Бул логистика орайы “Tashkent Pharma Park” инновациялық кластери аймағында он гектар майданда жайласқан. Жойбардың улыўма баҳасы 40 миллион доллар болып, үш қабатлы ҳәкимшилик имарат, қоймаханалар, мийманхана, асхана ҳәм жатақхана қурылған. 300 ден аслам жумыс орны жаратылған.
Өнимлерди сақлаў орны 50 мың квадрат метр. Бул жерде үлкен көлемдеги фармацевтика өнимлерин халықаралық стандартлар тийкарында қабыл етиў, сақлаў ҳәм тарқатыў имканияты бар. Бул басқышлар толық санластырылған.
Мәмлекетимиз басшысы бул процесслерди көзден өткерди.
Логистика орайы “Tashkent Pharma Park” фармацевтика кластериндеги басқа да ислеп шығарыўшыларға да қол келеди. Өнимлерди сақлаў ҳәм экспорт етиўде халықаралық “SAP” системасы арқалы әмелий жәрдем бериледи. Оның ушын дәри препаратларының сапасын тәмийинлеў бойынша “GDP” ҳәм “GSP” сертификатлары және бажыхана қоймаханасы, халықаралық жүклерди тасыў ушын лицензиялар бар.
Бул бағдардағы талапларды тәмийинлеў ушын халықаралық стандартларға муўапық ҳаўаны суўытыў системалары орнатылған. Жүклерди жүклеў ўақтында да температураның турақлылығы тәмийинленеди. Жигирмадан аслам жүк машиналарында тасыў хызметлери де көрсетиледи. Комплексте бундай транспортлар ушын турыў орны ҳәм техникалық хызмет де шөлкемлестирилген.
Бүгинги күнде Россия, Қазақстан, Түркменстан, Қырғызстан, Германия, Польша, Франция, Венгрия, Румыния ҳәм Түркия сыяқлы мәмлекетлер менен логистикалық байланыслар орнатылған. Бул география жылдан-жылға кеңейип бармақта.
Жуўапкерлерге өнимлерди сақлаў ҳәм рәсмийлестириўде қолайлылықларды арттырыў, өзине түсер баҳаны азайтыў, дәри-дәрмақларды арзанлатыў бойынша көрсетпелер берилди.
Компания фармацевтика базарын турақлы үйренип, медицина тараўындағы талапларды да таллап барады. Нәтийжеде жеткерип бериў бағдары көлеми кеңейип бармақта. Бул кәрхана мәмлекетимиз аймағы бойлап 7 мың 500 ден аслам дәриханаға товарлар жеткерип береди. Сондай-ақ, онлайн дәрихана хызмети жолға қойылған болып, бул бағдардағы бирге ислесиўшилердиң саны да артпақта.
Бул жерде “GPH Academy” жойбары жолға қойылған болып, бир қатар жоқары билимлендириў мәкемелери менен бирге ислесиў алып барылмақта. Үш билимлендириў мәкемесинде әмелий сабақ ханалары шөлкемлестирилди. Үш мың фармацевт қәнигелигин арттырыў курсларынан өтти. 30 ға шамалас студент бул жойбардың стипендия ҳәм грантларын алды.