баннер
1 Apr 2025
05:36

    Энергия нәтийжелилиги: Машқала қай жерде, шешим неде?

    Энергия нәтийжелилигин арттырыў тек ғана энергия ресурсларын үнемлеў емес, ал экономикалық қәрежетлерди азайтыў, қоршаған орталыққа унамсыз тәсирди азайтыў ҳәм энергия тәмийнатын турақластырыў имканиятын береди. Бул процесс экономикалық раўажланыўдың тийкарғы бағдарларынан бири болып, ҳәр бир мәмлекеттиң энергетика сиясатында тийкарғы орынды ийелейди.

    Елимизде энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў бағдарындағы избе-из реформалардың себеби де сонда. 2024-жыл 7-августтағы "Энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў ҳаққында"ғы нызам елимизде энергия турақлылығын тәмийинлеўде әҳмийетли ҳуқықый тийкар болды. Демек, онда энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў тараўындағы мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары, энергетика менеджменти, энергия аудити, энергетика экспертизасы, энергия нәтийжелилигин арттырыў бағдарлары ҳәм экономикалық механизмлер белгилеп берилди.

    Мәмлекетимиз басшысының басшылығында усы жыл 28-январь күни электр энергетикасын 2025-2035-жылларда раўажландырыў илажлары бойынша өткерилген мәжилисте бул мәселеге айрықша итибар қаратылып, санаатта энергия нәтийжелилиги арқалы қосымша 27 процент жалпы ишки өним жаратыў имканияты бар екенлиги атап өтилди.

    Атап айтқанда, ҳәзирги ўақытта химия ҳәм металлургия бойынша айырым жергиликли кәрханаларда энергия жумсалыўы дүньядағы орташа көрсеткишке салыстырғанда 2 есеге, цемент ислеп шығарыўда болса 1,2 есеге жоқары екенлигине итибар қаратылды. Ҳәр бир тармақта энергияны 10-15 процентке үнемлеў, 2030-жылда электр энергиясының жоғалтыўларын ҳәзирги 14 проценттен 8-9 процентке шекем түсириў ўазыйпасы қойылды.

    Бүгин бул мәселе оғада әҳмийетли. Тараўдағы жумыслардың көлемин және де кеңейтиўди талап етеди. Сонлықтан, быйыл 27-мартта Президентимиз энергия ресурсларын үнемлеў, тутыныў нәтийжелилигин арттырыў ҳәм олардан ақылға уғрас пайдаланыў илажлары бойынша және бир әҳмийетли мәжилис өткерди.

    Әлбетте, соңғы жыллары экономика тармақлары энергия нәтийжелилиги жағынан жаңаланып, ири кәрханалар ҳәм энергетика тармақлары кесиминде айрықша бағдарлама әмелге асырылмақта. 2030-жылға барып, мәмлекетимиз халқы 41 миллионға жетиўи, экономика 2 есеге өсиўи күтилмекте. Бул болса энергия ресурсларына талапты ҳәзиргиден 1,5 есеге арттырады.

    Соның ушын жаңа жойбарларды иске қосып, қуўатлылықты көбейтиў менен бирге энергияны үнемлеў илажларын көриў оғада әҳмийетли. Мәжилисте, биринши гезекте, ири санаат кәрханаларында заманагөй үнемлеўши үскенелер орнатыў, энергия шығынларын азайтыў зәрүр екенлигине итибар қаратылды.

    Мәмлекетимизде халықты электр энергиясы менен турақлы тәмийинлеў менен бирге, бул деректен нәтийжели ҳәм үнемли пайдаланыў мәселесине бундай дәрежеде үлкен итибар қаратылып атырғаны бийкарға емес. Себеби, жылдан-жылға тәбийий ресурслар азайып барыўы ҳәм электр энергиясына талап артыўы бақланып атырған ўақытта энергетика нәтийжелилиги ҳәм үнемлеўшилиги оғада әҳмийетли ўазыйпа.

    Усы жыл 19-февраль күни мәмлекетимиз басшысы энергия нәтийжелилигин арттырыў бойынша усыныслар менен танысыў даўамында да жуўапкерлер алдына анық ўазыйпалар қойды. Бул бийкарға емес, әлбетте. Себеби, Өзбекстанда 1 долларлық жалпы ишки өнимди ислеп шығарыў ушын дүньядағы орташа көрсеткиштен 2,5 есеге көп энергия жумсалмақта. Электр тармақларындағы шығынлар 14 процент, тәбийий газде болса 7 проценттен жоқары. Орынларда энергияны үнемлеў имканияты илимий тийкарда үйренилгенде 7 ўәлаятта 4,6 миллиард киловатт саат электр ҳәм 1 миллиард куб метр газди үнемлеў мүмкин екенлиги анықланған.

    Усы жерде ҳақылы сораў туўылады: хош, бүгин энергия нәтийжелилигин арттырыў бойынша қандай машқалалар бар?

    Бириншиден, айырым өндирис ҳәм санаат кәрханаларында руўхый гөнерген, көп энергия талап ететуғын технологиялар ҳәм нәтийжесиз инфраструктурадан пайдаланылмақта. Гөне қурылмалар ҳәм өндирис линиялары көп энергия жумсайды. Сондай-ақ, гөнерген электр тармақларынан пайдаланыў да энергия шығынларына алып келеди. Бул, өз гезегинде, нәтийжелиликти төменлетеди.

    Екиншиден, энергияны үнемлейтуғын жаңа технологияларды енгизиў ушын үлкен қаржы талап етиледи. Бул болса көпшилик мәмлекетлер ҳәм кәрханалар ушын қыйыншылық туўдырады.

    Үшиншиден, энергияны үнемлеў бойынша билим ҳәм тәжирийбе жетерли емеслиги ямаса энергия нәтийжелилигиниң әҳмийети толық аңлап жетилмей атыр. Пайдаланылмай атырған ўақытта электр үскенелерин өширмеў, ысытыў ҳәм суўытыў системаларынан надурыс пайдаланыў сыяқлылар усылардың қатарына киреди.

    Бул мәселелерди шешиў, энергия нәтийжелилигин арттырыўдың қандай шешимлери бар? Бәринен бурын, кәрханаларда энергия ҳәм ресурс үнемлейтуғын заманагөй технологияларды енгизиў және инфраструктураны модернизациялаў энергия тутыныўын азайтыў имканиятын береди. Электр жеткерип бериў линияларындағы шығынларды азайтыў, автоматластырылған басқарыў системаларын енгизиў де нәтийжелиликти буннан былай да арттырыўға хызмет етеди.

    Санлы технологиялар ҳәм ақыллы энергия тармақларын енгизиў нәтийжесинде энергияның босқа жумсалыўы ҳәм шығынлары азаяды. Қуяш, самал, суў ҳәм биомасса сыяқлы қайта тиклениўши энергия дәреклеринен пайдаланыў энергия нәтийжелилигин арттырыўға үлкен үлес қосады.

    Жаңа имаратларды энергия сақлаўды есапқа алған ҳалда жойбарластырыў, олар ушын минимал энергия нәтийжелилиги талапларын белгилеў, ыссылық изоляциясын жақсылаў арқалы энергия жумсалыўын азайтыўға ерисиледи. Буннан тысқары, энергия нәтийжелилигине ерисиў бағдарында инвестицияларды тартыў, оған жеңиллик ҳәм субсидиялар енгизиў де нәтийже береди.

    Биз парламент ўәкиллери сыпатында тараўға байланыслы нызам ҳүжжетлерин реформаларға сәйкес түрде жетилистириў, энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў бойынша халық арасында түсиник, үгит-нәсият жумысларын алып барыўымыз зәрүр.

    Улыўма алғанда, энергия ресурсларын үнемлеў ҳәм олардан ақылға уғрас пайдаланыў тек ғана мәмлекет экономикасын раўажландырыўда емес, ал қоршаған орталықты қорғаўда да үлкен жәрдем береди. Энергия ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланбай, тармақ ҳәм аймақларда, социаллық және экономикалық тараўларда энергия нәтийжелилигин тәмийинлемей, системада жоқары нәтийжелерге ерисиў қыйын.


    Хайрулло ҒАФФОРОВ,

    Олий Мажлис Нызамшылық палатасы

    Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў

    мәселелери комитетиниң баслығы

    No date selected
    April 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech