Көкирек белгиси менен бул тараўға пидайы болған шахслар, биринши гезекте, жаслар сыйлықланады.
Көкирек белгиси менен сыйлықлаў ушын талабанлардың дизими Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Нәшебентлик затлар ҳәм оқ атыў қуралларын қадағалаў агентлигине ҳәр жылы 1-майға шекем усынылады.
Көкирек белгиси, әдетте, ҳәр жылы 26-июнь - Халықаралық нәшебентлик қуралларын пайдаланыўға ҳәм олардың нызамсыз айланысына қарсы гүресиў күни алдынан салтанатлы жағдайда тапсырылады.
Көкирек белгиси менен шахс бир мәрте сыйлықланады.
Көкирек белгиси мәмлекетлик сыйлықлардан кейин көкиректиң шеп тәрепине тағылады.








