"Өзгидромет" агентлигиниң хабар бериўинше, ертең Ташкент қаласында ҳаўа бираз бултлы болады, түнде ўақты-ўақты қар жаўыўы, думан түсиўи мүмкин. Күндиз жаўын-шашын күтилмейди. Самал шығыстан 5-10 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде 3-5 градус суўық, күндизги ўақытлары 1 градус суўық-1 градус жыллы болады.
Қарақалпақстан Республикасы, Хорезм ўәлаяты;
ҳаўа бираз бултлы болады, жаўын-шашын күтилмейди. Айырым жерлерге думан түсиўи мүмкин. Самал шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи, айырым жерлерде 13-18 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин. Ҳаўаның температурасы түнде 8-13 градус суўық, күндиз 0-5 градус суўық болады.
Бухара Наўайы ўәлаятлары;
ҳаўа бираз бултлы болады, жаўын-шашын күтилмейди. Айырым жерлерге думан түсиўи мүмкин. Самал шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи, айырым жерлерде 13-18 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин. Ҳаўаның температурасы түнде 5-10 градус суўық, күндизги ўақытлары 2 градус суўық - 3 градус жыллы болады.
Ташкент, Сырдәрья, Самарқанд, Жиззақ ўәлаятлары;
ҳаўа бираз бултлы болады, түнде ҳәм күндиз айырым жерлерде қар жаўады. Айырым жерлерге думан түсиўи мүмкин. Самал шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи. Түнде 2-7 дәреже суўық, күндизги ўақытлары 2 дәреже суўық, 3 дәреже жыллы болыўы күтиледи.
Қашқадәрья, Сурхандәрья ўәлаятлары;
ҳаўа бираз бултлы болады, жаўын-шашын күтилмейди. Айырым жерлерге думан түсиўи мүмкин. Самал шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде 0-5 градус суўық, күндиз 3-8 градус жыллы болады.
Әндижан, Наманган, Ферғана ўәлаятлары;
ҳаўа бираз бултлы болады, түнде айырым жерлерде қар жаўыўы мүмкин. Айырым жерлерге думан түсиўи мүмкин. Самал шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи, айырым жерлерде 13-18 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин. Ҳаўаның температурасы түнде 0-5° суўық, күндизги ўақытлары 2° суўық -3° ыссы болады.
Республиканың таў алды ҳәм таўлы аймақлары;
ҳаўа бираз бултлы болады, айырым жерлерде қар жаўады, думан түсиўи мүмкин. Ташкент ҳәм Наманган ўәлаятларының таўлы аймақларында қар көшкиси қәўпи бар. Самал шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи, айырым жерлерде 13-18 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин. Ҳаўаның температурасы түнде 10-15 градус суўық, күндиз 5-10 градус суўық болады.