Бул ҳаққында Иран Ислам Республикасы вице-президенти ҳәм Атом энергиясы шөлкеми басшысы Муҳаммад Эслами мәлим етти, деп хабар берди ТАСС.
"Бул мәселе олардың есесине барлық санкцияларды бийкар қылыў ямаса қылмаўына байланыслы", деп Эсламидиң журналисттиң сораўына жуўабын келтирип өтти Tasnim мәлимлеме агентлиги.
Буннан тысқары, вице-президент Тегеран ҳәм Вашингтон Оманда болып өткен сөйлесиўлер даўамында Иранның жоқары дәрежеде байытылған уранын басқа мәмлекетлерге экспорт етиў мәселесин додаламағанын атап өтти.
6-февраль күни Оман пайтахтында Иран ҳәм АҚШ арасында Тегеранның ядро бағдарламасы әтирапындағы кризисти шешиў бойынша сөйлесиўлердиң жаңа басқышы болып өтти. Иран делегациясына сыртқы ислер министри Аббос Арагчи, Америка делегациясына болса президенттиң арнаўлы елшиси Стивен Уиткофф басшылық етти, деп хабар берди belta.by.