Энергетика – экономиканы ҳәрекетлендириўши қуўат дереги

    Пикир 11 желтоқсан 2025 22

    Денемиздеги қан ҳәр бир ишки орган ушын энергия дереги ўазыйпасын атқарғаны сыяқлы, энергетика экономиканың ең әҳмийетли тараўлары - аўыр ҳәм жеңил санаат, хызмет көрсетиў, айырым бөлеги аўыл хожалығын ҳәрекетлендириўши қуўат болып есапланады.

    Басқаша айтқанда, энергетика системасы тек ғана экономика емес, ал инсанияттың абаданлығы менен тығыз байланыслы тармақлардың раўажланыўы, турақлы раўажланыўының тийкары болып есапланады. "Жасыл" энергетика болса бул қуўатлылықтың артып барыўы, избе-излигин тәмийинлеўи менен және де әҳмийетли.

    Бир ғана мысал, үйиңизде свет болмаса, ҳеш бир турмыслық буйымнан пайдалана алмаймыз. Бөлмелердиң қараңғылығы кеўлиңизге көшип, үмитсизлик, қайғы-ғам ҳәм қәўетер оятады.

    Сол себепли, бул тараўдағы реформалар мәмлекет экономикасының беккемлениўи, социаллық турмыстың жақсыланыўы, халықтың дәраматы ҳәм турмыс сапасын арттырады. Мәмлекет ҳәм жәмийетте айдын келешекке исеним сезимин күшейтеди. Жаңа Өзбекстан мәмлекетин қурыўда турақлы энергетика қуўатлылығына ийе болыўға айрықша итибар берилип атырғанының себеби де усы.

    Усы жыл 5-декабрь күни Президентимиздиң басшылығында жаңа энергетика қуўатлықлары ҳәм инфраструктура объектлериниң иске қосылғаны және гезектегилериниң қурылысын баслаўға старт берилгени бул бағдардағы жумысларды жаңа басқышқа алып шықты, деп биймәлел айтыў мүмкин.

    Бир қатар халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери, бирге ислесиўши мәмлекетлердиң жуўапкерлери, соның ишинде, Бирлескен Араб Әмирликлери энергетика ҳәм инфраструктура министри Суҳайл ал-Мазруий, Түркия энергетика ҳәм тәбийғый ресурслар министри Алпарслон Байроқдор, Әзербайжан енергетика министри Парвиз Шаҳбозов, Қырғызстан енергетика министри Таалайбек Ибраев, сондай-ақ, Жәҳән банки, Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки, Азия раўажланыў банки, Азия инфраструктуралық инвестициялар банки, Ислам раўажланыў банки ҳәм басқа да қаржы институтлары, дүньяның ири тармақ компанияларының басшылары, инвесторлардың қатнасыўындағы әнжуман "Турақлы энергетика - Жаңа Өзбекстанның келешекке қарай исенимли қәдеми" атамасында болып өткенинде де терең мәни-мазмун бар.

    Әнжуман шеңберинде дерлик 11 миллиард долларлық 42 энергия ислеп шығарыў, сақлаў қуўатлықлары ҳәм басқа да инфраструктура объектлери иске қосылды, гезектеги 21 иниң қурылысына старт берилди.

    Өткен жылы 14-декабрь күни болып өткен тап усындай илажда мәмлекетимиз басшысының қатнасыўында энергетика тараўында 18 жаңа қуўатлық иске қосылып, 6 жойбардың қурылысы басланған еди. Бир жылда қамтып алыўдың қаншелли кеңейгенин санлар арасындағы парықтан да аңлаў мүмкин.

    Әлбетте, бунда 2025-жылдың мәмлекетимизде "Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм "жасыл экономика" жылы", деп жәрияланыўы ҳәм жылға байланыслы мәмлекетлик бағдарламада белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы үлкен тийкар жаратты. Соның ишинде, бағдарлама шеңберинде "жасыл" энергетиканы енгизиў бағдарында жаңа баслама, жойбар ҳәм нәтийжели механизмлер жолға қойылды.

    Булардың барлығы алдымызға қойған жоқары шек - 2030-жылға шекем қосымша 17 мың мегаваттан аслам қайта тиклениўши энергия қуўатлықларының иске қосылыўы, нәтийжеде "жасыл" энергияның жәми генерациядағы үлеси 54 процентке жеткерилиўине хызмет ететуғыны менен әҳмийетли болып есапланады.

