баннер
26 Apr 2025
19:38

    Әскерий хызметкерлерге турақ жайды ижараға алғаны ушын төленетуғын компенсация муғдары арттырылды

    "Әскерий хызметкерлерди социаллық қорғаўдың күшейтилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң айырым қарарларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында"ғы Ҳүкимет қарары (214-санлы, 09.04.2025-ж.) қабыл етилди.

    Қарарға бола, әскерий хызметкерлерге турақ жайды ижараға алғаны (ижарада турғаны) ушын төленетуғын айлық пул компенсациясы муғдары 20 процентке арттырылды. Онда пул компенсациясы муғдарларына төмендегише өзгерис киргизилди:

    • Ташкент қаласында - БЕМниң 4,8 есесине шекем;
    • Нөкис қаласында ҳәм ўәлаятлар орайларында - БЕМның 3,6 есесине шекем;
    • республиканың басқа қалалары, район орайлары ҳәм елатлы пунктлеринде - БЕМның 2 есесине шекем.

    Сондай-ақ, 2025-жыл 1-июньнен нызамшылық ҳүжжетлерине муўапық тастыйықланатуғын ипотека кредитлерин ажыратыў көрсеткишлери тийкарында турақ жай менен тәмийинленетуғын, календарь есабында 10 жылдан артық әскерий хызметти өтеген әскерий хызметкерлерге турақ жай сатып алыў (қурыў) ушын ипотека кредитин алыўда ажыратылатуғын дәслепки төлем муғдары турақ жайдың есапланған баҳасының 35 проценти муғдарында белгиленди.

    Алдын бул муғдар ҳәмме ушын 25 процентти қураған.

    Қайтып берилмеген кредит муғдары ҳәм кредит бойынша есапланған процентлер Мәмлекетлик бюджет есабынан биринши гезекте қайтыс болған әскерий хызметкерлердиң шаңарақ ағзалары ҳәм майыплығы болған әскерий хызметкерлерди турақ жай менен тәмийинлеў, егер олар узақ мүддетли жеңиллетилген ипотека кредити тийкарында турақ жай менен тәмийинленген болса, толық қаплап бериледи.

    No date selected
    April 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech