Нәсиллик кеселликлер ҳәм туўма нуқсанлардың жоқары қәўипи;

Жақын туўысқанлар арасындағы некелерде ата-аналардың генетик материалларының уқсаслығы бирқанша жоқары болады, бул болса жасырын (рецессив) кеселликлердиң пайда болыўын асырады. Илимий изертлеўлердиң көрсетиўинше, улыўма популяцияда туўма нуқсанлар қәўпи шама менен 2-3 процентти қураса, туўысқанлар арасындағы некелерде бул көрсеткиш 4-6 процентке жетеди, яғный дерлик еки есеге артады.

Сондай-ақ, айырым изертлеўлерде туўма аномалиялар туўысқанлар некесинен туўылған балаларда 2,8% ҳәм туўысқан болмаған адамлар некесинен туўылған балаларда тек 0,9% жағдайда ушырасатуғыны атап өтилген. Генетикалық жақтан биринши дәрежели туўысқанларда генлердиң уқсаслығы шама менен 12,5% ти қурайды, бул кеселликлерди келтирип шығарыўшы генлердиң комбинацияланыў итималын сезилерли дәрежеде асырады.

Нәтийжеде бундай некеден туўылған балаларда нәсиллик қан кеселликлери, зат алмасыўының бузылыўы, нерв системасының аномалиялары көбирек ушырасатуғыны илимий мағлыўматлар менен тастыйықланады.

Майыплық ҳәм раўажланыўдың кешигиўи

Генетикалық уқсаслықтың жоқары дәрежеси тек ғана конкрет нәсиллик кеселликлерге емес, ал баланың улыўма раўажланыў процесине де тәсир көрсетеди. Изертлеўлердиң көрсетиўинше, туўысқанлар арасындағы некеден туўылған балаларда физикалық ҳәм ақылый раўажланыўдан артта қалыў жағдайлары 1,5-2 есеге көбирек ушырасады. Айырым эпидемиологиялық бақлаўларға қарағанда, бундай некелерде балалар өлими ҳәм майыплығы қәўпи 3-4 процентке жоқары болыўы мүмкин, улыўма популяцияда болса бул көрсеткиш 1-2 процентке баҳаланады.

Сондай-ақ, туўысқанлардың некесинде еситиў ҳәм көриў қәбилети бузылған балалардың туўылыў итималы 2 есеге артатуғыны атап өтилген. Иммунитетиниң төменлеўи, тез-тез кесел болып турыўы да бундай некеден туўылған перзентлерде көбирек ушырасатуғынын илимий бақлаўлар да тастыйықлайды.

Қәнигелер бул машқалаға тек ғана медициналық емес, ал социаллық ҳәм ағартыўшылық көзқарастан да қатнас жасаў зәрүрлигин атап өтпекте. Некеден алдынғы медициналық-генетикалық мәсләҳәтлесиў (генетикалық скрининг), халықтың хабардарлығын арттырыў ҳәм профилактикалық илажларды күшейтиў унамсыз ақыбетлер қәўпин азайтыўға жәрдем береди.