Бул бойынша 28-февраль күни ҳүкимет қарары қабыл етилди.
Ҳүжжет пенен Министрлер Кабинетиниң 2024-жылдың 16-апрельиндеги халық ушын электр энергиясы ҳәм тәбийий газдиң бир айлық тутыныўына базалық норма белгилеўге қаратылған тийисли қарарына өзгерис киргизилди.
Атап айтқанда, ҳаўа температурасынан келип шығып, Энергетика министрлигине бул базалық нормалардың ысытыў ҳәм басқа мәўсимлердеги әмел етиў мүддетлерине өзгерис киргизиў ўәкиллиги берилди.
Онда тийисли өзгерислер Министрлер Кабинети менен келисилген ҳалда киргизилиўи мүмкин.
Сондай-ақ, министрлик, "Аймақлық электр тармақлары" ҳәм "Аймақгазтәмийнат" социаллық нормалардың әмел етиў мүддетлерине киргизилген өзгерислер ҳаққында өзиниң рәсмий веб-сайты ҳәм ҒХҚ арқалы жәриялайды.
Қарардың орынланыўын қадағалаў бас министрдиң орынбасары - экономика ҳәм қаржы министри Жамшид Қўчқоров ҳәм энергетика министри Жўрабек Мирзамаҳмудовқа жүкленди.