Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Фармацевтика тармағын жедел раўажландырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында"ғы пәрманы (ПП-13-санлы, 28.01.2025-ж.) қабыл етилди.

Пәрманға бола, Фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлигине төмендеги қосымша ўазыйпалар жүкленди:

биологиялық актив қосымшалар ҳәм косметика өнимлери санаатын раўажландырыў, соның ишинде, базар конъюнктурасын үйрениў, таллаў ҳәм өндиристи локализациялаў, усы бағдардағы тараў кәрханаларына алдынғы сырт ел әмелияты ҳәм стандартларын енгизиўге жәрдемлесиў;

жергиликли ҳәкимликлер менен биргеликте аймақлық фармацевтика кәрханаларының инвестициялық жойбарларын мониторинг етиў ҳәм есабын жүргизиў;

фармацевтика тараўын санластырыў ҳәм мәлимлеме бағдарламаларын енгизиў.

2025-жылдың ақырына шекем Фармацевтика өнимлери қәўипсизлиги орайының лабораториясы Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң дәслепки квалификация (prequalification) тәртибинен өткериледи.

2025-жыл 1-апрельден:

шекленген саўда үстемелери тек ғана рецепт пенен берилетуғын дәри қураллары категориясына қолланылады;

бир ислеп шығарыўшы тәрепинен түрли саўда атамалары астында қурамы бирдей болған дәри қуралларын ислеп шығарыўда усы дәри қуралларының барлығына салыстырғанда ең төмен референт баҳа қолланылады;

"Фармацевтика өнимлери қәўипсизлиги орайы" тәрепинен сырт ел валютасында белгиленген референт баҳалар белгиленген жағдайларда автоматикалық тәризде (исбилерменниң мүрәжатысыз) қайта көрип шығылады.