Илажда дипломатиялық корпус, халықаралық шөлкемлер ҳәм қаржы институтлары, соның ишинде, Бирлескен Миллетлер Шөлкеми, ЮНЕСКО, ЮНИСЕФ, Халықаралық миграция шөлкеми, Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки, Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми, Жәҳән банки, ЕҚБШ, Тәбиятты қорғаў халықаралық аўқамы ҳәм GIZ ўәкиллери қатнасты.
Презентацияда шығып сөйлеген Өзбекстан Президентиниң кеңесгөйи, комитет баслығы Азиз Абдуҳакимов елимизде қоршаған орталықты қорғаў ҳәм "жасыл" экономиканы раўажландырыў тараўындағы реформалар жедел әмелге асырылып атырғанын атап өтти. Атап айтқанда, тоғайларды көбейтиў, ҳаўаның патасланыўын азайтыў, шығындыларды басқарыў ҳәм биокөптүрлиликти сақлаў бойынша кең көлемли бағдарламалар ҳаққында сөз бармақта.
Оның атап өтиўинше, "Eco Expo Central Asia 2026" турақлы раўажланыў тараўындағы шешимлерди алға қойыў мақсетинде бизнес, мәмлекетлик структуралар ҳәм инвесторларды бирлестириў ушын халықаралық платформа болады.
Көргизбеде 80 нен аслам мәмлекет ўәкиллери, 10 мыңнан аслам қатнасыўшы ҳәм 500 ге шамалас экспоненттиң қатнасыўы режелестирилген. Илаж шеңберинде В2В ҳәм В2G форматларында 2 мыңнан аслам ушырасыў өткерилиўи режелестирилген.
Көргизбе "жасыл" күн тәртибиниң тийкарғы бағдарларын, соның ишинде, төмендегилерди қамтып алады:
қайта тикленетуғын энергетика
суўды үнемлеў
"жасыл" қалаларды раўажландырыў
турақлы аўыл хожалығы
шығындыларды басқарыў ҳәм экологиялық инновациялар
Атап өтилиўинше, илаж инвестицияларды тартыў, халықаралық бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм экологиялық технологияларды алға қойыў ушын қосымша имканиятлар жаратады.
Мағлыўмат ушын, "Eco Expo Central Asia" биринши көргизбеси 2025-жылы Ташкентте болып өткен ҳәм 3000 ға шамалас қатнасыўшыны жәмлеген еди. Оның жуўмағында 120 дан аслам келисимге қол қойылды.
2026-жылы көргизбе 31-май - 5-июнь күнлери Самарқандта болып өтеди ҳәм Глобал экологиялық қорының VIII Ассамблеясы менен бир ўақытта өткериледи, бул оның халықаралық әҳмийетин арттырады.
Шөлкемлестириўшилердиң атап өтиўинше, сырт елли шериклердиң кеңнен қатнасыўы Орайлық Азияда турақлы келешекти қәлиплестириўде әҳмийетли фактор болады.