Бул ҳаққында усы жылдың 27-мартында қабыл етилген Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Энергия нәтийжелилигин арттырыў тараўында мәмлекетлик басқарыўды жетилистириў ҳәм энергия сервис компаниялары хызметлери базарын раўажландырыў илажлары ҳаққында"ғы пәрманында белгиленди.
Агентликтиң тийкарғы ўазыйпаларынан бири энергия нәтийжелилигин арттырыў тараўында бирден-бир мәмлекетлик сиясатты жүргизиў, тараўда хошаметлеўши ҳәм тәсиршең илажлар ислеп шығыў ҳәм тәртипке салыў болады.
2025-жыл 1-июльден халық турақ жайларының энергия аудитин өткериў қәрежетлери және қуяш панеллери ҳәм гелиоколлекторлар баҳасының 20 проценти ҳәм ыссылық насослары (ҳаўа, суў ҳәм геотермал) баҳасының 40 процентин, бирақ БЕМниң 50 есесинен аспаған муғдарда қаплаў ушын Агентлик тәрепинен субсидия ажыратылады.
2025-жыл 1-сентябрьге шекем Энергия нәтийжелилигин арттырыў санлы платформасы иске қосылады.
Агентлик жанында бюджеттен тысқары Энергия нәтийжелилигин хошаметлеў ҳәм қоллап-қуўатлаў қоры шөлкемлестириледи.
2025-жыл 1-октябрьге шекем ислеп шығарыўшылар ҳәм импорт етиўшилер ушын технологиялар энергия нәтийжелилигиниң "жасыл" стандартлары енгизиледи.