    "Жасыл" энергетика экологиялық теңсалмақлықты, беккем суверенитетти тәмийинлейди.

    "Жасыл" энергетика заманагөй жәмийеттиң раўажланыўында әҳмийетли роль атқарады. Оның раўажланыўы төмендеги тәреплерге унамлы тәсир көрсетеди.

    Бириншиден, экологиялық көзқарастан қарайтуғын болсақ, дәстүрий энергия дәреклери, атап айтқанда, нефть, көмир ҳәм газ жанылғысы атмосфераға зыянлы газлер шығарады. "Жасыл" энергетика болса бундай патасланыўдың алдын алады ҳәм углерод шығындыларын азайтады.

    Мәселен, 5-декабрь күни Қарақалпақстан Республикасы, Бухара, Қашқадәрья ҳәм Ташкент ўәлаятларында иске қосылған улыўма баҳасы 3,3 миллиард долларлық жойбарлар арасында 3 500 мегаваттлы 16 қуяш, самал, ыссылық станциясы ҳәм ГЭСлер бар.

    Олар толық қуўатлылыққа шыққаннан соң, бул объектлерде жылына 15 миллиард киловатт-саат электр энергиясы ислеп шығарылады. Нәтийжеде келеси жылы "жасыл" энергетика ислеп шығарыў көлеми 23 миллиард киловатт-саатқа жетеди. Бул қуўатлықлар арқалы Өзбекстан халқының жыллық электр энергиясынан пайдаланыўының толық қапланыўына ерисиледи.

    Сондай-ақ, таза энергия есабынан тәбийғый газдиң жумсалыўы дерлик 7 миллиард куб метрге азаяды. Атмосфераға 11 миллион тонна зыянлы затлар шығыўының алды алынады. Бул болса глобал ысыў ҳәм экологиялық машқалалардың алдын алыўға жәрдем береди.

    Екиншиден, көплеген мәмлекетлер нефть ҳәм тәбийғый газге байланыслы болып, оларды импорт етиўге мәжбүр. Әсиресе, қыраўлы қыс күнлеринде электр энергиясын ҳәр қыйлы аўыр шәртлер ҳәм қымбат баҳаларда сатып алыўға туўра келип атырған мәмлекетлер қанша? Бул болса мәмлекеттиң ҳәм экономикалық, ҳәм сиясий системасына зыян келтирип, айырым жағдайларда суверенитетине көлеңке салмақта.

    Жаңадан иске қосылған жойбарлар арасындағы 1 245 мегаваттлы 10 энергия сақлаў системасы ең қыйын жағдайларда мәмлекет ҳәм жәмийет талапларын қанаатландырыўда үлкен әҳмийетке ийе. Бул энергия ең көп тутынылатуғын тығыз ўақытларда қосымша 1,5 миллиард киловатт-саат электр энергиясын тармаққа узатыў имканиятын береди. Энергия сақлаў системасы ҳәм "жасыл" энергетика дәреклериниң раўажланыўы елимиздиң энергетикалық ғәрезсизлигин тәмийинлейди ҳәм ресурслар бойынша экономикалық қәўипсизликти беккемлейди.

    Үшиншиден, "жасыл" энергетика дәреклериниң миллий экономиканы турақлы раўажландырыўдағы орны да шексиз. Соның ишинде, "жасыл" энергетика тараўы барған сайын кеңейип, жаңа технология ҳәм инновациялар менен бирге көплеген жаңа жумыс орынларын жаратпақта. Мәселен, қуяш панеллерин ислеп шығарыў, самал турбиналарын орнатыў ҳәм оларға техникалық хызмет көрсетиў сыяқлы жаңа бағдарлар пайда болмақта. Булардың барлығы - қәниге таярлаўдан баслап, олардың жумыс алып барыўына шекем, мыңлаған жаңа жумыс орынлары, демек, турақлы дәрамат есабынан мыңлаған шаңарақлардың абаданлығы тәмийинленеди, дегени.

    Сондай-ақ, елимиздиң экспорт өнимлерине "жасыл" энергетика деген жаңа өним қосылмақта, буннан келетуғын қосымша қаржы миллий экономикамыздың және де турақлы болыўына хызмет етеди. Соның ишинде, бул бағдарда қоңсылас Қазақстан, Әзербайжан менен биргеликте Европаға электр энергиясын экспорт етиў ушын "жасыл коридор" жойбары таярланбақта. Жойбар Бакудеги COP29 саммитинде қол қойылған келисим тийкарында әмелге асырылмақта. Жойбар шеңберинде Каспий ҳәм Қара теңиз астынан кабель тартыў арқалы Европаға "жасыл стратегиялық коридор" жаратылып, "жасыл" энергия экспорт етилиўи нәзерде тутылған. Ҳәзирги күнде Италия компаниясы тәрепинен дәслепки технологиялар ислеп шығарылмақта.

    Реформалар дизгини қоңсы мәмлекетлер менен бирден-бир энергетика базарын жаратыў жолынан бармақта. Бул дүнья энергетика базарында Орайлық Азия өзиниң үлкен орнына ийе болатуғынын билдиреди.

    Төртиншиден, дүнья базарында "жасыл" сертификатқа ийе өнимлер, басқаша айтқанда, тәбиятқа зыян келтирмей алынып атырған қайта тиклениўши энергия дәреклери есабынан таярланған ямаса жетистирилген экспорт товарлары үстин орынға ийе.

    Қалаберди, "жасыл" раўажланыў өзине түсер баҳаны азайтыўда да әҳмийетли фактор болып есапланады. Усы мәнисте, жоқарыда санап өткенимиздей жойбарлар есабынан мәмлекетимизде "жасыл" энергетиканың раўажланыўы дүнья базарында "Өзбекстанда ислеп шығарылған" белгиси астындағы өнимлердиң бәсекиге шыдамлылығын сезилерли дәрежеде арттырады.

    Суўымыз, нийетимиз бир, әмеллеримиз де бирлеспекте

    Орайлық Азия регионының тийкарғы суў дереги Әмиўдәрья ҳәм Сырдәрья болып есапланады. Бул үлкен суў аңғарлары региондағы барлық мәмлекетлердиң аймағынан ағып өтеди. Оннан аўызбиршиликте пайдаланыў барлық ўақытта да әҳмийетли болған. Соның ушын, тарийхта ҳәр қыйлы келиспеўшиликлер болыўына қарамастан, халықларымыз суўдан келисилген ҳалда пайдаланған.

    Президентимиздиң басламасы ҳәм қоңсы мәмлекет басшыларының тилеклеслиги менен бүгин бул регион өз тарийхындағы ең татыў, аўызбиршиликли, өз-ара пайдалы бирге ислесиў дәўирине қәдем қойды. Бир сөз бенен айтқанда, бүгин суў, дуз-нанымыз бир дастурхан үстинде бөлисилмекте. Муштай бирлескен мәмлекетлеримиз дүньяға бөлинбес регион, үлкен социаллық-экономикалық қүдирет сыпатында көринбекте. Оған жоқарыдағы сыяқлы ҳәр қыйлы бағдарлардағы өз-ара пайдалы бирге ислесиўимиз тийкар болып хызмет етип атыр.

    Атап айтқанда, гидроэнергетика тармағындағы бирге ислесиў де мәмлекетлеримиз ушын әҳмийетли бағдар болып есапланады. Бул бағдарда регионның гидроэнергетика потенциалынан нәтийжели пайдаланып, биргеликте басқарыў мақсетинде келеси жылы Қырғызстан ҳәм Қазақстан менен "Қамбарата ГЭС-1" жойбарын қаржыландырыўға кирисетуғыны белгиленди.

    Өзбекстан электр энергиясы қуўатлылығының үлкен бөлегин гидроэнергетика қурайды. Соның ушын, бул тараў биз ушын әҳмийетли. Сырт ел инвесторларының жәрдеминде бул тармақ та кейинги жылларда раўажланып бармақта.

    Усы жылы 400 мегаваттлы гидроэлектр станциялары иске қосылды. Соның ишинде, Нарын каскад гидроэлектр станциясының 38 мегаваттлы биринши гидроэлектр станциясы толық жергиликли өнимлерден пайдаланған ҳалда қурылды. Бул перспективалы жойбар жылына орташа 1025 миллион киловатт-саат экологиялық таза электр энергиясын ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе.

    100 ден аслам кәрхана халықаралық сертификатқа ийе болады

    Өзбекстанда Жәҳән банки менен биргеликте дүньяда биринши инновациялық “iCRAFT” жойбары иске қосылды ҳәм үлкен нәтийжелерге ерисилмекте. Соның ишинде, усы жылдың өзинде 17 ири санаат кәрханасы "жасыл" энергетика бойынша халықаралық сертификатлар системасына өтти. Келеси еки жылда бундай кәрханалардың санын 100 ге жеткериў белгиленген.

    Статистикалық мағлыўматларға бола, тек ғана өткен жылдың өзинде тәбийғый апатшылықлар дүнья көлеминде 320 миллиард доллар муғдарында глобал экономикалық шығынларға себеп болған. Итибар қаратыў керек болған тәрепи, бул көрсеткишлер 2023-жылға салыстырғанда 30 процентке жоқары.

    Санлардан дүнья көлеминде глобал экологиялық машқалалар жыл сайын кескинлесип атырғанын аңлаў мүмкин. Сонлықтан, раўажланған мәмлекетлер санаат, өндирис тараўында қоршаған орталыққа зыян жеткермейтуғын, ноль углерод шығындысын пайда ететуғын қайта тикленетуғын альтернатив энергия дәреклеринен пайдаланыў бағдарында ҳәр қыйлы жойбарларды әмелге асырмақта.

    Усы жерде жақында Бразилияда болып өткен COP-30 климат конференциясында мәмлекетимиз өз басламасы менен Париж келисими шеңберинде әҳмийетли миннетлемени өз мойнына алғанын айрықша атап өтиў керек. Оған бола, Өзбекстанда 2035-жылға шекем зыянлы газлер эмиссиясы 50 процент қысқартылыўы мақсет етилди.

    Дәслеп, Париж келисими ҳаққында толығырақ мағлыўмат берсек. Бул келисим атмосфераға шығарылып атырған зыянлы газлер муғдарын азайтыўға қаратылған. 2016-жылдан күшке кирген ҳүжжет дүньяның 195 мәмлекети тәрепинен мақулланған, 175 мәмлекет оның илажлары шеңберинде жумыс алып бармақта.

    Әсиресе, Европа Аўқамы мәмлекетлери келисим шеңберинде түрли жойбарларды әмелге асырмақта. Солардан бири “Fit for 55” пакети. Оның “Carbon Border Adjustment Mechanism” (“CBAM” углерод шегарасын дүзетиў механизми) бөлиминде халықаралық саўда, өнимлерди импорт-экспорт етиў, инвестициялар киргизиў мәселелери атап өтилген. Оған бола, Европа Аўқамына импорт етиўшилер өним ислеп шығарыўда пайда болған углерод есабатларын бериўи ҳәм бул шығындылар ушын өз алдына төлем төлеўи керек.

    Жоқарыда атап өтилген "жасыл" энергетика бойынша халықаралық сертификатлар бул қосымша төлемлер миннетлемесин бийкар етеди. Сонлықтан, ЖСШға ағза болыў, дүнья базарында өз өнимлери ҳәм брендлери менен айрықша орын ийелеў, экспорт потенциалын және де арттырыўды мақсет еткен Өзбекстан ушын "жасыл экономика"ға өтиў айрықша әҳмийетке ийе.

    Бас мақсет - инсан қәдирин улығлаў

    Президентимиз жумысының дәслепки басқышларында-ақ реформалардан гөзленген тийкарғы мақсет адамларды разы етиў, инсан қәдирин улығлаў екенин айтқан еди. Экономикалық тармақлардағы жаңаланыўлар да тап усы мақсет жолында өтти. Бул, әсиресе, халықты электр энергиясы менен үзликсиз тәмийинлеўде айқын көринди. Бурын суўық күнлерде белгили бир саатлар ғана электр берилетуғын орайдан узақ аўылларда да тәмийнат сезилерли дәрежеде жақсыланды.

    Есимде, балалық жылларым түнлерде шам жақтысында сабақ таярлаўға мәжбүр болатуғын едик. Электр тәмийнатындағы үзликсиз үзилислер себепли қыс күнлери көрпениң астынан шыға алмайтуғын едик.

    Бүгин ҳәммеси жаңаша механизм, баслама ҳәм жойбарлар есабынан халықты үзликсиз электр энергиясы менен тәмийинлеўде сезилерли өзгерислер бақланғаны ҳақыйқат. Итибарлы тәрепи, бул мақсет жолындағы артқа қайтпайтуғын реформалар системалы даўам еттирилмекте. Себеби, Президентимиздиң атап өткениндей, "Бүгин жедел пәтлерде өсип атырған экономикамыз ҳәм халықтың талап ҳәм мүтәжлигинен келип шығып, энергетика системасында үлкен реформаларды әмелге асырмақтамыз. Биз бул бағдарда еки әҳмийетли мақсетке ерисиўди тийкарғы ўазыйпа етип белгиледик. Бириншиси - барлық тармақ ҳәм аймақлар ушын исенимли ҳәм үзликсиз энергия тәмийнатын жолға қойыў. Екиншиси болса, мине, усы режемизди заманагөй, экологиялық таза ҳәм қайта тикленетуғын альтернатив дәреклер есабынан әмелге асырыў болып табылады".

    5-декабрь күни халықты үзликсиз электр энергиясы менен тәмийинлеў мақсетинде иске қосылған жойбарлар қатарында “Angren Energo” ҳәм “Uzhydropower” кәрханалары да бар. “Angren Energo” жылына 15 мың трансформатор ислеп шығарыў, “Uzhydropower” болса 155 дана гидроагрегат таярлаў қуўатлылығына ийе. Буннан көринип турғанындай, ҳәр еки кәрхана да экономикамыздың раўажланыўы ҳәм халықтың абаданлығына әҳмийетли үлес қосады.

    Улыўма алғанда, 5-декабрь күни иске қосылған жаңа энергетика қуўатлықлары ҳәм инфраструктура объектлери және қурылысы басланған жаңа жойбарлардың социаллық-экономикалық әҳмийети оғада үлкен.

    Улыўма алғанда, 2025-жыл даўамында бул бағдарда оғада көп дөретиўшилик жумыслары әмелге асырылды. Соның ишинде, жеке меншик сектор, халықтың үйлери ҳәм социаллық тараў объектлеринде 2 мың мегаваттлы киши қуяш панеллери орнатылды. Оларда усы жылдың өзинде қосымша түрде 2 миллиард киловатт-саатқа шамалас альтернатив энергия ислеп шығарылды. Сондай-ақ, 69 мың километр электр тармағы, 14 мың трансформатор ҳәм жоқары күшлениўли подстанция жаңаланды.

    Бул бағдарда және бир жаңаша механизм енгизилди. Самарқанд аймақлық электр тармақлары Түркияның “Aksa Elektrik” компаниясына жеке меншик басқарыўға берилди. Бул компания жойбар шеңберинде тармақты операциялық басқарыўға алып, инвестиция киргизеди, тармақларды модернизациялайды, шығынларды басқышпа-басқыш 2 есеге азайтады. Нәтийжеде ҳәр жылы орташа 20 миллион доллар үнемленеди.

    Усындай тәжирийбе тийкарында келеси жылы Жиззақ ҳәм Сырдәрья, 2027-жылы Наманган ҳәм Ташкент ўәлаятларының электр тармақлары басқармасы да инвесторларға усыныс етилетуғыны белгиленди.

    Бир сөз бенен айтқанда, бурын энергия жетиспеўшилиги Өзбекстанның ең тийкарғы аўыр машқалаларынан бири, әззи тәрепи болған болса, сырт елли инвесторлар менен пайдалы бирге ислесиў тийкарында энергетика тармағында әмелге асырылып атырған реформалар бул әззиликти үлкен қүдиретке айландырмақта. Бунда, әлбетте, Президентимиздиң ақылға уғрас сиясаты шешиўши әҳмийетке ийе болмақта. Буны биз емес, халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери де тән алмақта.

    Атап айтқанда, 5-декабрьдеги салтанатлы мәресимде Саудия Арабстанының “ACWA Power” компаниясының басқарма баслығы Муҳаммад Абунайян Өзбекстанның инвестицияларды тартыў ҳәм энергетика тараўындағы жумысын жоқары баҳалап, мәмлекетимиз басшысына "Пүткил дүнья инвесторлар менен ислесиўди сизден үйрениўи керек", деп атап өткенин келтириў мүмкин. Сондай-ақ, алдынырақ, Азия раўажланыў банкиниң басшысы Масато Канда Италиядағы ири финанслық әнжуманлардан биринде Өзбекстанды жеке меншик инвестициялар есабынан энергетика тараўын табыслы трансформациялап атырған үлгили мәмлекетлерден бири сыпатында тән алғанын да атап өтиў керек. Бул тән алыўлар бул бағдарда биз дурыс жолдан баратырғанымыз, жаңа Өзбекстанды қурыў жолында жаңа горизонтларды ашып атырғанымыздан дәрек береди.

    Санжар ЭШМУРОДОВ,

    "Янги Ўзбекистон" хабаршысы


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates