Нызамға бола, енди қатты турмыслық шығындыларды жыйнаў ҳәм алып шығыў хызметлери ушын мәжбүрий төлемлер бойынша қарыздарлығы бар болған тутыныўшыларға қысқа хабар (смс) жибериледи. Буннан кейин бул қарыздарлық сапластырылғанға шекем тутыныўшыдан электр энергиясы ушын төлемлерди қабыл етиў ўақтынша шекленеди. Онда хызмет көрсетиўши структуралар төлемлердиң есап-санағының исенимли ҳәм дурыслығын тәмийинлеўге жуўапкер болады.
Нызамға муўапық қатты турмыслық шығындыларды топлаў ҳәм алып шығыў хызметлери ушын мәжбүрий төлемлер бойынша қарыздарлығы бар болған тутыныўшылар оны сапластырса, электр энергиясы ушын төлемлердеги ўақтынша шеклеўлер автомат түрде бийкар етиледи.