Тәреплер турақлы аўыл хожалығы, илимий изертлеўлер ҳәм инновациялық шешимлерди енгизиў тараўында биргеликтеги жумыслардың перспективаларын додалады.

Университет негизинде турақлы аўыл хожалығы, азық-аўқат қәўипсизлиги ҳәм биотехнологиялар тараўында жоқары потенциалға ийе болған спирулина микро суў отын жетистириў ҳәм оны изертлеў бойынша қәнигелестирилген лабораторияны шөлкемлестириў бирге ислесиўдиң әҳмийетли бағдары болады.

Жойбар Қарақалпақстан Республикасының деградацияға ушыраған жерлеринде турақлы агроөндирис системаларын раўажландырыў басламасы шеңберинде әмелге асырылмақта, бул жерлерде топырақты тиклеў ҳәм ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў мәселелери айрықша әҳмийетке ийе.

Сөйлесиўлер ўақтында тәреплер лабораторияны заманагөй илимий инфраструктура тийкарында шөлкемлестириў, халықаралық бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм изертлеўлерге инновациялық қатнасларды енгизиў мәселелерин додалады. Лабораторияны ICBA жәрдеминде грант тийкарында тартылатуғын алдынғы үскенелер менен тәмийинлеў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Бул жойбардың әмелге асырылыўы аймақлардың экологиялық турақлылығын тәмийинлеў, мәмлекеттиң илимий потенциалын раўажландырыў ҳәм жаңа әўлад маман қәнигелерин таярлаўға әҳмийетли үлес қосыўы күтилмекте. Буннан тысқары, ICBA менен бирге ислесиў Өзбекстан илимий орталығын глобал изертлеў тармақларына интеграциялаў ҳәм алдыңғы экологиялық шешимлерди әмелиятқа енгизиўди жеделлестириў имканиятын береди.