Бул ҳаққында Reuters хабар бермекте.

Атап өтилиўинше, БМШ басшысы Антониу Гутерриш шөлкем июль айында қаржысыз қалыўы мүмкин екенлигинен ескерткен.

Кризиске айырым мәмлекетлер тәрепинен төлемлерди төлемеў ҳәм шөлкемге сарыпланған қаржыларды қайтарыў миннетлемесин жүклейтуғын ишки бюджет қағыйдасы себеп болған. БМШ 2025-жылды ағза мәмлекетлер тәрепинен 1,6 млрд доллар қарыз бенен жуўмақлады ҳәм 2027-жылы шөлкем әмелде жоқ болған 1,3 млрд долларлық пайдаланылмаған қаржыны қайтарыўға мәжбүр болады.

ҒХҚның жазыўынша, буған биринши гезекте АҚШ тәрепинен төлемлер бойынша рекорд дәрежедеги қарыздарлықлар себеп болған. Ҳәзирги ўақытта Вашингтон БМШтың турақлы бюджети ҳәм тынышлықты сақлаў миссияларына 4,5 миллиард доллардан аслам қарыздар болып тур.