Гүз-қыс мәўсими бир миллионнан артық жәрдемге мүтәж шаңараққа материаллық жәрдем берилмекте

    "Ҳайт" деген түйеге мәдет. Бул сөздиң мәниси узақ мәнзилге нәзер таслаған кәрўанның аўыр жүк артылған түйелерине шөлдеги төбеликлерден асып өтиўинде "ҳайт" деп жибериў, яғный алға ийтермелеўдиң өзи де үлкен мәдет болатуғынын билдиреди.

    Өзбекстан социаллық-экономикалық, сиясий, улыўма, барлық бағдарларда жоқары турақлы раўажланыў, 38 миллионнан аслам халықтың абадан турмысы, айдын келешеги жолында жедел баратырған кәрўанға уқсайды. Әлбетте, бул жолды басып өтиў аңсат болмайды. Оның өзине жараса ойлы-бәлентлери бар. Ал кәрўанның өзгермейтуғын қағыйдасы - оның ҳеш бир ағзасы артта қалып кетпеўи керек. Ҳәмме бирдей нурлы мәнзилге қәдем қойыўы зәрүр.

    Соның ушын да мәмлекетимизде кәмбағаллыққа түсип қалған, көп балалы шаңарақларды социаллық қоллап-қуўатлаў, майыплығы бар, бағыўшысын жоғалтқан шахсларға түрли жеңиллик ҳәм қолайлықлар жаратыўға айрықша итибар қаратылмақта. Соның ишинде, "Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай" бағдарламасы шеңбериндеги жойбар ҳәм басламалар мине усы мақсетке хызмет етпекте.

    Әсиресе, социаллық-экономикалық тараўлардың бәсекиге шыдамлылығын арттырыў, барлық бағдарда базар принциплерин әмелиятқа енгизиў процесинде бундай шаңарақларды қоллап-қуўатлаў зәрүрликке айланбақта. Мысал ушын, Өзбекстанда кейинги жыллары жанылғы-энергетика тармағын реформалаў жолында тариф сиясаты және де жетилистирилмекте.

    Әлбетте, бул өзгерислер ҳәм жаңаланыўлар халықты үзликсиз энергия ресурслары менен тәмийинлеў және тармақтағы кемшиликлерди дурыслаў, зәрүр модернизация жумысларын орынлаў мақсетинде исленбекте. Қысқасы, барлық реформалар тийкарында халықтың абаданлығын арттырыў, жасаў шараятын және де жақсылаў мақсети жәмленген.

    Президентимиздиң 2025-жыл 2-апрельдеги "Жанылғы-энергетика тараўында базар механизмлерин енгизиўде жәрдемге мүтәж халықты мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўдың қосымша илажлары ҳаққында"ғы қарарында жанылғы-энергетика тараўын заман талаплары тийкарында раўажландырыў менен бир қатарда, социаллық жәрдемге мүтәж халықты қоллап-қуўатлаў ўазыйпасы белгиленген. Басқаша етип айтқанда, бул қарар еки әҳмийетли тийкарғы бағдарды үйлестирип тур.

    Бир тәрептен ҳүжжетте белгиленген ўазыйпалар тармақта базар механизмлерин енгизиў, нәтийжелилик ҳәм бәсекини арттырыў арқалы пүткил экономика ушын турақлы мәплерди тәмийинлеўге қаратылған.

    Екинши тәрептен болса, бул процессте социаллық әдиллик нормалары қатаң сақланып, халықтың, әсиресе, жәрдемге мүтәж қатламлардың мәпи қорғалған.

    Усы жыл 1-майдан 2027-жыл 1-апрельге шекем халықтың ең жәрдемге мүтәж қатламларын қоллап-қуўатлаў бойынша жаңа жойбарлар әмелиятқа киргизилди. Соның ишинде, электр энергиясынан пайдаланыў бойынша - айына базалық нормадан 150 киловатт/саатқа шекем, тәбийғый газден пайдаланыў бойынша - ысытыў мәўсиминде айына 250 куб метрге шекем, қалған дәўирлерде болса 150 куб метрге шекем артықша жумсалған бөлеги ушын мәмлекет тәрепинен компенсация төлеп бериледи.

    Көз алдыңызға келтириң, нормаларға туўра келетуғын шаңарақ бир айда 350 киловатт/саат электр энергиясын жумсады. Усы жумсалыўдың 200 киловатт/сааты ушын шаңарақ өз есабынан 600 сумнан пул төлейди. Бирақ 201 ден 350 киловаттқа шекемги қосымша 150 киловатт/сааттың баҳасындағы парық мәмлекет тәрепинен қапланады.

    Бул не дегени? Шаңарақ өз тутыныўы ушын зәрүр энергиядан еркин пайдаланыўы мүмкин, бирақ артықша қәрежет аўыр жүги оның ағзаларының мойнына түспейди. Себеби мәмлекет бул жүкти өзине алып, шаңарақтың қолында қосымша қаржы қалыўына шараят жаратады. Бул пул басқа да қәрежетлер, атап айтқанда, балалардың тәлим-тәрбиясы, шараятын жақсылаў ямаса бизнес басламаларын әмелге асырыўға жумсалыўы мүмкин.

