баннер
17 Apr 2025
16:18

    Ҳаял-қызлардың ҳуқық ҳәм еркинликлери нызам қорғаўында

    Тахтакөпир районы ҳәкимлиги, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлиминиң шөлкемлестириўи менен Дәўир мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы 5-санлы мектепте «Зорлыққа қарсы 16 күн» акциясы шеңберинде район ҳаял-қызлары менен ушырасыў өткерилди.

    Ушырасыў барысында район ҳәкиминиң орынбасары Г.Сейтназарова ҳәм басқалар шығып сөйлеп, ҳаял-қызлардың шаңарақта, жәмийетте тутқан орны ҳәм олардың нызам менен қорғалатуғын ҳуқық ҳәм еркинликлери ҳаққында мағлыўматлар берилип, бул бағдарда елимизде алып барылып атырған жумыслар туўралы кең түрде айтып өтилди.

    Сондай-ақ, район аймағында жасаўшы ҳаял-қызлардың машқалалары үйренилип, оларға ҳуқықый мәсләҳәтлер берилди ҳәм өзлериниң талапшаңлығы менен көпке өрнек болып киятырған үлгили үй бийкелериниң ис-тәжирийбелери илаж қатнасыўшыларына үлги етип көрсетилди. Илажда қатнасыўшылар тәрепинен ҳаял-қызлардың нызам менен белгиленген ҳуқықлары бойынша сораўлар берилип, оларға қәнигелерден тийисли жуўаплар алды.

    Буннан соң, мәҳәлледеги белсенди ҳаял-қызлар ҳәм мектеп оқыўшылары тәрепинен шаңарақтағы зорлық-зомбылықтың келип шығыўы бойынша сахналық көринислер жыйналғанлардың нәзерине усынылып, бул илаж қатнасыўшыларында өзгеше тәсир қалдырды.

    Адилбай Оразов,

    Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.


    No date selected
    April 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech