Бул ҳаққында "Ватанпарвар" шөлкеминиң баспасөз хызмети хабар берди.

Атап өтилиўинше, Германия Федеративлик Республикасының «SBH WEST GmbH» билимлендириў ҳәм өнерментшилик қоры, Министрлер Кабинети жанындағы Миграция агентлиги ҳәм "Ватанпарвар" шөлкеми Орайлық кеңеси арасында Түсинисиў меморандумына қол қойылды.

Миграция агентлигинде өткен илажда «SBH WEST GmbH» фондының басқарыўшы директоры Петер Ниэманн, Миграция агентлиги директорының орынбасары Матлаб Куранов ҳәм "Ватанпарвар" шөлкеми Орайлық кеңесиниң баслығы Ҳусан Ботиров тәрепинен қол қойылған үш тәреплеме меморандумның мақсети Өзбекстанда Европа Аўқамының стандартларына муўапық жүк ҳәм жолаўшы тасыў бойынша профессионал айдаўшылар таярланып, олардың Германия мийнет базарында ўақтынша жумыс алып барыўын тәмийинлеўден ибарат.

Меморандум шәртлерине бола, Германияда жумыс ислеў тилегинде болған өзбекстанлы пуқаралар "Ватанпарвар" шөлкеминиң оқыў орынларында жүк ҳәм жолаўшы тасыўшылық айдаўшылығы бойынша оқытылады. Айдаўшылық гүўалығын қолға киргизген талабанларды «SBH WEST GmbH» қоры тәрепинен таңланған ўәкиллер ҳәм жумыс бериўши компаниялар әмелий имтиханнан өткереди. Имтиханнан табыслы өткен айдаўшыларға тийисли сертификатлар тапсырылады. Талабанлардан немис тилин сөйлесе алатуғын дәрежеде билиўи талап етиледи.

Буннан бир неше күн бурын «SBH WEST GmbH» билимлендириў ҳәм өнерментшилик фондының басқарыўшы директоры Петер Ниэманн басшылығындағы делегация Әндижан ўәлаятының Бостан районында болып, ол жерде жайласқан "Ватанпарвар" шөлкеми Оқыў спорт техникасы клубының автомототранспорт қураллары айдаўшыларын таярлаў курсының оқыў материаллық-техникалық тийкары менен танысқан ҳәм кейинги күни шөлкем Орайлық кеңестиң баслығы Ҳусан Батиров пенен ушырасты.

Еслетип өтемиз, 2023-жылдың сентябрь айында "Ватанпарвар" шөлкеми Орайлық кеңеси ҳәм Сыртқы мийнет миграциясы агентлиги арасында бирге ислесиў меморандумына қол қойылған болып, бул меморандумның тийкарғы мақсети сырт елде ўақтынша мийнет етиўди әмелге асырыў тилегинде болған мәмлекетимиз пуқараларын шәртнама тийкарында сырт ел мийнет базарында талап етилетуғын қәнигеликлер бойынша оқытыў болып есапланады.