    Қарардан гөзленген мақсет базар экономикасын раўажландырыў процесинде социаллық турақлылықты ҳәм халықтың абаданлығын бирдей тәмийинлеўден ибарат. Солай етип, компенсация етилген ҳәр бир сум шаңарақлардың келешекке исенимин беккемлеўши, социаллық әдиллик ҳәм аўызбиршиликтиң тымсалы сыпатында көринбекте.

    - Президентимиздиң 2025-жыл 2-апрельдеги тийисли қарарына тийкарланып 2025-2026-жыл жылытыў мәўсиминде халықтың мүтәж қатламына усы жылы 1-ноябрьден 1 миллион сумнан бир мәртелик материаллық жәрдем төлеў басланды, - дейди Социаллық қорғаў миллий агентлигиниң бас қәнигеси Мадина Азизова. - Бул бойынша 1 миллион 162 мыңға шамалас жәрдемге мүтәж шаңарақтың дизими қәлиплестирилди. Соннан 822 мыңы "Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри" ямаса Кәмбағал шаңарақлар реестринде бар, 287 мыңы "мәҳәлле жетилиги"ниң жуўмағына бола қосымша түрде қәлиплестирилген ҳәм 53 мыңы кәмбағаллықтан шығып, жарлылық қушағына қайта түсиў итималы жоқары шаңарақлар болып есапланады.

    "Мәҳәлле жетилиги" қосымша жәрдемге мүтәж шаңарақларды қәлиплестириўде, биринши гезекте, бағыўшысын жоғалтқан 34 мың шаңарақ, басқалардың күтимине мүтәж, жалғыз баслы 7000 кексе, майыплығы бар 76 мың пуқара, шаңарақ ағзаларында аўыр кеселлиги бар 24 мың шаңараққа айрықша итибар берди. Сондай-ақ, газ тәмийнаты жоқ 2000 нан аслам көп қабатлы турақ жайда жасаўшылар ҳәм де бир квартирада үш ҳәм оннан артық шаңарақ болып жасайтуғын 26 мың шаңарақ киргизилди.

    Материаллық жәрдем пулын бериўде халық арасында тек ғана напақа ямаса пенсияға жасаўшылар, жәрдемге мүтәж ҳәм шаңарақ бағыўшысы сырт елде ислеп атырғанлардың социаллық жағдайы да есапқа алынды.

    Дизимди қәлиплестириў процесинде заманагөй технологиялар, санластырылған мағлыўматлардан өнимли пайдаланыў нәтийжесинде материаллық жәрдем шын мәнисинде мүтәжлерге жетип барыўы, әдиллик принциплери тийкарында бөлистирилиўине тийкар жаратылды. Ҳәр бир шаңарақтың мүлк жағдайы турақ жай ҳәм автотранспорт бойынша арнаўлы "скоринг" системасы арқалы баҳаланды. Нәтийжеде экономикалық турақлы, яғный өзине тоқ 99 мыңнан аслам шаңарақтың жәрдем дизимине түсип қалыўының алды алынды.

    Социаллық қорғаў миллий агентлигиниң бас қәнигесиниң түсиндириўинше, материаллық жәрдем муғдары бийкарға 1 миллион сум етип белгиленбеген. Таллаўларға бола, 2024-2025-жыл жылытыў мәўсиминде бул шаңарақлар орташа 254 киловатт электр ҳәм 514 куб тәбийғый газ пайдаланған. Тарифлердиң артыўы нәтийжесинде олардың қәрежети шама менен 815 мың сумға артады. Төлениўи нәзерде тутылған материаллық жәрдем бул қәрежетти толық қаплайды.

    Бул қарар тек ғана энергетика тараўын заманагөй базар нызамлықлары тийкарында раўажландырыўға түртки берип қоймастан, ал халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламларын қоллап-қуўатлаўдың пүткиллей жаңа системасын да қәлиплестирди. Компенсация ҳәм жеңилликлер механизми ҳәр бир шаңарақ ушын илажсыз қәрежетлерди жеңиллестирмекте. Соның менен бирге, келешек режелерине жол ашпақта. Шаңарақлардың қолында қалған қаржы олардың турмыслық әҳмийетке ийе басқа да зәрүрликлерине бағдарланып, социаллық раўажланыўдың жаңа дәреги сыпатында хызмет етпекте.

    Солай етип, энергетика тараўындағы реформалар мәмлекеттиң экономикалық қүдиретин арттырыў менен бир қатарда, халықтың абаданлығын тәмийинлеўге қаратылған әдил ҳәм адамгершиликли сиясаттың үлгиси сыпатында тарийхта қалатуғыны сөзсиз.

    Санжар ЭШМУРОДОВ,

    "Янги Ўзбекистон" хабаршысы

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates