Оның үстине аймақтағы суў машқаласы жерге туқым егип, жоқары өним алыў имканиятын бермейтуғынын айтады. 2006-жылдан берли фермерлик пенен шуғылланып, тәбият пенен сөйлесип, жер менен тиллесип, аўыр мийнеттен қашпай егин жетистирип келмектемен. Дурысын айтқанда, налыныўдан гөре көбирек ҳәрекет етиўди, жаңалыққа умтылып, ҳәр қыйлы тәжирийбелерди сынап көриўди жақсы көремен. Сол жылларда-ақ пахта, ғәлледен ең көп зүрәәт алған дийқанлардың бири болыўға умтылдым. Бирақ, ҳәрекет етсем де материаллық-техникалық базаның жетиспеўшилиги себепли өнимдарлықты арттырыўды дәслеп еплей алмадым. Бирақ, соңғы жыллардағы қолайлық ҳәм жеңилликлерден дурыс пайдаланып ең заманагөй техникаларды сатып алдым. Өз жумысыма илим жетискенликлерин енгизип, жаўынлатып, тамшылатып суўғарыў технологияларын қолланып, өнимдарлықты бир неше есеге арттырдым. Нәтийжеде өткен жылы пахтадан 50, ғәлледен 110 центнерден аслам зүрәәт алып, үлкен қырман пайда еттим.
Ишимлик суў ҳәм ыссылық тәмийнаты, мәҳәллелердиң абатлығы ҳәм аўыл хожалығына байланыслы мәселелер бойынша өткерилген видеоселектор мәжилисинде қатнасып, мәмлекетимиз басшысына ерискен нәтийжем ҳаққында айтып бердим.
Мәмлекетимиз басшысы Хорезм ўәлаятында пахта ҳәм ғәлледен алған зүрәәтим ҳаққында еситип, қуўанды. Хорезм ўәлаяты шараятында бундай жоқары зүрәәт алыў үлкен мийнет, машақат талап ететуғынын айтып, "Дўстлик" ордени менен сыйлықлайтуғынын билдирди. Президентимиздиң тән алыўы күш-ғайратыма күш-ғайрат қосты. Көкирегимди безеп турған орден болса билдирилген исенимниң үлгиси болып, мойныма үлкен жуўапкершилик жүкледи.
Сондай-ақ, видеоселекторда мәмлекетимиз басшысының аўыл хожалығы тараўын буннан былай да раўажландырыў бойынша усыныслары, пидайы фермерлерге өнимдарлықты арттырыў ушын буннан да үлкен имканиятлар беретуғын басламаларын еситип, еки есе қуўандым.
Соның ишинде, фермерлердиң жумысы исбилерменлик рейтинги арқалы баҳаланып, жоқары рейтингтеги фермерлерге кредиттиң қайтпай қалыў қәўпин қамсызландырыў талабының бийкар етилиўи, жер салығы 3 есеге, кеңеске төленетуғын төлем 2 есеге азайтылыўы жаңа шеклерди ийелеўге ийтермелейди. Пахта ҳәм ғәлледен көп өним алғанларға 25 процентке шекем жеринде шарўа азық-аўқаты, овош, собықлы ҳәм басқа да егинлерди алмаслап егиўге рухсат берилиўи болса дәраматымыздың есесине артыўына тийкар жаратады.
Бул жаңалықтан руўхланып, бәҳәрги егис жумысларын баслап жибердим. Кеше ўәлаятта бириншилерден болып, жаңа технология тийкарында жерге шигит ектик. Бул процессти көргизбели семинар түринде әмелге асырып, аймақтағы фермерлер менен тәжирийбемизди бөлистим. Дийқан хожалығымызда жолға қойылған жаўынлатып, тамшылатып суўғарыў технологиясы, егислик майданы әтирапынан өнимли пайдаланыў ушын егилген тереклерди көрсеттим. Соның менен бирге, жыл даўамында мол зүрәәт алыў ушын тәртипли ислеген жумысларым ҳаққында айтып берип, өз-ара пикир алыстық. Аграр тараў илими, көп жыллық тәжирийбеге тийкарланған әмелиятты басқа фермерлер де өз жумысында турмысқа енгизсе, пахта ҳәм ғәлле өнимдарлығы есесине артады.
Халқымызда "ўақытың кетти - нақытың кетти" деген гәп бар. Дийқаншылықта ҳәр бир исти өз ўақтында ислеў жүдә әҳмийетли. Туқымды жерге егиў, суўғарыў, азықландырыў өз ўақтында болмаса, күтилген нәтийжеге ерисиў мүмкин емес. Ҳәзирги күнлерде елимизде ҳаўа температурасы күн сайын ысып бармақта. Бул болса тезирек жерге шигит қадаў кереклигин билдиреди. Ҳәр жылы тәбият түрлише келеди. Дийқанларда тап усы сәнеде шигит қадап, мине усы сәнеде зүрәәтти жыйнап алады, деген қатаң тәртип жоқ. Фермер тараўдағы билимине, жеке тәжирийбесине сүйенип мүддетлерди дурыс таңлай алыўы зәрүр.
Егинлер өнимдар, ҳәр қыйлы кеселликлерге шыдамлы болыўы туқым сортына да байланыслы. Өткен жылы тәжирийбе сыпатында 60 гектар пахта майданына жергиликли сортлар менен бирге Қытай сортларын да еккен едик. Қытай туқымы шыбын-ширкейден кемирек зыянланғанын анықладық. Тәжирийбени даўам еттирген ҳалда быйыл және еки түрли пахта сортын егип көрип атырмыз.
Ҳәр қыйлы тәжирийбелерди сынап көриў аўыл хожалығы тараўының раўажланыўына пайда келтиреди. Өнимдарлық жылдан-жылға артыўына тийкар жаратады. Жаңа инновациялық технологиялар, жаңа тәжирийбелерди қолланып, зүрәәт ҳәм дәраматын арттырыўы ушын фермерлерге барлық зәрүр шараят жаратылған. Бундай имканияттан, әлбетте, биз дийқанлар өнимли пайдаланып қалыўымыз зәрүр. Несип етсе, быйыл мәмлекетимиз басшысының исенимин ақлап, тек ғана ғәлле ҳәм пахта қырманын кеңейтиў емес, ал аграр тараўда жаңа шеклерди ийелеўди өз алдыма бирлемши мақсет етип қойғанман.
Эгамберди СОБИРОВ,
Ханқа районындағы "Султанбай Ханымжан"
фермер хожалығының баслығы, "Дўстлик" ордениниң ийеси