Инсаният раўажланыўы тарийхына нәзер тасласақ, ҳәр бир цивилизацияның қүдирети оның материаллық байлықларына емес, ал усы байлықларды аңлаў, қайта ашыў ҳәм олар арқалы жаңа ойлап табыў жаратыў қәбилетине байланыслы болғанын көремиз. Тәбият инсанға берген байлықлар арасында айырым ресурслар бар, олар тек санаат ямаса экономика ушын емес, ал инсанияттың келешегине тәсир етеди. Вольфрам мине усындай жаңа дәўир ресурсларынан.
Бүгин дүньяда санаат тек ғана металлға емес, ал инновацияға, интеллектуаллық потенциалға сүйене баслады. Вольфрамның физикалық күшке ийе металл сыпатындағы баҳасы - ҳақыйқый қүдиретиниң бир бөлеги ғана. Оның тийкарғы әҳмийети адамзаттың жоқары температура ҳәм үлкен басымға шыдамлы материал жаратыў арқалы тәбият нызамлықларын және де терең түсиниўге умтылыўында көринеди. Усы мәнисте вольфрам технологияның емес, ал ақылдың беккемлигин де билдиретуғын белги есапланады.
Глобаллық экономикада вольфрамның "энергия валютасы" сыпатында қәдирленип атырғаны дүнья жаңа тәртипке, жаңа логикаға сүйенип қәдем қойып атырғанын аңлатады. Бүгин энергетика, авиация, машина қурылысы, космослық технологиялар ҳәм жасыл инновациялар өз-ара байланысқан үлкен системаға айланды. Бул системада ким ресурсқа ийе болса емес, бәлки оннан турақлы ҳәм илимий билимге тийкарланган тәризде пайдалана алса, сол үстинликке ериседи.
Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен қурылған Өзбекстан технологиялық металлар комбинаты тек ғана санаат кәрханасы емес, ал ресурслардың жаңа көринисте қайта ашылыўы ҳәм елимиз келешегин технологиялық руўхта жаңадан қурыўға умтылыстың әмелий көриниси болып есапланады. Комбинат бүгин вольфрам ислеп шығарыў тараўында алдыңғы технологиялар ҳәм интеграцияласқан өндирис моделлери арқалы мәмлекетимиздиң глобал вольфрам майданында исенимли шерик сыпатындағы позициясын беккемлеўге қаратылған комплексли жойбарларды әмелге асырмақта.
Атап айтқанда, быйыл Технологиялық металлар комбинаты (ТМК) Орайлық Азияда биринши болып Халықаралық вольфрам санааты ассоциациясына толық ҳуқықлы ағза сыпатында қабыл етилди. Бул ағзалық мәмлекетимиздиң глобал техносаўда аймағында өз сөзи, абырайы ҳәм жуўапкершилигине ийе субъектке айланып баратырғанын аңлатады. Себеби, ҳәр қандай ресурсқа ийелик етиўден гөре, оннан дурыс, илимий ҳәм жәҳән тәртибине сәйкес түрде пайдалана билиў жаңа дәўир цивилизациясының тийкарғы өлшеми болып есапланады.
Комбинаттың бүгинги жумысы вольфрам шынжырының барлық басқышын - (upstream), мидстреам (midstream) ҳәм даунстрим (downstream) процесин қамтып алған жетик экосистема сыпатында қәлиплеспекте. Бул жантасыў тек санаат стратегиясы емес, ал ресурсты шийки заттан қунға, қуннан болса стратегиялық үстинликке айландыра алатуғын жаңа экономикалық ойлаўдың көриниси есапланады.
Апстрим (жоқары) басқышы шеңберинде комбинат мәмлекеттиң Сарыкөл, Ингишке ҳәм Саутбай аймақларында кең көлемли излеў ҳәм өзлестириў жумысларын орынламақта. Сарыкөл кәниниң өзлестирилиўи, әсиресе, айрықша мазмунға ийе: улыўма санаат резервлериниң перспективасы менен есаплағанда, 30 мың тоннадан аслам вольфрам металлы мәмлекеттиң технологиялық келешегин белгилейди. Бул жерде қурылып атырған өндирис комплекси жылына 1 миллион тонна руданы қайта ислеў қуўатлылығына ийе болады ҳәм халықаралық талапларға жуўап беретуғын 65 процентли вольфрам концентраты ислеп шығарылады. Бул болса санаат көрсеткиши емес, ал елимиздиң инновациялық қүдиретиниң әмелий көриниси болып есапланады.
Технологиялық металлар комбинаты бул жойбар арқалы тек ғана металл емес, ал инсан капиталын да жаратыўға әҳмийет қаратпақта: 400 ден аслам қәниге ҳәм жергиликли халық ўәкиллери ушын турақлы жумыс орынлары ашылыўы режелестирилген. Себеби ресурсты раўажландырыў инсанды раўажландырыўдан басланады.
Ингишке кәниндеги модернизация процеси де бул ҳәрекетлерди тастыйықлайды. Қытайдың “Xinhai” ҳәм “Red Persimmon” компаниялары менен биргеликтеги жойбарлар нәтийжесинде қайта ислеў көлеми бир неше есеге арттырылмақта. Соның ишинде, вольфрам концентратын дәслеп 300 тоннадан 1050 тоннаға, кейин ала болса 5040 тоннаға шекем жеткериў нәзерде тутылған. Бул экономикалық өсиў исеним, тәжирийбе ҳәм халықаралық технологиялық үйлесимлиликтиң жемиси болып есапланады.
Биргеликтеги барлық жумыслардың орайында бир идея жатады: тәбийғый ресурсқа ийелик етиў менен бирге оны дурыс бағдарлаў ҳәм терең қайта ислеў. Сырт елли шериклер менен биргеликте алынып атырған вольфрам концентраты мине усы логика тийкарында комбинатқа жеткерип берилип, металл вольфрам ислеп шығарыўдың ключ басқышына бағдарланады. Бул процесте шийки зат өз қунын, металл мәнисин табады.
Соның менен бирге, комбинат шийки зат дәреклери менен шекленип қалмастан, келешекти де излемекте: Тамшалы ҳәм Қарақия сыяқлы перспективалы майданларда халықаралық стандартларға муўапық геологиялық излеўлер алып барылмақта. Наўайыдағы Саритау, Самарқандтағы Хожадық, Яхтан, Камангаран ҳәм Қашқадәрьядағы Гуссай сыяқлы аймақларда излениўлердиң избе-из даўам етиўи мәмлекеттиң техноэкономикалық келешегин аңлаў жолындағы ҳәрекетлер болып есапланады.
Мидстрим (орта) басқыши болса вольфрам шынжырын толық жабыўға хызмет етеди. Самарқанд ўәлаятында қурылыўы нәзерде тутылған гидрометаллургия цехы - санаат объекти Өзбекстанда технологиялық металларды толық қайта ислеў мәдениятын қәлиплестириўши мектеп ўазыйпасын атқарады. Канада, Австралия, Финляндия ҳәм Түркияның жетекши инжиниринг компаниялары менен бирге ислесиў ТМКның бир мақсетке - жергиликли имканиятларды жәҳән тәжирийбеси менен үйлестирген ҳалда турақлы қун жаратыўға хызмет етеди. Жойбар толық иске қосылғаннан соң, 2027-жылы 5000 тонна, 2029-жылдан 10 мың тонна, 2030-жылдан болса 15 мың тонна концентрат қайта исленеди.
Шынжырдың ең жоқары ноқаты - даунстрим басқышы. Бунда металл өзиниң ең жоқары қәдирин табады: шийки заттан өнимге, өнимнен болса миллий қунлылыққа айланади. Комбинат бул басқышта “Made in Uzbekistan” санаат брендин критикалық минераллар тараўында жәҳән майданында беккемлеўге умтылмақта. Бүгин бул жерде вольфрам брикетлери ҳәм штабиклери, карбид тийкарындағы волонкалар, қатты араласпалы фрезалар, бурғылар, электродлар, бураўлаў әсбаплары ҳәм коронкалар ислеп шығарылмақта.
