Коррупцияны түп-тамырынан қурытыў ушын бәринен бурын инсан факторы ҳәм қағазпазлықты азайтыўға айрықша итибар қаратылмақта.
Мәселен, халыққа жер бериў процесинде пуқаралар ҳәким ҳәм онға шамалас уйымлар арасында сергиздан болып жүретуғын еди. Улыўма, бул тараў коррупция "ошағы"на айланған еди.
Жерди ҳәким қарары менен ажыратыўдан толық ўаз кешип, аукцион системасына өтилгени нәтийжесинде бул система халықшыл болды.
Қурылыс тараўы ең коррупцияласқан тараўлардан бири еди. "Ашық-айдын қурылыс" бағдарламасы енгизилгеннен кейин бул бағдарда да унамлы өзгерислер сезилмекте.
Бурын инвестиция бағдарламасына кирген объектлерди қуратуғын жумысты бөлип алып ислеўшилер мыңға да жетпейтуғын еди. Өткен жылы 13,5 мың объекттиң қурылысында 4 мыңнан аслам жумысты бөлип алып ислеўши қатнасты. Тараўды санластырыў есабынан өткен 4 жылда 3,6 триллион сум бюджет қаржысы үнемленди.
Бирақ қурылысқа руқсат бериў, имаратты тапсырыўда өрт қәўипсизлиги бойынша бюрократия ҳәм нызам бузылыўының көбейип кеткени ушын өткен ҳәптеде айрықша жағдайлар министри ҳәм оның орынбасарлары жумыстан босатылды.









