TİTCK президенти Ҳусейн Челик басшылығындағы топар ҳәм Өзбекстан делегациясы арасындағы сөйлесиўде Медицина ҳәм фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлиги хызметкерлери, сондай-ақ, Агентлик жанындағы Референт баҳаларды қайта көрип шығыў бойынша Апелляция кеңеси ағзалары - Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Экономика ҳәм қаржы министрлиги, сондай-ақ, Бәсекини раўажландырыў ҳәм тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў комитетиниң жуўапкер ўәкиллери қатнасты.

Ушырасыўда Өзбекстан ҳәм Түркияда фармацевтика тараўын тәртипке салыў, атап айтқанда, дәри-дәрмақ қуралларының референт баҳаларын қәлиплестириў ҳәм қайта көрип шығыў тәртиби бойынша тәжирийбе алмасылды.

Сондай-ақ, референт баҳаларды қәлиплестириў механизмлери, дәри-дәрмақ қуралларының баҳаларын қайта көрип шығыў, баҳа мәселелери бойынша мүрәжат ҳәм шағымларды көрип шығыў, Апелляция кеңесиниң жумысын шөлкемлестириў, баҳа сиясатының дәри-дәрмақ қуралларының бар болыўы ҳәм халықтың дәри-дәрмақ қуралларынан пайдаланыўына тәсири додаланды.

Ушырасыў жуўмағында референт баҳаларды қәлиплестириў ҳәм қайта көрип шығыў процесслерин жетилистириў, алдыңғы тәжирийбелерди үйрениў, Өзбекстан ҳәм Түркияның тийисли шөлкемлери арасында фармацевтика тараўындағы бирге ислесиўди және де раўажландырыў бойынша пикир алысылды.

Бул ушырасыў дәри-дәрмақ қуралларының баҳаларын тәртипке салыў ҳәм референт баҳалар системасын жетилистириў бойынша халықаралық тәжирийбеден нәтийжели пайдаланыўға қаратылған әҳмийетли әмелий сөйлесиў болды.