Өзбекстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министриниң биринши орынбасары Шоҳрух Далиев ҳәм Венгрия Республикасы Сыртқы ислер ҳәм саўда министри Питер Сияйрто «Stipendium Hungaricum» стипендия бағдарламасы бойынша Бирге ислесиў ҳаққындағы түсинисиў меморандумына Қосымша билдириўге қол қойды.
Усы ҳүжжетке муўапық, ҳәр жылы Венгрия тәрепинен өзбекстанлы пуқаралар ушын ажыратылатуғын билимлендириў грантларының саны 200 ге шекем арттырылды. Бул болса еки мәмлекет арасындағы уйымлараралық бирге ислесиўди жаңа басқышқа алып шығыў менен бирге, өзбекстанлы жаслар ушын сырт елде, атап айтқанда Венгрияның абырайлы жоқары оқыў орынларында билим алыў имканиятларын кеңейтиўге хызмет етеди.
Венгрия ҳүкимети 2018-жылдан берли Өзбекстан пуқараларының өз ЖООларында билим алыўы ушын стипендиялар ажыратып киятырғанын атап өтиў керек.
Бүгинги күнге шекем елимизден 400 ден аслам жаслар Венгрияның түрли университетлеринде билим алып, бул бағдарламаның имканиятларынан нәтийжели пайдаланған.
Венгрия тәрепинен усыныс етилген билимлендириў бағдарлары Өзбекстан экономикасының талапларынан келип шығып таңланған болып, талабанлар билимлендириўди инглис ямаса венгер тиллеринде алыў имканиятына ийе болады.
Венгрия ҳүкимети билимлендириў төлеми, турақ жай, медициналық хызмет ҳәм стипендияны өз мойнына алады. Тек ғана авиабилет қәрежетлери студенттиң мойнында қалады.
Ҳүжжетте таңлаў процесинде ашық-айдынлық ҳәм әдилликти тәмийинлеў бойынша қағыйдалар да сәўлеленген.








