Орайлық Азия үлкен суўлы-батпақлы жерлер ҳәм дәрьялардан баслап таў экосистемалары ҳәм қурғақшыл тегисликлерге шекемги бийбаҳа тәбийғый ресурсларға ийе. Бул тәбийғый комплекслер 84 миллионнан аслам халықтың турмыслық ресурслары - суў, азық-аўқат ҳәм дәрамат пенен тәмийинлемекте. Бирақ кейинги он жыллықларда регион суў ресурсларынан ҳәдден тыс пайдаланыў, жерлердиң деградациясы ҳәм климат өзгериўи ақыбетлерин өз ишине алған үлкен екологиялық қәўип-қәтерлерге дус келди.
Бул қәўип-қәтерлерге жуўап ретинде Өзбекстан, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан ҳәм Түркменстан Central Asia Water and Land Nexus (CAWLN) бағдарламасы шеңберинде ҳәрекетлерди бирлестирди. Бул баслама бюджети 30 миллион доллар болған Глобал экологиялық қор ҳәм БМШтың Азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы шөлкеми (ФАО) жәрдеминде әмелге асырылмақта.
Бағдарлама суў ҳәм жер ресурсларын комплексли басқарыў, соның ишинде, аўыл хожалығы жерлерин қайта тиклеў, шөллениўге қарсы гүресиў, тоғайлар ҳәм биологиялық көп түрлиликти сақлап қалыў, сондай-ақ, климат өзгерислерине шыдамлылықты арттырыўға қаратылған. Аймақ ушын тийкарғы суў дәреклери болған Әмиўдәрья ҳәм Сырдәрья бассейнлерине айрықша итибар қаратылмақта, халықтың дерлик 80 проценти усы дәрьяларға байланыслы.
Соңғы бир ярым әсир даўамында суў ресурсларынан, әсиресе, суўғарыў ушын интенсив пайдаланыў, сондай-ақ, жаўын-шашын муғдарының азайыўы усы дәряларда суў көлеминиң сезилерли дәрежеде азайыўына алып келди. Бул болса, өз гезегинде, Арал теңизиниң экологиялық апатшылығының себеплеринен бирине айланып, оның көлеми дәслепки көлеминен 10 процентке шекем қысқарған.
Экосистемалардың деградациясы ҳәзирги ўақыттың өзинде аймақтың биологиялық көп түрлилигине үлкен тәсир көрсетпекте: бир қатар сийрек ушырасатуғын түрлер, соның ишинде, ақ бас саўсақ ҳәм Әмиўдәрья жалған қалақбасы жоғалып кетиў қәўпи астында. Соның менен бирге, шөллениў күшейип, аўыл хожалығы, турмыс дәрежеси ҳәм экономикаға унамсыз тәсир етпекте. Экспертлердиң есап-санақларына бола, жерлердиң деградациясы, тоғайлардың кесилиўи ҳәм басқа да себеплерден көрилетуғын жыллық экономикалық зыян 6 миллиард долларды қурамақта.
Жаңа баслама шеңберинде суў ресурслары, аўыл хожалығы ҳәм экосистемаларды өз-ара байланысқан ҳалда басқарыўды нәзерде тутатуғын "нексус-жантасыў" қолланылады. Сондай-ақ, бағдарламада трансшегаралық қарым-қатнасты раўажландырыў, нормативлик-ҳуқықый базаны жетилистириў, мониторингтиң заманагөй технологияларын, соның ишинде, жасалма жолдас системаларын ҳәм тәбийғый қәўип-қәтерлер ҳаққында ерте ескертиў системаларын енгизиў нәзерде тутылған.
Регионаллық және миллий жойбарлар режелестирилген. Соның ишинде, Арал теңизи бассейнинде агро тоғайшылық ҳәм жерлерди турақлы басқарыў бойынша тәжирийбе басламалары әмелге асырылады, билим алмасыў ҳәм экологиялық хабардарлықты, соның ишинде, жаслар арасында арттырыў платформалары шөлкемлестириледи.
Бағдарламаның әмелге асырылыўы деградацияға ушыраған ландшафтларды тиклеў, суў ресурсларынан пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў ҳәм азық-аўқат қәўипсизлигин беккемлеў, регионның турақлы раўажланыўын ҳәм миллионлаған адамлардың турмыс сапасын жақсылаў имканиятын беретуғыны күтилмекте.