Әмелдеги "Ташкент қаласы ҳәм Ташкент ўәлаятында турақлы прописка етилиўи керек болған шахслар - Өзбекстан Республикасы пуқараларының категорияларының дизими ҳаққында"ғы Нызам менен орнатылған айырым шеклеўлер пуқаралардың республикамыз аймағында еркин ҳәрекетлениў, жасаў орны ҳәм келген орнын таңлаў бойынша конституциялық ҳуқықларынан толық пайдалана алмайтуғынына себеп болмақта.

Буннан тысқары, турақлы жасаў ямаса ўақтынша турған орны бойынша дизимнен өткериў тәртиби республика бойынша бирдей емеслиги пуқараларды Ташкент қаласы ҳәм ўәлаятында турақлы ямаса ўақтынша дизимнен өткериўде бюрократиялық тосқынлықларды жүзеге келтирмекте.

Соның ишинде, 2024-жылдың 11 айы даўамында Ташкент қаласында 243 197 ҳәм Ташкент ўәлаятында 271 541 пуқара турақлы жасаў орны бойынша дизимге алынған.

Пуқаралар турақлы дизимнен өтиўи ушын әмелдеги Нызам менен тастыйықланған дизимде келтирилген категорияларға тийисли екенлигин тастыйықлаўшы қосымша ҳүжжетлер, яғный туўылғанлық, неке, қәўендерлик ҳаққындағы гүўалық ҳәм басқа да ҳүжжетлерди усынып келмекте.

Пуқаралардың турақлы жасаўы ҳәм ўақытша дизимге алынғаны ҳаққындағы мағлыўматлардан халықтың саны статистикасын ҳәм аймақлар инфраструктурасын қәлиплестириўде, пуқараларды билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў системаларында және социаллық қорғаў тараўында қоллап-қуўатлаўда, жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиўде кеңнен пайдаланылады.

Сенаторлар тәрепинен қызғын додаланған Нызам менен Өзбекстан Республикасы пуқаралары, сырт ел пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған шахслардың жасаў орны бойынша дизимнен өтиўи ҳәм жасаў орны бойынша хабардар етиўи, оларды жасаў ҳәм турып турыў орны бойынша дизимнен өткериў тараўындағы тийкарғы принциплер менен түсиниклер белгиленбекте.

Сондай-ақ, ИИМниң жасаў орны ҳәм турған орны бойынша дизимнен өткериў тараўындағы ўәкилликлери белгиленбекте.

Пуқараларға ҳәм турақлы жасайтуғын сырт ел пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған шахсларға турған орны бойынша дизимнен өтиў ушын өзлерине қолайлы болған ишки ислер уйымларының миграция ҳәм пуқаралықты рәсмийлестириў бөлимлери, мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы жеке өзи және бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы онлайн тәризде мүрәжат етиў имканияты жаратылмақта.

"Е-хабарнама бериў" системасы енгизилип, турақ жай бойынша дизимге алыўға мүрәжат еткен Өзбекстан Республикасында турақлы жасайтуғын сырт ел пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған шахсларды дизимге алыў және олардың есабын жүргизиў усы система арқалы әмелге асырылатуғыны белгиленбекте.

Пуқаралардың жасаў орны бойынша дизимге қоймаған ҳалда жасаў мүддети 15 күннен 10 жумыс күнине қысқартылып, пуқаралар ҳәм турақ жай ийелериниң өз ўақтында жасаў орны ҳәм турған орны бойынша дизимге алыў бойынша жуўапкершилиги арттырылмақта.

Паспорт системасы қағыйдаларын бузғаны ушын жәриймалар ҳуқықбузарлықлардың жәмийетлик қәўиплилик дәрежесинен келип шығып оптималластырылып, олардың анық муғдары белгиленбекте.

Буннан тысқары, Нызам менен 18 жасқа толмаған ҳәм 60 жастан асқан шахслар паспорт системасы қағыйдаларын бузғаны ушын жуўапкершиликке тартылмаўы ҳаққындағы жаңа қағыйда киргизилмекте.

Нызамның қабыл етилиўи менен халықтың еркин ҳәрекетлениўине байланыслы конституциялық ҳуқықы тәмийинленеди. Нызам ҳуқықты қолланыў әмелиятында артықша бюрократияның ҳәм коррупциялық жағдайлардың алдын алыўға хызмет етеди.

Додалаўдан соң Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.