Комбинат өндирис процесин санластырыў, автоматластырыў, энергия үнемлеўши ҳәм экологиялық қәўипсиз технологиялардан пайдаланыў, ESG ҳәм IRMA стандартларын енгизиў менен санаатты металл ислеп шығарыўдан келешек жаратыў дәрежесине алып шықпақта.
Бүгин Өзбекстанда ислеп шығарылып атырған жоқары қосымша қунлы вольфрам өнимлери жергиликли санааттың раўажланыўының көриниси болыў менен бирге мәмлекеттиң технологиялық потенциалын дүньяға көрсетиўши стратегиялық белги болып есапланады. Европа ҳәм АҚШтың абырайлы компанияларына жеткерип берилип атырған өнимлер - миллий исеним ҳәм халықаралық тән алыў жемиси. Соның менен бирге, Япония ҳәм Қубла Корея сыяқлы технологиялық орайлар менен бирге ислесиў кеңейип атырғаны Өзбекстанның жәҳән базарындағы қатнасыўын географиялық емес, интеллектуаллық көлемде де көрсетеди.
Жаңа санаат жойбарларының иске қосылыўы нәтийжесинде жүзеге келетуғын өсиў динамикасы - әпиўайы статистика емес, ал структуралық экономикалық өсиўдиң белгиси. Шийки зат бағдарында вольфрам концентраты ислеп шығарыўдың 300 тоннадан 14 мың 950 тоннаға шекем, яғный 50 есеге өсиўи, қайта ислеўде ангидрид көлеминиң 76 тоннадан 4860 тоннаға, таяр өнимде болса металл көлеминиң 58 тоннадан 1860 тоннаға шекем көтерилиўи миллий санаат жаңа басқышқа шығып атырғанын аңлатады.
Бул жойбарлардың экономикалық нәтийжеси де жоқары: инвестиция баҳасы 103,9 миллион доллар, өним ислеп шығарыў көлеми 5,5 миллион доллардан 280 миллион долларға шекем, экспорт потенциалы болса 2,4 миллион доллардан 181,5 миллион долларға шекем өсиўи күтилмекте. Ең әҳмийетлиси, 5000 нан аслам жаңа жумыс орны ашылады.
Өзбекстан глобал вольфрам базарындағы орнын пүткиллей жаңа дәрежеге алып шықпақта. 2030-жылға барып мәмлекеттиң резервлер бойынша үлеси 2 проценттен 5,1 процентке, қазып алыў бойынша 0,05 проценттен 14,8 процентке артыўы күтилмекте. Бул болса мәмлекетимиздиң бул тараўда тек ғана қатнасыўшы емес, ал тренд белгилей алатуғын күшке айланып атырғанын көрсетеди.
Бүгин дүнья күшли вольфрам тәмийнаты шынжырында турақлы, исенимли ҳәм ашық дәреклерди излемекте. Бул излениўлердиң тийкарында бир ҳақыйқат жатады: жоқары технологиялар тек ғана сапалы ресурсқа емес, ал болжаўшы, жуўапкершиликли ҳәм турақлы шериклерге сүйенеди. Президентимиздиң узақты көре билетуғын стратегиялық сиясаты себепли болса Өзбекстан бул талапты қанаатландыра алатуғын мәмлекетке айланбақта.
Усы процессте Технологиялық металлар комбинаты глобал вольфрам тәмийнаты шынжырын толтырыўшы емес, ал оны жаңадан қәлиплестириўши күш. Комбинат өз жойбарлары арқалы Өзбекстанның дүнья санаатындағы абырайын беккемлеп, мәмлекетти исенимли бирге ислесиўши, турақлы өним жеткерип бериўши ҳәм стратегиялық көрсеткишлер бойынша жетекши мәмлекетлер қатарына алып шығыўды мақсет еткен.
Сардор ТОЛЛИБОЕВ,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы




