Өзбекстан СИМ басшысы ЭБШ Сыртқы ислер министрлери кеңесиниң мәжилисинде қатнасты

    Бүгин, 28-ноябрь күни Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидов Экономикалық бирге ислесиў шөлкеми Сыртқы ислер министрлери кеңесиниң мәжилисинде қатнасты.

    Мәжилис күн тәртиби кең көлемли болып, нәтийжели регионаллық бирге ислесиўдиң көплеген әҳмийетли бағдарларын - "жасыл" энергетиканы раўажландырыўдан баслап қатнасыўшы мәмлекетлердиң өз-ара байланыслылығын арттырыўға шекемги мәселелерди қамтып алды.

    "Ҳәммемиз бир мақсет - халықларымыздың абаданлығын арттырыў ҳәм турақлы раўажланыўды тәмийинлеўди гөзлеймиз.

    Кең регионымызда да, оның сыртында да жедел өзгерислердиң гүўасы болмақтамыз. Енди мәмлекетлеримиздиң бизнес жәмийетшилиги арасында нәтийжели бирге ислесиў ушын және де жақсы шараятлар жаратыў мақсетинде ҳәрекетлеримизди бирлестириў ўақты келди", - деп атап өтти Бахтиёр Саидов.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates