Бир ғана мысал, балалардың бақша менен қамтып алыныўы 27 проценттен 78 процентке артқаны нәтийжесинде 1 миллион ҳаял-қызлар билим алыў, кәсип-өнер үйрениў ҳәм дәрамат табыў имканиятына ийе болды.
Бул жумыслар даўам еттирилип, кәмбағал шаңарақ перзентлерин мектепке шекемги билимлендириў менен толық қамтып алыў ушын барлық шараятлар жаратылады. Бундай шаңарақлардың перзентлери ушын шет тили ҳәм кәсип-өнер үйрениўге кететуғын қәрежетлердиң 80 проценти қаплап бериледи ҳәм бул арқалы 100 мың кәмбағал шаңарақ перзентлери қамтып алынады.
Ҳәр бир кәмбағал шаңарақта кеминде 1 жоқары мағлыўматлы болыўы ушын жеңиллетилген тәлим кредити ҳәм мәмлекетлик грантлар көбейтиледи.
Халықаралық стандартлар тийкарында Кәсипке таярлаў халықаралық орайлары шөлкемлестирилип, олардың питкериўшилерине сырт елде тән алынатуғын сертификатлар бериў жолға қойылады.