Енди жол қағыйдабузарлығы ушын шешим кешиктирилсе жәрийма бийкарланады

    17 маусым 2025 1088

    Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилисинде "Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында"ғы нызам жойбары биринши оқыўда көрип шығылды.

    Атап өтилиўинше, "Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 36-статьясы 3-бөлим менен толықтырылып, оған муўапық, жол ҳәрекети қағыйдалары бузылғанлығы фото ҳәм видео қураллары арқалы белгиленген жағдайларда ҳәкимшилик жаза ҳуқықбузарлық исленген күннен баслап 1 айдан кешиктирмей, қарар үстинен шағым етилгенде 1 жылдан кешиктирмей қолланылыўы мүмкин болады. Яғный енди камера ҳәм радар арқалы анықланған ҳуқықбузарлықлар ушын қарар 1 айдан кеш шығарылған болса жаза қолланылмайды.

    Кейинги жылларда мәмлекетимизде жол ҳәрекети қағыйдаларын буннан былай да жетилистириў, жол-транспорт ҳәдийселериниң алдын алыў ҳәм жол ҳәрекети қәўипсизлигин қадағалаў бағдарында системалы жумыслар алып барылмақта.

    Соның менен бирге, айырым сырт мәмлекетлерде ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар ислегени ушын жәрийма жазаларынан тысқары "аўызша ескертиў" ҳәм "ескертиў" жазасы бар екенлиги, бунда биринши мәрте кем әҳмийетли ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ислеген пуқараларды жәриймаға тартыўдың орнына, ислеген қылмысының социаллық ақыбетлерин түсиндирген ҳалда ескертиў әмелиятта бундай қылмыслардың жүз бериўиниң алдын алыўда жоқары нәтийжелерге ерисилип атырғанлығы бақланбақта.

    Бул нызам жойбары менен Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске "ҳәкимшилик ескертиў" жаза илажын киргизиў ҳәм социаллық қәўиплилиги аз болған жол ҳәрекети қәўипсизлиги менен байланыслы ҳуқықбузарлықлар ушын ескертиў жазасын қолланыўды нәзерде тутатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.

    Нызам жойбары автомобиллерден пайдаланыўда халыққа қосымша қолайлықлар жаратыў, тараўда пуқараларды қыйнап киятырған айырым машқалаларды сапластырыўға қаратылған.

    Мәжилисте нызам жойбары депутатлар тәрепинен биринши оқыўда қабыл етилди.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates