Қарарға бола, Әлийшер Наўайы туўылғанының 584 жыллығы мүнәсибети менен Наўайы ўәлаятында 2025-жыл "Әлийшер Наўайы жылы" деп аталады.
Әлийшер Наўайының дөретиўшилик мийрасын терең үйрениў ҳәм кеңнен үгит-нәсиятлаў және Наўайы ўәлаятында "Әлийшер Наўайы жылы"н жоқары дәрежеде өткериў бойынша республикалық комиссия ҳәм илажлар бағдарламасы тастыйықланды.
Әлийшер Наўайы мийрасын үйрениў жумысларын және де жоқары басқышқа көтериў мақсетинде елимизде ҳәм сырт еллерде системалы тийкарда илимий излениўлер алып барыў ҳәм олардың нәтийжелерин жәриялаў, бул темада жаңа илимий, көркем ҳәм ғалабалық шығармалар жаратыў, сырт елдеги наўайытаныўшы илимпаз ҳәм дөретиўшилердиң шығармаларын өзбек тилинде басып шығарыў илажларын көриў Республикалық комиссияның тийкарғы ўазыйпаларынан бири етип белгиленди.
"Әлийшер Наўайы ҳәм Шығыс Ренессансы" дәстүрий халықаралық симпозиумы ҳәм Наўайы оқыўшылық илажлары жоқары дәрежеде өткериледи.
Наўайы мәмлекетлик университетинде 2025-жыл 10-15-октябрь күнлери "Әлийшер Наўайы илимий-әдебий мийрасының улыўма инсанияттың руўхый ҳәм ағартыўшылық раўажланыўындағы орны" атамасында халықаралық илимий конференция өткериледи.
"Ҳәзирети Наўайыны аңлаў - өзлигимизди аңлаў" темасында республикалық таңлаў, сондай-ақ, билимлендириў шөлкемлери ҳәм мәҳәллелерде "Наўайы оқыў кешелери" шөлкемлестириледи.