Ҳәзир күнделикли турмысымызды электр энергиясысыз көз алдымызға келтирип болмайды. Белгили бир себеплер менен электр тәмийнаты системасында бақланатуғын қысқа мүддетли үзилислер турмыс тәризимиз ҳәм мийнет жумысымызға унамсыз тәсир көрсетиўи ҳақыйқат. Бирақ, электр энергиясына жумсалып атырған қаржы, машақатлы мийнет ҳаққында онша ойлай бермеймиз. Айырым жағдайларда электр энергиясын үнемлеў, артықша жанып турған шырақларды өширип жүриўге де еринемиз.

2030-жылға барып мәмлекетимиз халқы 40 миллион адамға артыўы, экономикамыз болса 1,5 есеге өсиўи күтилмекте. Соған сәйкес түрде санаатта 45 миллиард доллар муғдарында қосымша қун жаратыў, хызметлер көлемин 3 есеге арттырыў, ири мағлыўматлар орайларын иске қосыў ҳәм жаңа жумыс орынларын ашыў нәзерде тутылған. Булардың барлығы электр энергиясының турақлы раўажланыўы менен тығыз байланыслы.

Есап-санақларға бола, 2030-жылда Өзбекстанда 117 миллиард киловатт саат, 2035-жылға барып болса 135 миллиард киловатт саат электр энергиясы талап етиледи. Яғный, ҳәзиргиден 1,7 есе көп ресурс зәрүр. Сонлықтан, жаңа электр ислеп шығарыўшы ҳәм энергия сақлаў қуўатлықларын қурыў бағдарында ири жойбарлар әмелге асырылмақта. Оларды системаға жалғаў ушын 7 мың километр магистрал тармақ тартылып, санластырылған басқарыў енгизиледи. Бул арқалы аймақларда энергия теңсалмақлығы тәмийинленеди.

"Өзбекстан - 2030" стратегиясында экономика тармақлары ҳәм халықты электр энергиясы менен үзликсиз тәмийинлеўге қаратылған бир қатар мақсет ҳәм ўазыйпалар белгиленген. Атап айтқанда, экономика тармақлары ҳәм халықтың талабы ушын жеткерип берилетуғын электр энергиясының муғдарын 120 миллиард киловаттқа, тәбийий газ қазып алыў көлемин 62 миллиард куб метрге жеткериў ҳәм экономика тармақларының энергия нәтийжелилигин 2 есеге арттырыў нәзерде тутылған.

Сондай-ақ, энергия ресурслары базарын тәртипке салыў бойынша бийғәрез регуляторды шөлкемлестириў, электр энергиясын сатып алыў, сатыў ҳәм жеткерип бериў функцияларын ажыратыў, электр энергиясы ҳәм тәбийий газди бөлистириў, генерациялаў ҳәм тутыныўшыға жеткериў инфраструктурасын модернизациялаў, барлық түрдеги энергия ресурсларының есабын жүргизиўди толық санластырыў бул бағдарда тийкарғы ўазыйпалар қатарына киреди.

Әлбетте, электр энергетикасы бағдарында стратегияда белгиленген ўазыйпалар, бәринен бурын, өткен ўақытта ерисилген нәтийжелердиң үзликсиз даўамы болып есапланады. Соның ишинде, кейинги сегиз жылда мәмлекетимизде электр ислеп шығарыў 38 процентке артып, 81,5 миллиард киловатт саатқа жетти. Жеке меншик секторға кеңнен жол ашылғаны себепли 11,2 гигаваттлы қосымша қуўатлық жаратылды. Бул сектордың генерациядағы үлеси 24 процентке, "жасыл" энергия үлеси болса 16 процентке жетти.

Бүгинги күнниң әҳмийетли мәселелеринен және бири - энергияны үнемлеў. Дүньяда, соның ишинде, мәмлекетимизде де экономика тармақлары раўажланып, халықтың турмыс дәрежеси жақсыланған сайын энергияға талап артып бармақта. Сонлықтан, тутыныў мәдениятын қәлиплестириў зәрүр әҳмийетке ийе.

Мәмлекетимиз басшысы усы жыл 19-февраль күни энергия нәтийжелилигин арттырыў бойынша усыныслардың презентациясы менен танысыў даўамында Япония тәжирийбеси тийкарында тутыныўшылардың энергияны үнемлеў мәдениятын арттырыў мәселесине айрықша итибар қаратты. Буны балаларға мектеп жасынан-ақ сиңдириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Усы мақсетте Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги Өзбекстан техникалық жақтан тәртипке салыў агентлиги ҳәм Өзбекстан - Япония жаслар инновация орайы менен биргеликте энергия жумсалыўы саўатлылығы жойбарын әмелге асырмақта. Ҳәзирги ўақытта бул процесс ушын өз алдына қолланба ислеп шығылған. Пайтахт мектеплеринен басланып атырған жойбар басқышпа-басқыш мәмлекетимиздиң басқа аймақларында да ғалаба ен жайдырылады.

Мектепте балалардың санасында үнемлеў түсинигин қәлиплестириў арқалы қоршаған орталыққа абайлы қатнаста болыў, жер үсти ҳәм жер асты байлықлары, суў ҳәм басқа да тәбийий ресурслар улыўма миллий байлық екени, олардан ақылға уғрас пайдаланыў зәрүрлигин аңлаў сыяқлы түсиниклер қәлиплестириледи. Нәтийжеде ҳәр бир бала үнемлилик - байлықларды ысырап етпеў, қәдирлеў, тәбийий байлықлардан нормада пайдалана билиў ҳәм ақылға уғрас пайдаланыў зәрүрлигин аңлайды.

Заманагөй дүньяда электр энергиясына талап күн сайын емес, саат сайын артып бармақта. Раўажланыў өзи менен бирге тутыныў талабын да асырды. Қәнигелердиң есап-санақларына бола, соңғы 50 жылда глобал энергия талабы еки еседен көбирек артқан. Халықаралық энергетика агентлигиниң мағлыўматы 2050-жылға барып бул көрсеткиш және 50 процентке артыўын көрсетпекте.

Япония энергияны үнемлеў бағдарында бай тәжирийбеге ийе мәмлекет. 2011-жылы Фукусима АЭСте жүз берген апатшылықтан кейин ҳүкимет тексериў өткериў мақсетинде онлаған атом электр станциясын ўақтынша жаўған. Буннан кейин ири компаниялар, киши бизнес субъектлери ҳәм шаңарақлар ушын ҳәкимшилик тәртипте электр тәмийнатын шеклеўге туўра келген.

Сол жылы электр энергиясының жумсалыўын азайтыў ушын түрли усыллар сынақтан өткерилген. Мәселен, метро бәндиргилеринде ҳәм вокзалларда айырым эскалаторлар өширилген, офис имаратлары ҳәм ҳәттеки бәлент имаратларының айырым лифтлер тоқтатылған. Соның менен бирге, адамлар бир қабатқа пияда көтерилиў ямаса еки қабат төменге түсиўди әдеттеги жағдай сыпатында қабыл етиўге шақырылған. Ҳәмме жерде артықша жақтыландырғышлар өширилген. Японлардың кондиционери бар бөлмелердеги температураны кеминде еки градус көтериўге разы болыўы үлкен әҳмийетке ийе болған.

Жаз мәўсиминде оғада ыссы ҳаўа-райы оқыўшылардың денсаўлығы ҳәм оқыў нәтийжелилигине тәсир еткенде Япония мектеплери қаржыландырыўдың азлығы ҳәм инфраструктураның жетерли емеслигине қарамастан, имаратларды суўытыў машқаласын шешиўге умтылған. Бирақ, бул басламалардың ең нәтийжелиси оқыўшыларды мектеп жасынан баслап энергияны үнемлеўге үйретиў болды.

Мәмлекетимизде энергия қуўатлылығы халық ҳәм экономика тармақларының өсип баратырған талабына сәйкес түрде арттырылып барылмақта. Атап айтқанда, өткен жылы 50 миллиард куб метр тәбийий газ, 81 миллиард киловатт саат электр ислеп шығарылды. 2035-жылға барып электрден пайдаланыў ҳәзиргиден 1,7 есеге артыўы есап-санақ етилген. Демек, бул талапты толық қанаатландырыў ушын бүгин бизге тек ғана өндирис емес, ал тутыныў мәдениятын үйрениў, үнемлеў бағдарындағы түсиниклер де зәрүр. Бул бағдардағы дәслепки ҳәрекетлер билимлендириўден, яғный мектеплерден басланыўы керек.

Мектеп билимлендириўине энергия нәтийжелилиги бағдарындағы сабақларды киргизиў өз-өзинен пайда болған баслама емес. Жәҳән тәжирийбесине бола, энергияны үнемлеў бойынша бағдарламаларды мектеплерде енгизиў арқалы жылына 10-15 процентке шекем энергияны үнемлеў мүмкин. Мәселен, Скандинавия мәмлекетлеринде бул муғдар 25 процентке шекем шыққан. АҚШ ҳәм Европа мәмлекетлеринде болса бул бағдарламаны мектеплерде енгизиў арқалы жылына 100 миллион мегаватт саат энергияны үнемлеў мүмкин екенлиги дәлилленген.

- Министрлик Өзбекстан - Япония жаслар инновация орайы менен биргеликте энергия жумсалыўы саўатлылығы бағдарламасын әмелге асырыўға киристи, - дейди Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигиниң басқарма баслығы Дилшода Норбоева. - Бул бағдарламаның биринши басқышы 2024-жылы Сырдәрья ўәлаяты ҳәм Ташкент қаласындағы 10 мектепте әмелге асырылды. Нәтийжеде бир ҳәптеде 1,86 мегаватт электр энергиясы ҳәм 113 куб метр суў үнемлеп қалынды.

Бул ҳәр бир мектеп директоры, оқытыўшы ҳәм оқыўшылар, халық ушын оғада әҳмийетли. Министрлик Техникалық жақтан тәртипке салыў агентлиги менен биргеликте оқыўшылар арасында энергия жумсалыўы саўатлылығы бойынша анық бағдарламалар таярлаған. Бунда ҳәр бир оқыўшы мектеп дәўиринен-ақ энергия ресурсларын үнемлеў қаншелли әҳмийетли екенлигин үйренеди.

Соларды есапқа алып, быйылғы оқыў жылында да мәмлекетимиздиң барлық аймақларындағы таяныш мектеплер таңлап алынды. Бул мектеплердиң 5-6-класс оқыўшылары тәбийий пәнлер, 7-класс оқыўшылары болса физика пәни шеңберинде бул жойбарға тартылды. Жойбардың старт берилиўинен алдын бул мектеплерде жумыс алып барып атырған муғаллимлер ушын япониялы бирге ислесиўшилеримиз, устазлар тәрепинен оқыў курсларының шөлкемлестирилгени бағдарламаны әмелиятқа нәтийжели енгизиўде үлкен әҳмийетке ийе болды.

Бағдарламаға муўапық, дәслеп оқыўшыларға энергия ислеп шығарыў процеси таныстырылады. Соннан кейин әмелий басқыш басланады. Балалар үйиндеги электр, газ, суў есаплағыштағы мағлыўматларды жазып жүрип, үнемлеў нәтийжесинде қанша энергия үнемленгенин есаплайды ҳәм энергия үнемлеў нәтийжелилиги бойынша идеяларын береди. Бул оқыўшыларда тек үнемлеў қәсийетин пайда етип қоймастан, ал технологиялық билимлерин беккемлеўге де хизмет етеди.

Оқыўшыларға энергияны үнемлеўди үйретиў келешек ушын үлкен инвестиция. Басламаны бириншилерден болып баслаған мектеплерде әллеқашан дәслепки нәтийжелер көрине баслады.

- Мектеп оқыўшыларына энергия жумсалыўы саўатлылығы тийкарлары үйретиле баслады, - дейди Муҳаммад ал-Хорезмий атындағы қәнигелестирилген мектеп директорының орынбасары Фазлиддин Исмоилов. - Ресурсларды үнемлеўге байланыслы мысаллар билимлендириў бағдарламаларына киргизилмекте. Бул жүдә әҳмийетли әмелият. Перзентлеримизди мектеп дәўиринен-ақ үнемлеўге үйретип барыўымыз энергия нәтийжелилигине ерисиў менен бирге, экономика тармақларының турақлы раўажланыўына хызмет етеди.

Мектеплер, бақшалар ҳәм басқа да социаллық объектлерге қуяш батареялары ҳәм суў гелио коллекторларын орнатыў, есик ҳәм айналарды жаңалаў режелестирилмекте. Сондай-ақ, социаллық мәкемелердеги қазанханаларды жаңалаў, "жасыл" энергиядан пайдаланыў арқалы усы жылы 5 миллион куб метр газ, 15 миллион киловатт саат электр энергиясын үнемлеў мүмкин.

Перзентлеримизге балалығынан нан, аўқатты ысырап етпеўди үйретемиз. Бирақ, көп жағдайларда әне усындай жемис болған электр энергиясын үнемлеўди үйретиўди умытып атырмыз. Усы мақсетте басланған бул баслама келешекте тек ғана энергияны үнемлеў емес, ал бул бағдарда альтернатив энергия түрлеринен кеңнен пайдаланыў бойынша жаслардың ойлап табыў қәбилетин жүзеге шығарыўға да хызмет етеди.

Усы жылы мәмлекетимизде 1,6 миллиард куб метр газ ҳәм 3,5 миллиард киловатт-саат электрди үнемлеў режелестирилген. Соның ишинде, ири санаат кәрханаларында бир өним бирлигин ислеп шығарыўға кететуғын энергия нормасы белгиленеди. Соның өзинен энергия жумсалыўы 5-10 процент қысқарады. Бул тек ғана мәмлекетке емес, ал исбилерменлерге де өз қаржысын үнемлеў арқалы басқа да пайдалы бағдарларға инвестиция киргизиў имканиятын береди. Буннан тысқары, социаллық объектлерде энергия үнемлеўши үскенелерди орнатыў илажлары көриледи.


Лутфулла СУВОНОВ,

“Янги Ўзбекистон” хабаршысы