Тек ғана Бухара, Наўайы, Қашқадәрья, Сурхандәрья ўәлаятларында айырым жерлерде ҳәм 19-февраль күни Самарқанд, Жиззақ ўәлаятларында айырым жерлерде жаўын жаўыўы мүмкин. Бул күнлерде ҳаўа температурасы дерлик өзгермейди.
Ҳәптениң екинши ярымында Өзбекстанның барлық аймақларында қурғақ ҳәм бәҳәрги жыллы ҳаўа-райы болыўы күтилмекте. Күндизги ўақытлары ҳаўаның температурасы 15-20 дәрежеге шекем жыллы болады. Бул температура март айының ақыры ҳәм апрель айының басындағы ықлым көрсеткишлерине сәйкес келеди. Ҳаўаның температурасы түнде 3-8 градус жыллы әтирапында болады.
Самал шығыстан 7-12 метр/секунд тезликте еседи, 18-февральда айырым жерлерде 13-18 метр/секундқа шекем күшейеди.
Ташкентте 17-20-февраль күнлери жаўын-шашын күтилмейди. Самал шығыстан 3-8 метр/секунд тезликте еседи. 17 - 19-февральда температура тийкарынан түнлерде 0-3 градус жыллы, күндиз күнлери 11-14 градус жыллы, 20 - 21-февральда түнлерде 2-5 градус жыллы, күндиз күнлери 15-18 градус жыллыға шекем көтериледи.