Энергетика тараўында 18 комплекс иске қосылды, және 6 ының қурылысы басланды

    Ҳүкимет 13 желтоқсан 2024 2049

    Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 13-декабрь күни жаңа энергетика қуўатлықларын иске қосыў ҳәм гезектегилерин қурыўға бағышланған салтанатлы мәресимде қатнасты.

    Булар елимизде энергетика системасының турақлылығын арттырыў бойынша исленип атырған кең көлемли жумыслардың даўамы болып есапланады. Өткен жылы декабрьде 5 қуяш ҳәм 1 самал электр станциясы иске қосылған еди. Мәмлекетимиз басшысының аймақларға сапарларында да көплеген жойбарларға тийкар салынбақта.

    Бул ретки мәресимде улыўма баҳасы 7 миллиард доллардан аслам 24 жойбар таярланған. Атап айтқанда, Бухара, Наўайы, Наманган ҳәм Ташкент ўәлаятларында дерлик 2,3 мың мегаватт қуўатлылыққа ийе 5 қуяш ҳәм самал электр станциясы және 5 жоқары күшлениўли подстанция қурып питкерилген. Өзбекстанда биринши мәрте Әндижан ҳәм Ферғанада 300 мегаваттлы энергия сақлаў системасы қурылған. Қашқадәрьяда 400 мегаваттлы электр станциясы, Ташкент қаласында заманагөй когенерация қурылмасы, Әндижан, Сурхандәрья ҳәм Ташкент ўәлаятларында 4 киши ГЭС таяр жағдайға келтирилген.

    Сондай-ақ, Ферғана, Самарқанд, Наўайы, Ташкент ўәлаятлары ҳәм Ташкент қаласында 2,5 мың мегаваттлы 6 электр қурылмасы қурылысы алдында.

    Бул жаңа жойбарлар арқалы келеси жылларда қосымша 9,5 миллиард киловатт саат электр ислеп шығарылып, 2,5 миллиард куб метр тәбийй газ үнемленеди, 4,6 миллион тонна зыянлы газлер шығыўының алдын алынады.

    Ең әҳмийетлиси, 4 миллионнан аслам шаңарақ үзликсиз таза энергия менен тәмийинленеди. Бул экономиканың басқа тараўларында да 4 миллиард долларлық қосымша қун жаратыўға түртки болады.

    Улыўма, елимизде келеси жылы жәми 84 миллиард киловатт саат электр энергиясы ислеп шығарылады. Бул 2016-жылға салыстырғанда 25 миллиард киловатт саат ямаса 1,5 есеге көп.

    Мәресимде Президент Шавкат Мирзиёев шығып сөйлеп, бул жойбарлардың барлығы тиккелей сырт ел инвестициялары есабынан қурылып атырғанын айрықша атап өтти. Усы мүнәсибет пенен Бирлескен Араб Әмирликлери, Саудия Арабстаны, Түркия, Қытай ҳәм Германия компанияларына, Азия раўажланыў банки, Азия инфраструктуралық инвестициялар банки, Ислам раўажланыў банки, Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки, Жәҳән банкине бирге ислескени ушын миннетдаршылық билдирди.

    Мәмлекетимизде жеке меншик секторға кең жол ашылғаны нәтийжесинде кейинги 5 жылда энергетика тараўына дерлик 20 миллиард доллар тиккелей сырт ел инвестициялары кирип келген. Бурын толық мәмлекет қарамағында болған бул системада 24 өз бетинше ғәрезсиз энергия ислеп шығарыўшы жумыс баслаған.

    Соның ишинде, "жасыл энергетика" тараўында 3,5 мың мегаваттлы ямаса 10 миллиард киловатт саатқа тең 16 ири қуяш ҳәм самал электр қуўатлықлары иске қосылды. Соның нәтийжесинде усы жылы тармақта "жасыл энергия" үлеси 16 проценттен асты.

    Бизге белгили, өткен жылы мәмлекетимиздиң жалпы ишки өними биринши мәрте 100 миллиард долларлық тарийхый шекти қолға киргизди. 2030-жылға барып, экономикамыздың көлемин 200 миллиард долларға жеткериў мақсет етилген.

    Бул келеси 5 жылда елимизде электр энергиясына болған талапты ҳәзиргиден 1,5 есеге арттырады. Қалаберсе, Париж келисими шеңберинде 2030-жылға шекем зыянлы газлер эмиссиясын 35 процентке азайтыў мөлшерленген.

    Сонлықтан мәмлекетимиз басшысы энергетика тараўындағы гезектеги режелерге тоқтап өтти.

    Бириншиден, 2030-жылға шекем және 19 мың мегаватт "жасыл қуўатлықлар" жаратылып, қайта тиклениўши энергия үлеси 54 процентке жеткериледи. Атап айтқанда, 2025-жылы 3,4 мың мегаваттлы 18 қуяш ҳәм самал станциясы, 1,8 мың мегаваттлы сақлаў системалары иске қосылады. Соның нәтийжесинде келеси жылы "жасыл энергия" ислеп шығарыў көлемлери 12 миллиард киловатт саатқа жетеди.

    Сондай-ақ, келеси 2 жылда жеке меншик исбилерменлер менен биргеликте 2 мыңнан аслам киши ҳәм микро ГЭСлерди шөлкемлестириў бойынша үлкен бағдарлама әмелге асырылады.

    Екиншиден, электр энергиясы базарын еркинлестириў бойынша гезектеги қәдемлер қойылады. Атап айтқанда, келеси жылдың ақырына шекем бәсекили саўдалар арқалы электр энергиясының көтере саўда базары жаратылады.

    Мәмлекетлик-жеке меншик шериклик бөлистириў тармақларына да енгизилип, оларды модернизациялаў ушын 4 миллиард доллар инвестиция тартылады. Бул бағдарда Самарқанд аймақлық электр тармақларын жеке меншик басқарыўға бериў бойынша дәслепки жойбар ислеп шығылып, халықаралық тендер жәрияланды.

    Үшиншиден, "жасыл энергетика" бағдарында регионаллық ҳәм халықаралық бирге ислесиў кеңейтиледи. Бул бағдарда дәслепки әмелий қәдемлер тасланды - “COP29” шеңберинде Қазақстан, Әзербайжан ҳәм Саудия бирге ислесиўшилери менен "жасыл энергия"ны Европа регионына экспорт етиў бойынша келисимге қол қойылды.

    Орайлық Азия электр энергиясын ислеп шығарыў ушын бир ўақыттың өзинде қуяш, самал, суў сыяқлы тәбийий ресурслар бойынша үлкен потенциалға ийе. Бул бағдарда регионаллық энергия системасының турақлылығын тәмийинлеў мақсетинде қоңсы мәмлекетлер менен бирден-бир платформа иске қосылады.

    Төртиншиден, "жасыл энергетика" басқа да тараў ҳәм тармақлардың раўажланыўы, халықтың турмыс дәрежесин жақсылаў ушын жаңа драйверге айланбақта. Атап айтқанда, халық ҳәм исбилерменлер тәрепинен 1 мың мегаваттлы қуяш панеллери орнатылып, жылына 1,5 миллиард киловатт саат электр энергиясы алынбақта. Бундай жумыслар избе-из хошаметленетуғыны, дуал билимлендириў тийкарында қәнигелер таярланатуғыны айтылды.

    - Бүгинги илаж елимиздиң энергетика тарийхында жаңа бет ашады. Түсирилип атырған бул жойбарлар арқалы тек ғана экономикалық өсиўге емес, ал келешек әўладларымыз ушын жасыл ҳәм турақлы Өзбекстанның ғәрезсиз тийкарын жаратамыз,-деди Шавкат Мирзиёев.

    Мәресимде Бирлескен Араб Әмирликлери энергетика ҳәм инфраструктура министри Суҳайл Бина Муҳаммад ал-Мазруий, Түркия Республикасы энергетика ҳәм тәбийий ресурслар министри Алпарслон Байрактар, Саудия Арабстаны Патшалығы энергетика министри шаҳзада Абдулазиз бин Салмон Ол Сауд да шығып сөйледи.

    Президент Шавкат Мирзиёев рәмзий кнопканы басып, 18 комплекстиң жумысы ҳәм 6 жойбардың қурылысын баслап берди.

    No date selected
    February 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    Use cursor keys to navigate calendar dates