"Газпром" Өзбекстанға жылына 7,7 миллиард куб метр тәбийғый газ жеткерип бериў бойынша шәртнаманы әмелге асырыўды даўам еттирмекте

    "Газпром" Өзбекстанға жылына 7,7 миллиард куб метр тәбийғый газ жеткерип бериў бойынша шәртнаманы әмелге асырыўды даўам еттирмекте, бунда жеткерип бериў көлемин, соның ишинде, суйылтырылған газди көбейтиў бойынша үлкен перспективалар бар.

    Бул ҳаққында Россия Федерациясы бас министриниң орынбасары Александр Новак Өзбекстан энергетика министри Жўрабек Мирзамаҳмудов пенен газ, нефть, атом тараўларында бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелери додаланған ушырасыў жуўмақлары бойынша Россия Федерациясы ҳүкимети баспасөз хызметиниң хабарында айтылды.

    2024-жылы Өзбекстанға 233,5 мың тонна Россия нефти жеткерип берилген. Мәмлекетлердиң нефть-газ компаниялары Өзбекстанда қазып алыныўы қыйын болған кәнлерди өзлестириў бойынша бирге ислесиў имканиятларын көрип шықпақта, делинеди interfax.ru хабарында.

    Алдынырақ Қазақстан тутыныўшыларына автотранспортта Россия суйылтырылған газ жеткерип бериў әмелияты ҳаққында хабар берилген еди.

    Ҳүкиметтиң мәлим етиўинше, Новак Тәжикстан энергетика ҳәм суў ресурслары министри Далер Жума менен нефть ҳәм электр энергетикасы тараўларындағы бирге ислесиўди додалады. "Россия Тәжикстанға нефть өнимлериниң тийкарғы жеткерип бериўшиси болып, республиканың ишки тутыныўының дерлик 90 процентин тәмийинлейди. Тәжикстан аймағында нефть кәнлерин өзлестириў бойынша биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў мәселесин додалаў даўам етпекте. Кейинги ўақытта "Сангтуда ГЭС-1" акционерлик жәмийети қоспа кәрханасының жумысына байланыслы мәселелерди шешиўде сезилерли илгерилеўге ерисилди, деп атап өтеди баспасөз хызмети.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates