Сыртқы ислер министрлигиниң мәлим етиўинше, региондағы жағдайдың кескинлесиўи ҳәм ҳаўа кеңислигинен пайдаланыўға ўақытша шеклеўлердиң киргизилиўи мүнәсибети менен халықаралық авиақатнаўлардың ҳәрекети сезилерли дәрежеде өзгермекте. Пуқаралар рейслердиң бийкар етилиўи ямаса кешиктирилиўи, транзит жөнелислериниң жабылыўы ҳәм басқа да шөлкемлестириўшилик қыйыншылықларға дус келиўи мүмкин.
Пуқаралардың қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў мақсетинде жағдай жақсыланбағанша Жақын Шығыс бағдарындағы барлық сапарлардан ўаз кешиў усыныс етиледи.
Сырт елдеги ўатанласларымыздан:
тынышлық ҳәм сергекликти сақлаў;
адамлар көп жыйналатуғын орынлардан қашыў;
жергиликли нызам ҳәм қағыйдаларға қатаң әмел етиў соралады.
Өзбекстан Республикасының дипломатиялық ҳәм консуллық ўәкилханалары менен турақлы байланыста болыў.
Өзбекстан Сыртқы ислер министрлиги сапарларды режелестириўде тек ғана рәсмий мағлыўматларға итибар қаратыўды ҳәм зәрүр қәўипсизлик илажларына әмел етиўди қатаң усыныс етеди.