототехника ҳәм дрон
технологиялары сыяқлы стратегиялық бағдарларға үстинлик бериледи.
Сондай-ақ, тәреплер магистратура ҳәм докторантура
басқышларында академиялық бағдарламаларды раўажландырыў, прокуратура ҳәм басқа
да ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлери ушын жетекши сырт ел жоқары
билимлендириў мәкемелеринде әмелиятлар ҳәм қәнигелигин арттырыў курсларын
шөлкемлестириўди режелестирген. Онда питкериўшилердиң лаўазым басқышларындағы
өсиўин мониторинг етиў ҳәм олардың келешектеги кәсиплик раўажланыўына айрықша
итибар қаратылады.
Буннан тысқары, меморандумда коррупцияға қарсы гүресиў,
инсан ҳуқықларын қорғаў, ҳуқықты қолланыў әмелиятын жетилистириў ҳәм суд-ҳуқық
системасын раўажландырыў сыяқлы тараўларда илимий-изертлеў жойбарларын
биргеликте әмелге асырыў нәзерде тутылған, деп хабар береди "Эл-юрт
умиди" қорының баспасөз хызмети.