Сапар бағдарламасына муўапық, Ташкент қаласында жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер болып өтеди, оларда Өзбекстан менен Финляндия арасындағы көп қырлы бирге ислесиўди, бәринен бурын, сиясий, саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўларда және де кеңейтиўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылады.
Өз-ара саўда көлемин арттырыў, аўыл хожалығы, экология, химия, энергетика, санластырыў, таў-кән санааты ҳәм басқа да инновациялық тармақларда кооперацияны жолға қойыўға айрықша итибар қаратылады.
Мийнет миграциясы, мәденият, билимлендириў системасына алдынғы технологияларды енгизиў тараўларында бирге ислесиў мәселелери көрип шығылады.
Халықаралық әҳмийетке ийе актуал мәселелер, соның ишинде, көп тәреплеме структураларда өз-ара қоллап-қуўатлаў бойынша да пикир алысылады.








